Алдынлары информация шекленген дереклер арқалы тарқалған болса, бүгин ол үзликсиз, шегарасыз ҳәм қадағалаўсыз көриниске ийе болды. Инсан ҳәр күни мыңлап хабарлар, көринислер ҳәм пикирлер менен дусласпақта. Бул жағдай информацияның өзи қаншелли әҳмийетли екенин көрсетиў менен бирге оны аңлаў мәденияты қаншелли зәрүр екенин де көрсетпекте.

Сондай-ақ, информация тезлиги ойлаў тезлигинен алдынлап баратырған шараятта жәмийет алдында жаңа машқала пайда болды. Бул машқала информация жетиспеўшилиги менен байланыслы болмаған, керисинше, оның ҳәдден тыс көплиги менен өтетуғын қурамалылықтан келип шығады. Яғный, мине усындай шараятта информация таңлап алынбаса, талланбаса, контексттен үзип қабыл етилсе, ол раўажланыўға хызмет етпейди, ал сананы шаршатып, пикирди шалғытатуғын, сол арқалы социаллық турақсызлықты күшейтетуғын қуралға айланыў итималы жоқары.

Сонлықтан, жаңа Өзбекстанның раўажланыў жолында мәлимлеме факторына айрықша итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлық, жәмийетшилик пенен пикирлесиў, санлы хызметлер кеңейип атырған бир жағдайда мәлимлеме менен ислесиў мәденияты жәмийет турақлылығының әҳмийетли шәрти болып есапланады. Әйне усы жерде медиа саўатлылық мәселеси улыўма социаллық зәрүрлик дәрежесине көтерилген мәселе сыпатында көринеди. Бул жерде инсанды информациядан қорғаў ҳаққында сөз болмай атыр. Мәселе инсанды информация менен дурыс жасаўға үйретиў, оны саналы түрде қабыл етиў ҳәм жуўапкершилик пенен тарқатыў қәбилетин қәлиплестириў менен байланыслы.

Информация менен ислеў мәденияты белгили қағыйдалар ҳәм басқышлар тийкарында қәлиплеседи. Бул процесс тәртипсиз ямаса тосаттан болып қалса, информацияның социаллық қуны жоғалады. Сол себепли, информация менен ислеўде бир-бири менен үзликсиз байланысқан бирнеше әҳмийетли басқышлар ажыратып көрсетиледи:

- биринши басқыш - информацияны қабыл етиў. Бул жерде инсанның итибары ҳәм саналы таңлаўы үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәр қандай хабарды қабыл етиўден алдын оның дереги, ўақты ҳәм мазмуны ҳаққында ойлап көриў зәрүр. Информация ағымы ишинде таңлаў қәбилети қәлиплеспеген шахс көбинесе сезимлик басым тәсиринде қалып кетеди;

екинши басқыш - анализ процеси. Анализ информацияны жүзеки қабыллаўдан терең түсиниўге алып келеди. Бул басқышта хабар мазмуны басқа дереклер менен салыстырылады, контекст есапқа алынады, автор позициясы анықланады. Анализ процеси сын көзқарастан пикирлеўди қәлиплестиреди ҳәм саналы қарарлар қабыл етиўге тийкар жаратады;

- үшинши басқыш болса мәлимлемени тарқатыў менен байланыслы социаллық жуўапкершиликти өз ишине алады. Бүгинги күнде ҳәр бир пайдаланыўшы социаллық тармақларда өз аудиториясына ийе. Сол себепли ҳәр қандай хабарды тарқатыўдан алдын оның социаллық тәсири ҳаққында ойлаў зәрүр;

- төртинши басқыш - артықша ҳәм зыянлы мәлимлемеден саналы түрде шегиниў мәденияты. Ҳәр қандай информация пайдалы бола бермейди. Айырым хабарлар инсан руўхый жағдайына унамсыз тәсир көрсетеди, айырымлары болса сананы алжастырады. Сонлықтан, информация менен аралықты сақлай билиў, санлы орталықта өз шегарасын белгилеў медиа саўатлылықтың әҳмийетли белгиси болып есапланады.

Бул басқышлар үйлесимли түрде қәлиплескенде жәмийетте саламат мәлимлеме орталығы жүзеге келеди. Бул орталықта мәлимлеме раўажланыўға хызмет етеди, инсан санасын байытады ҳәм социаллық турақлылықты беккемлейди.

Санлы мәкан жәмийет структурасын өзгертип ғана қоймастан, шахстың социаллық ролин де жаңаша формаға келтирди. Ол инсанды тез реакцияға шақырады, бул болса пикир жетилиспестен бурын жуўмақ шығарыўға алып келеди. Бул процесте терең пикирлеў ҳәм қалыс таллаў шегинеди, нәтийжеде информация сезимли қуралға айланып, саналы таллаў екинши дәрежеге шығарылады. Манипуляция механизмлери тап усы ноқатта иске түседи. Атамалар арқалы қорқытыў, ҳәр қыйлы сүўретлеў қураллары арқалы эмоционаллық басым жаратыў, ярым ҳақыйқатлар арқалы улыўма кейпиятты бағдарлаў сыяқлы усыллар кеңнен қолланылып атырғанын ҳәммемиз көрип, бақлап атырмыз.

Өзбекстанда мәлимлеме мәканы соңғы жылларда сезилерли дәрежеде кеңейди. Санлы платформалардың саны артты, социаллық тармақлардан пайдаланыў күнделикли турмыстың ажыралмас бөлегине айланды, мәлимлеме алмасыў ашықлыққа ийе болды. Бул процесс жәмийет ушын жаңа имканиятлар менен бир қатарда қыйын сынақларды да жүзеге шығаратуғынын есте тутыўымыз зәрүр. Себеби жетискенликлер менен бирге бул тараўда айырым машқалалар да елеге шекем бар екенлигинен көз жумып болмайды. Соның ишинде, билимлендириў системасында медиа саўатлылық мәселеси еле жетерли дәрежеде беккем орын ийелеген жоқ. Айырым пәнлер шеңберинде информация менен ислесиўге байланыслы темалар бар болыўына қарамастан, бул қатнас системалы түрге енбеген. Сондай-ақ, миллий мәлимлеме мәканындағы әҳмийетли мәселелерден бири сапалы контент пенен байланыслы. Шет тиллердеги мәлимлеме ағымы көбинесе үстинлик етпекте, жергиликли орталықта болса терең таллаўға тийкарланған, мәдений контекстти есапқа алған материаллардың жетиспеўшилиги сезилмекте. Дезинформация ҳәм жалған хабарлар да үлкен машқалалардан. Тексерилип көрилмеген мағлыўматлардың тез тарқалыўы жәмийетте исенимсизлик кейпиятын күшейтеди, социаллық қатнасықларға унамсыз тәсир көрсетеди. Бул процессте тек ғана техникалық шеклеўлер жетерли нәтийже бермейди. Тийкарғы итибар инсан санасында сын көзқарастан пикирлеўди қәлиплестириўге қаратылыўы зәрүр.

Мәмлекетимизде соңғы ўақытта миллий контент жаратыў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратылып атырғаны да мине усы мәселелер менен тиккелей байланыслы. Себеби, өзбек тилиндеги сапалы медиа өнимлердиң санын арттырыў, заманагөй форматларда терең аналитикалық материаллар жаратыў, жаслар аудиториясына сай болған визуал ҳәм интерактив контентти раўажландырыў бүгинги күнниң талабы болып есапланады. Миллий контент болса заманагөйликтен ажыралған ҳалда жасай алмайды. Ол санлы орталық талапларына бейимлескен, соның менен бирге, тарийхый яд ҳәм мәдений тийкарлардан ажыралмаған түрде раўажланыўы зәрүр.

Жәҳән тәжирийбеси медиа саўатлылық мәселеси узақ мүддетли стратегия, институционаллық қатнас ҳәм мәмлекетлик сиясат пенен үйлескен системаны талап ететуғынлығын көрсетеди. Раўажланған мәмлекетлерде медиа саўатлылық социаллық турақлылық ҳәм миллий қәўипсизлик пенен байланыслы бағдар сыпатында қаралады.

Тийкарғысы, медиа саўатлылықты раўажландырыў бир мәртелик жойбар ямаса қысқа мүддетли кампания менен шекленип қалмаўы керек. Бул процесс жәмийеттиң барлық қатламларын қамтып алған системалы қатнасты талап етеди. Бәринен бурын, билимлендириў системасы усы стратегияның тийкарғы таяныш ноқатына айланыўы зәрүр. Информация менен ислеў мәденияты жаслығынан қәлиплеспеген шахс кейин ала оны аңсатлық пенен ийелей алмайды.

Ғалаба хабар қураллары ҳәм санлы платформалар да бул процессте белсене қатнасыўы керек. Мәлимлеме сапасы, аналитикалық қатнас, темаларды терең сәўлелендириў жәмийетте исеним орталығын беккемлейди. Соның менен бирге, журналист ҳәм контент жаратыўшылардың кәсиплик жуўапкершилиги жоқары дәрежеде болыўы мәлимлеме мәканының улыўма дәрежесин белгилейди.

Ҳуқықый механизмлер де үлкен әҳмийетке ийе. Мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, социаллық орталыққа зыян келтиретуғын жумыслардың алдын алыў, пуқаралардың мәлимлеме тараўындағы ҳуқықлары менен миннетлемелерин анық белгилеў усы бағдардың ажыралмас бөлеги болып есапланады. Соның менен бирге, ҳуқықый илажлар саналы қатнас пенен үйлескен жағдайда ғана күтилген нәтийжени береди.

Пуқаралық жәмийети институтлары, зиялылар ҳәм жәмийечтшилик медиа саўатлылықты раўажландырыў процесинде әҳмийетли орын ийелейди. Жәмийетте пикирге талапшаңлық, информацияға таңлап мүнәсибет билдириў, асығыс жуўмақлардан тыйыў мәденияты қәлиплессе, информациялық орталық саламатласады. Бул процесс жоқарыдан төменге буйрық пенен енгизилмейди, ол жәмийетлик санада басқышпа-басқыш беккемленеди.

Мәлимлеме мәдениятын арттырыў арқалы жаңа Өзбекстан өзиниң мәлимлеме мәканын беккемлейди, миллий мәплерди қорғайды ҳәм келешек әўлад ушын саламат пикирлеў орталығын жаратады. Бул процесс үзликсиз, жуўапкершиликли ҳәм избе-из қатнас жасаўды талап етеди. Әйне усы жол жәмийеттиң турақлы раўажланыўы ҳәм руўхый жоқарылаўына хызмет етеди.

Йўлчи РЎЗИЕВ,

Ренессанс билимлендириў университети

Мәлимлеме технологиялары кафедрасы

үлкен оқытыўшысы