Жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Қытай Баслығы Си Цзиньпинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Ушырасыўда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық Өзбекстан менен Қытай арасындағы көп қырлы бирге ислесиў ҳәм әмелий шерикликти буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Кейинги жылларда Өзбекстан-Қытай дослық ҳәм барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми турақлы артып бармақта, экономиканың тийкарғы тармақларында жетекши компаниялардың қатнасыўындағы қоспа жойбар ҳәм кәрханалардың саны көбеймекте.
"Қытай - Қырғызстан - Өзбекстан" темир жолын қурыў жойбары бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.
Жедел аймақлараралық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыў жоқары баҳаланды. Усы жылы гезектеги Аймақлар форумы ҳәм Билимлендириў форумы болып өтеди.
Парламентлераралық ҳәм партиялараралық бирге ислесиўди, әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў, коррупцияға қарсы гүресиў, санластырыў ҳәм санаатластырыўды жеделлестириў сыяқлы тараўларда және де кеңейтиў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылды.
Жоқары ҳәм профессионал билимлендириў тараўында бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, соның ишинде, елимизде Қытайдың жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларын ашыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.