Көплеген шет еллерде халықтың саламатлығын сақлаў ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде медициналық қамсызландырыў системасы енгизилген. Бул жумыс пенен тийкарынан жеке меншик қамсызландырыў компаниялары шуғылланады. Олар өз жумысын медицина мәкемелери менен шәртнама тийкарында әмелге асырады. Пуқаралар бул қамсызландырыў компанияларына белгиленген сумманы төлеп, қамсызландырыў полисин алады ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятына ийе болады.
Мәмлекетимизде де медициналық қамсызландырыў системасына өтиў жумыслары даўам етпекте. 2021-жылы Сырдәрья ўәлаятында тәжирийбе-сынақ сыпатында басланған бул системаны басқышпа-басқыш 2027-жылға шекем пүткил мәмлекетимиз бойлап енгизиў режелестирилген. Бирақ бақлаўлардан халық бул система ҳаққында толық түсиникке ийе емеслиги белгили болмақта.
Буны биз бенен сәўбетте Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының Жиззақ ўәлаяты аймақлық бас қәнигеси Илҳом Норбоев та атап өтти.
- Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының ўәлаяттағы ўәкили сыпатында Жиззақтағы медицина мәкемелериниң медициналық қамсызландырыў системасына өткерилиўине тиккелей жуўапкермен. Дерлик үш жылдан берли усы бағдарда ислеп атырман. Шынын айтқанда, жаңа системаны енгизиў аңсат болмай атыр. Бәринен бурын, медицина хызметкерлери, қалаберди, пуқаралардың бул бағдардағы хабардарлығын арттырыў, олар арасында түсиник жумысларын өткериў, жаңа системаның мәнисин ашып бериў керек. Бул бағдарда ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармасы менен биргеликте ислеп атырмыз. Ўәлаяттағы барлық медицина мәкемесине барып, медицина хызметкерлери менен ушырасып, оларға мәмлекетлик медициналық қамсызландырыўдың мазмун-мәнисин түсиндирдик. Ўәлаятлық денсаўлықты сақлаў басқармасы менен биргеликте бир неше мәрте семинарлар өткердик. Бул темада халықтың хабардарлығын арттырыў бойынша ҒХҚ, соның ишинде, ўәлаят телевидениеси, радиосында көрсетиў ҳәм еситтириўлер берилди. Аймақлық ҳәм орайлық газеталарда мақалалар басып шығардық. Буннан тысқары, мәҳәллелерде халық пенен ушырасыўлар шөлкемлестирип, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасына өтиўдиң мақсети ҳәм ўазыйпалары ҳаққында кең түрде түсиник берип келмектемиз. Бирақ тән алыў керек, бул жумыслар жетерли болмай атыр. Халықтан тысқары, ҳәттеки, шыпакерлеримиз арасында да мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасы ҳаққында толық түсиникке ийе болмағанлар бар. Дурыс, медициналық қамсызландырыў системасына толық өтиўимизге еле еки жыл ўақыт бар. Бирақ медицина мәкемелери басқышпа-басқыш усы системаға өтпекте. Белгиленген мүддетке шекем ҳәм медицина мәкемелеримизди, ҳәм халықты мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасына өтиўге толық таярлап барыўымыз керек.
Буның ушын, бәринен бурын, адамлардың хабардарлығын арттырыўымыз керек. 2027-жылдан баслап қамсызландырыў системасынан елимиздеги барлық пуқара пайдаланады. Итибарлысы, буның ушын олар пул төлемейди. Яғный әпиўайы медициналық тексериўден баслап жоқары технологиялы қурамалы операцияларға шекем бийпул өткериледи. Тек соны дурыс түсиниў керек, бул жердеги бийпул медициналық хызмет тийкарында салыстырмалы түсиник. Себеби пуқара бийпул медициналық хызметинен пайдаланып атырған медициналық мәкемениң қәрежетин Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры төлейди.
Мысал ушын, Республикалық қәнигелестирилген кардиология илимий-әмелий медицина орайының Жиззақ филиалы үш жылдан берли қор менен бирге ислеседи. Усы жыллар даўамында филиалда 250 ден аслам пуқараға жүрек тараўында жоқары технологиялы хирургиялық әмелият орынланды. Оның ушын қор бул филиалға 5 миллиард сумға шамалас қаржы төлеп берди. Тек ғана өткен жылы жеңиллетилген 91 наўқасқа 2 миллиард сумға шамалас қаржы есабынан хирургиялық операция өткерилген.
Усы жылдан баслап, ўәлаяттағы 19 медицина мәкемеси қор менен бирге ислесиў шәртнамасына қол қойды. Бул мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасына өтиў жолында үлкен қәдем болып, ўәлаятта медициналық хызметлердиң қамтып алыныўын арттырыўға хызмет етеди. Қамсызландырыў системасында қаржыландырыў системасы да түпкиликли өзгереди. Енди тек ғана орынланған жумыс көлемине қарап Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорынан қаржы өткерип бериледи. Ҳәр бир медицина мәкемеси өзи ушын ислейди, пулды өзи ислеп табады. Басланғыш буўында пул халықтың жан басына қарап төленеди.
Пуқаралар жасаў аймағы бойынша медицина бригадаларына бириктирилген. Пуқаралардың денсаўлығы ҳаққында ғамхорлық ететуғын шаңарақлық шыпакер ҳәм 4 патронаж мийирбийкеден ибарат медициналық бригадалар шөлкемлестирилген. Ҳәр бир бригадаға 2000 адам бириктирилген. Сонша адамның саламатлық көрсеткиши усы медицина бригадасының жумысына байланыслы. Медицина бригадалары өзине бириктирилген халықты енди өзлери излеп жүреди, медициналық тексериўлерге тартады.
Ҳәзир медициналық тексериўге барасаң ба, бармайсаң ба, ҳеш кимниң иси жоқ. Қамсызландырыў системасында бундай болмайды. Медициналық бригадалар халықты медициналық тексериўден өтиў ўақты келгенде шақырады, келмесе, барып алып келеди. Себеби жоқарыда айтылғанындай оған ажыратылған қаржыны алыў керек. Пуқара медициналық тексериўден өткериледи, керекли усыныслар, дәрилер бериледи. Соң оған көрсетилген медициналық хызметлер электрон тәризде Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорына жибериледи. Қорда экспертлер усы наўқасқа көрсетилген жәрдемди стандартларға муўапық, деп баҳаласа, 10 жумыс күнинде пуқараның пулы усы мәкемеге келип түседи.
Стационарларда болса пул емленген жағдайға қарап төленеди, яғный емлеўханалар неше наўқасты емлегенине қарап пул алады. Қамсызландырыў системасы бирлемши буўында да, стационарда да нәтийже ушын ислейди. Нәтийже дегенде, басланғыш буўында созылмалы кеселликлер ушыраспаса, кеселликлер ерте анықланса, өз ўақтында профилактикалық тексериўлер ҳәм скрининг тексериўи өткерилиўи, шаншыў жумыслары ўақтында орынланыўы айтылады.
Стационарда болса нәтийже сол наўқас толық тәўир болып шығып кетиўи айтылады.
Енди пуқаралар Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржысы есабынан жеке меншик клиникаларда да емлениўи мүмкин. Егер жеке меншик клиникалар Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен белгиленген талапларға жуўап берсе, Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры олар менен шәртнама дүзеди. Бул болса наўқасларда емлениў ушын емлеўхананы таңлаў имканиятын жаратады. Пуқара қәлесе, мәмлекетлик емлеўханада, қәлесе, жеке меншик клиникада емленеди. Қор болса қаржыны сол жерге бағдарлап береди.
Бул, өз гезегинде, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес медициналық мәкемелер арасында саламат бәсеки пайда болыўына тийкар жаратады. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасының енгизилиўи, халық ушын, әсиресе, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж наўқасларға жүдә қолай болмақта. Ең әҳмийетлиси, енди олар емлениўде сергиздан ҳәм шығындар болмайды. Буған олар менен сәўбетлесип, өзиңиз де гүўа болыўыңыз мүмкин.
Усы гәп себеп болды да, сәўбетлесим менен биргеликте ўәлаятлық көп тармақлы медицина орайына жол алдық. Орай директоры, медицина илимлериниң докторы, профессор Музаффар Йўлдошев мақсетимизди билгеннен соң, мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў ҳәм медицина мәкемелери, ҳәм наўқаслар ушын оғада әҳмийетли екенин, онда наўқаслар ушын барлық медициналық хызмет бийпул болса, медицина мәкемелери енди наўқаслардың саламатлығына бийпәрўа емеслигин, тийкарғы итибарды нәтийжеге қаратып атырғанын атап өтти.
- Өткен жылы Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен 200 миллион сумлық шәртнамаға қол қойған едик. Усы жылы бул көрсеткишти 1 миллиард сумнан арттырмақшымыз, - дейди Музаффар Йўлдошев. - Соған жараса материаллық-техникалық базамызды раўажландырып атырмыз. Ҳәзирше Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры менен бирге ислесип атырған медициналық мәкемелер аз болғаны ушын наўқасларда таңлаў имканияты азлаў. 2027-жылдан мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў толық иске қосылса, медицина мәкемелери арасында күшли бәсеки пайда болады. Соның ушын ҳәзирден-ақ орайымыздың имиджин жаратыўға ҳәрекет етип атырмыз. Ҳәзирги ўақытта орайымызда Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржысы есабынан емленип атырған онлаған наўқасларымыз бар. Олар менен байланысыўыңыз мүмкин.
Орай директорының бөлмесинен шыққанымызда қабыллаўханада турған бир наўқасқа көзимиз түсти.
- Мине, усы наўқасымыз да жоллама тийкарында Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қорының қаржысы есабынан емленбекте. - деди Музаффар Йўлдошев.
- Емленип атырғаныма бир ҳәпте болды, - дейди өзин Атабек Қўчқоров деп таныстырған наўқас. - Шараф Рашидов районының Қаҳрамон мәҳәллесиненмен. Биринши топар майыбыман. Жаңа жылдан кейин патронаж мийирбийкемиз үйимизге келип, денсаўлығым жақсы емеслигин билип, мәҳәлле шыпакеримиз бенен мәсләҳәтлесип, емлениўим зәрүрлигин айтты. Өзи менен бирге мениң ҳүжжетлеримди алып кетти. Шама менен бир ҳәптеден соң ўәлаятлық көп тармақлы медицина орайынан "Сизиң орныңыз таяр, келип емлениўиңиз мүмкин", деп қоңыраў етти. Ертеңине келип, медициналық тексериўден өтип емлениўди басладым. Маған усындай жаңа система енгизилгени, емлениў бойынша барлық қәрежет Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры есабынан төлеп берилетуғыны айтылды. Алдын да ордер тийкарында бийпул емленгенмен. Бирақ айырым дәрилерди сатып алыўыма туўра келетуғын еди. Бул сапары олай болмады. Ырасы, қуўанышлыман.
Мәмлекетимизде "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарында кең көлемли реформалар шеңберинде мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлериниң енгизилиўи денсаўлықты сақлаў системасының жаңа басқышқа көтерилиўине, халықтың медициналық хызметлерге зәрүрлиги нәтийжели тәмийинлениўине, адамларды медицинадан ҳәм бүгинги реформалардан разы етиўге хызмет етеди.
Фарҳод НЕЪМАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы