баннер
21 Mar 2025
07:44

    Май айында Самарқандта триатлон ҳәм паратриатлон бойынша Жәҳән кубоги болып өтеди

    Усы жылдың 24-25-май күнлери әййемги Самарқандта пүткил дүнья жүзинен ең күшли "Elite" спортшылары қатнасатуғын триатлон ҳәм паратриатлон бойынша Жәҳән кубоги болып өтеди.

    "Дунё" МАның хабар бериўинше, жарысты шөлкемлестириў комитетиниң мағлыўматына бола, Самарқанд 20 дан аслам мәмлекеттен келген қатнасыўшыларды қабыл етеди ҳәм жарыс даўамында спортшылар сыйлы орынлар ушын гүрес алып барады. Жарыс жеңимпазлары кейинги Олимпиада ойынларына жоллама алыў ушын рейтинг очколарын қолға киргизиўде үлкен үстинликке ийе болады.

    2024-жылы Самарқандта "World Triathlon Cup" дебюти болып өтти ҳәм сол ўақыттың өзинде Пүткил жер жүзилик триатлон халықаралық федерациясының ең жоқары баҳаларын алды, сондай-ақ, қатнасыўшылар ҳәм тамашагөйлердиң итибарына еристи.

    "World Triathlon2 Cup" шеңберинде спортшылар "Standard" аралықта беллеседи: Жүзиў - 1,5 км, велосипед басқышы - 40 км ҳәм жуўырыў басқышы - 10 км.

    "World Triathlon Para Cup"та ҳәр қыйлы категориядағы пара-атлетлер қатнасады: физикалық имканияты шекленген спортшылар (PTS2-3-4-5), майыплық арбашаларындағы спортшылар (PTWC) ҳәм көриў қәбилети әззи спортшылар өзлериниң гидлери (PTVI) менен Super Sprint аралығында: Жүзиў - 750 м, велосипед басқышы - 19 км ҳәм жуўырыў басқышы - 5 км.

    Жәҳән кубоги шеңберинде триатлон бойынша Өзбекстан ашық чемпионаты да болып өтеди ҳәм онда профессионал ҳәм ҳәўескер спортшылар қатнасады.

    "Standard" аралықта "AGE group" категориясындағы спортшылар да қатнасады.

    Жарыс региондағы ең ири дем алыў орны - "Silk Road Samarkand" заманагөй туристлик комплекси аймағында болып өтеди. Комплекс 8 заманагөй мийманхананы өз ишине алады ҳәм таңлаў қатнасыўшылары ушын эксклюзив шараятлар, соның ишинде, турақ жай ушын арнаўлы шегирмелер усынады.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech