Аралбойы халқының турмысында және бир жаңа бет ашылды. Бундай деўимизге толық тийкар бар. Усы елдиң перзенти, журналист сыпатында бул процессти дыққат пенен бақлап бармақтамыз. Марафон шеңберинде саламатлығын тиклеп атырғанлар менен сәўбетлесип атырмыз. Ўатанласларымыздың сөзлерине қулақ салып, ерксиз кейинги жыллардағы реформалар көз алдымыздан бирме-бир өтеди. Ақыры жақын жылларға шекем қурамалы операциялар бийпул ҳәм жоқары маманлық пенен орынланатуғынын көз алдымызға келтире алмайтуғын едик.

Артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар әйне Қарақалпақстаннан басланған еди. Аралдың қурыған ултанындағы жасыллық космостан көрингени пикиримиздиң айқын дәлили болып есапланады. Тап усы жасыллыққа үнлес ҳалда ең шетки аўылларда да турмыс тәризи түп-тийкарынан өзгерди. Буның ушын барлық тараўда жаңаланыўлар әмелге асырылды. Аралбойы ушын айрықша жеңилликлер берилди. Нәтийжеде билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономикалық комплекслер, улыўма, барлық тараўларға жаңа өмир нәпеси кирип келди.

Бүгин Қарақалпақстан ҳаўасындағы шаң дерлик жоғалды. Адамлар қәлбине таза ҳаўа менен бирге исеним ҳәм өмир сүйгишлик те қайтты. Бир ўақытлары жаслардың үлкен қалаларға көшип кетиўи ҳәўиж алған аўыллар да ең көп қатнайтуғын орынға айланды. Туризм раўажланды. Мәмлекетимиздиң ири экономикалық қуўатлықлары мине усы Аралбойында бой тиклемекте.

Президентимиз исбилерменлер менен гезектеги сөйлесиўди Қарақалпақстанда өткерди. Бул да бийкарға емес. Усы арқалы экономикалық реформалар Аралбойынан басланып, пүткил елимиз бойлап қанат жайыўына ишарат бар еди, мениңше. Мине, усындай үлкен өзгерислер қатарында саламатлық марафонының өткерилиўи мақсетке муўапық болды.

Алдымызға қойылған үлкен шекти ийелеўде инсан капиталы шешиўши әҳмийетке ийе. Соның ушын да социаллық мәмлекет статусын алған жаңа Өзбекстанда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылмақта. Саламатлық марафоны мине усы үгит-нәсиятлаўдың өзине тән жаңа көриниси болып турмысымызға кирип келди.

Марафон шеңберинде Нөкис қаласындағы 12 шаңарақлық поликлиника ҳәм 3 жәмийетлик орында халыққа диагноз қойылмақта. Итибарлы тәрепи, заманагөй технологиялардан үнемли пайдаланылмақта. Нәтийжеде және де жедел ҳәм анық медициналық жәрдем көрсетиў имканияты жаратылды. Бундай технологиялық шешимлер наўқасларды бағдарлаў ҳәм санлы системаны енгизиўде қол келмекте.

Сондай-ақ, марафон даўамында Қарақалпақстан медицина институты клиникасында скрининг тексериўлери ҳәм профилактикалық тексериўлер өткерилетуғын медицина мәкемелерине мобил маммограф, флюорограф, ангиограф, УТТ аппаратлары ҳәм офтальмологиялық топламлар орнатылды. Клиникалық ҳәм биохимиялық лабораториялық тексериўлер ушын барлық зәрүр үскенелер таярланды. Сарыплаў материаллары резервке алынды. Аўа, марафонға қатаң таярлық көрилди. Нәтийже де соған жараса болмақта. Шыпакерлердиң биргеликтеги ҳәрекети себепли үмит пенен келген ўатанласларымыз үйине қуўанып қайтпақта. Буны көрсетилген хызметлерге байланыслы санларда да көриў мүмкин. Атап айтқанда, усы жылы 14-октябрьге шекем 80 мыңнан аслам пуқара тексериўден өткерилген. Олардан 4080 и амбулатор, 247 си стационар емлениўге жиберилген.

Усы жерде бир пикир. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, инсан саламатлығы 19 процент сыртқы орталыққа, 20 процент генетикалық факторларға, 9 процент денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў ҳәм 52 процент турмыс тәризине байланыслы екен. Глобал машқала болған Аралдың қурыўы жыллар даўамында ўатанласларымыздың денсаўлығына унамсыз тәсир етип келди. Әне усы машқала Аралбойы халқының турмыс тәризинде унамсыз ақыбетлерин көрсетти. Экологиялық машқала. Жазда шаң, қыста ылай көшелер. Жумыссызлық, тән алынбаған кәмбағаллық, социаллық хызмет көрсетиўдеги жоғалтыўлар... Булардың барлығы турмыс тәризимиздеги унамсыз ақыбетлерге алып келди. Оның үстине денсаўлықты сақлаў системасы да кеўилдегидей ислемейтуғын еди. Тәбийғый, бундай жағдайда халықтың денсаўлығында машқалалар көп болады.

Кейинги жыллардағы өзгерислер себепли халықтың турмыс тәризи түп-тийкарынан өзгерди. Енди ўатанласларымыз үлкен арзыўлар, ертеңги күнге исеним менен жасамақта. Балаларын көбирек билимлендириўге бағдарлап, елимизде инсан капиталын беккемлеўге үлес қоспақта. Мине усындай өсиў ҳәм өзгерислер дәўиринде халықтың саламатлығы шешиўши әҳмийетке ийе. Усы факттиң өзи-ақ марафонның әҳмийетин терең түсиниў ушын жетерли, деп ойлаймыз.

Және бир әҳмийетли факт. Марафон шеңберинде шыпакерлер аўыр хирургиялық операцияларды табыслы өткермекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан медицина институты клиникасында усы күнге шекем жәми 41 наўқасқа хирургиялық әмелият өткерилди. Мәселен, Нөкис қаласындағы көзи әззилер мектеп-интернатының 11-класс оқыўшысы Даўлетияр Қошановқа нейрохирургиялық операция өткерилиўи зәрүр еди. Буның ушын болса кеминде 30 миллион сумды қалтасына салып, Ташкентке барыўы керек еди. Наўқастың бахтына Балалар миллий медицина орайының жетик хирурглары жуўапкершиликти өз мойнына алды. Операцияны бийпул өткерди.

- Баламның саламат турмысқа қайтып атырғанын көриў оғада үлкен бахыт, - дейди Даўлетиярдың анасы Сырға Исмоилова. - Бул тек ғана шыпакерлердиң мийнети емес, ал мәмлекетимиз басшысының халық саламатлығына жоқары итибары ҳәм Аралбойы халқына ғамқорлығының айқын үлгиси болып есапланады.

Жаңа Өзбекстандағы реформалардың нәтийжеси халықты разы етиў жолындағы жаңаланыўларда айқын көзге тасланады. Ақыры, қурамалы хирургиялық әмелиятты мойнына алыўы ушын қәнигеде тек ғана билим емес, ал шеберлигине исеним де болыўы керек. Жаратылған имканиятлар әне, усындай исеним бермекте.

- Президентимиз медицина тараўы ушын жетерли шараятты тәмийинлеп берип атыр, - дейди Балалар миллий медицина орайы бөлим баслығы, нейрохирург Олим Акрамов. - Шыпакер кеўилдегидей жумыс ислеўи ушын жәҳән стандартларына жуўап беретуғын жоқары технологиялар ҳәм маманлық керек. Бизде ҳәзир екеўи де бар. Нөкис қаласындағы клиникада да тап усындай шараят жаратылған. Операцияларды жергиликли қәнигелер менен биргеликте орынлап келмектемиз.

Экологиялық машқаланың Аралбойы халқының турмыс тәризи ҳәм денсаўлығына унамсыз тәсири сыяқлы жыллар даўамында жыйналып келген мәселелерди бир ямаса еки күнде шешиў мүмкин емес. Сонлықтан, Қарақалпақстан медицина институты жанындағы инновациялық клиника тек ғана медициналық хызмет көрсетиў емес, ал халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, экологиялық кризис ақыбетлерин жумсартыў ҳәм Аралбойы халқының саламатлығын сақлаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

- Клиникамыз медициналық-диагностика, билимлендириў, илимий-инновациялық ҳәм хожалық корпусларынан ибарат бир пүтин комплекс болып есапланады. Оның қурамында поликлиника, қабыллаў бөлими, хирургия бөлими, анестезиология ҳәм реанимация, балалар гепатологиясы ҳәм гематологиясы, бас ҳәм мойын хирургиясы, минимал инвазив хирургия, травматологиялық ортопедия, репродуктивлик патология бөлимлери жумыс алып барады, - дейди Қарақалпақстан медицина институты клиникасының бас шыпакериниң орынбасары Сарбиназ Турманова. - Мақсетимиз халықтың денсаўлығын беккемлеў ҳәм медициналық хызметтиң сапасын заман талабына сәйкес түрде арттырыў болып табылады. Бул жолда клиникамыздың материаллық-техникалық базасы жыл сайын беккемленбекте. Халықаралық грант жойбарлары шеңберинде Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги (JICA) менен биргеликте 7,3 миллион долларлық заманагөй медицина лабораториясы ҳәм алдынғы симуляция орайы шөлкемлестирилди. Бул орай тек ғана шыпакерлердиң маманлығын арттырыў емес, ал студентлерди әмелиятқа жақын шараятта оқытыў имканиятын береди.

"Кеселликтиң ең жақын аўқамласы наўқастың үмитсизлиги болып есапланады", деген еди данышпанлардан бири. Ашығын айтқанда, жақын жылларға шекем Аралбойы халқының денсаўлығы ҳаққында айтыўды онша қәлемейтуғын еди. Буған да өзине тән бир неше себеплер бар еди. Бәринен бурын, экономикалық мәселе. Қалаберди, шыпакерлердиң тәжирийбесине исенимсизлик күшли еди. Бул да бийкарға емес. Себеби узақ жыллар тараў реформаланбады. Ҳәттеки, шыпакер ҳәм мийирбийкелерге пахта териминде бийпул жумысшы күши сыпатында қарап келинди. Тараў дәўирге сәйкес раўажланбағаны ушын наўқаслар илажы барынша орайлық емлеўханаларда емлениўди қәлер еди. Бүгин болса алыс аймақлардағы клиникаларға да заманагөй технология кирип келди. Енди ўатанласларымыз арасында өз мәҳәллеси, районынан алыслап кетпей емлениў ғалабаласып бармақта.

Марафон мине усы процессти және де жеделлестирди. Ийгиликли илажда 800 ден аслам медицина хызметкери, соның ишинде, шаңарақлық шыпакер ҳәм патронаж мийирбийкелер, республикалық қәнигелестирилген медицина орайлары ҳәм филиалларының жетекши қәнигелери және сырт елли шыпакерлер қатнаспақта. Олар әмелий жумыслары ҳәм мәсләҳәти менен қарақалпақстанлыларға үмит, исеним бағышламақта. Әҳмийетлиси, халқымыз арасында медициналық мәдениятты арттырыўға үлес қоспақта.

- Саламатлық марафонында халықты профилактикалық тексериў ҳәм скрининг тексериўлерине тартып атырмыз. Пуқаралардың өз саламатлығына итибарлы болыўы, кеселликлер профилактикасына байланыслы түсиниклерин байытыўға илажы барынша үлес қосып атырмыз, - дейди Нөкис қаласындағы 8-шаңарақлық поликлиника бас шыпакериниң орынбасары Зулфия Исмоилова. - Медициналық тексериў нәтийжелерине бола, халық үш топарға ажыратылмақта. Әмелий саламат деп табылғанларға тек ғана саламат турмыс тәризи тийкарлары бойынша усыныслар берилмекте. Қәўип топарына киретуғын халық ушын индивидуал реже тийкарында зыянлы әдетлерден қутылыў ҳәм кеселликлердиң профилактикасы бойынша мәсләҳәт берип атырмыз. Кеселлиги анықланғанлар амбулатор ҳәм стационар (күндизги стационар, қалалық ҳәм республикалық емлеўханаларда) емлениўге жиберилмекте.

Кеселликлердиң алдын алыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға қаратылған бул акция арқалы аймақта жасаўшы халық 31-октябрьге шекем скрининг ҳәм профилактикалық тексериўлерге қамтып алынады. Өз гезегинде, тексериў нәтийжелери бирден-бир электрон база - DMED мәлимлеме системасына киргизиледи. Бул келешекте наўқаслардың саламатлығын турақлы мониторинг етип барыўда үлкен әҳмийетке ийе. Әпиўайы етип айтқанда, марафон себепли адамлар саламатлығы хатлаўдан өткерилмекте. Мақсет халықтың кеселлик пенен мүрәжат етиўин күтип отырмастан, алдыннан медициналық хызмет көрсетиў болып табылады.

Денсаўлықты сақлаўдың ең әпиўайы ҳәм аңсат жолы - саламат турмыс тәризи қағыйдаларына әмел етиў. Себеби дурыс аўқатланыў ҳәм физикалық белсендилик жүрек-қан тамыр кеселликлери, диабет ҳәм семириў қәўпин азайтады. Марафон саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўы менен де әҳмийетли болмақта. Бундай ҳәрекетлер абырайлы халықаралық шөлкемлер тәрепинен тән алынбақта. Атап айтқанда, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) Қарақалпақстанда саламатлық марафоны өткерилиўин қоллап-қуўатлады. Илаж шеңберинде шөлкем Нөкис қаласындағы Жаслар орайында баслаўыш класс оқыўшылары ушын тренинг өткерди.

Илаж ФАОның "Мектепте аўқатланыўдың тәжирийбе бағдарламасы арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм аўқатланыўды арттырыўды қоллап-қуўатлаў" жойбары шеңберинде әмелге асырылды. Бүгин балаларға дурыс аўқатланыў, саламат турмыс тәризиниң әҳмийети үйретилсе, ертең ҳәзиргидей үлкен илажлар өткерип, саламатлықты үгит-нәсиятлаўға зәрүрлик қалмайды. Соның ушын да ФАОның қәўипсиз ҳәм саламат аўқатланыў мәселелери бойынша миллий мәсләҳәтшилери 3-4-класс оқыўшылары ушын интерактив сабақлар өткерди. Оқыўшылар ойын түринде макро ҳәм микро азықлықлар не екенлигин, не ушын мәўсимлик өнимлерди қабыл етиў әҳмийетли екенлигин билди. Сондай-ақ, аўқатланыўдың инсан саламатлығы ҳәм экологияға тәсири ҳаққында түсиник берилди.

Тренинг шеңберинде оқыўшылар қысқа видеороликлерди тамашалады. Викториналарда қатнасып, естелик саўғаларын алды. Усы арқалы олардың қәлбине "Саламат аўқатланыў - бул күш-қуўат ҳәм өзимизге және планетамызға ғамқорлық!" деген ескертпени сиңдириўге ҳәрекет етилди.

Биз санлы әсирде жасап атырмыз. Бундай техникалық имканият инсаниятқа барлық тараўда теңсиз имканиятлар бермекте. Мәселен, қурамалы хирургиялық әмелият нанотехнологиялар жәрдеминде табыслы орынланбақта. Нөкис қаласында өткерилген “HealthTech AI Hackathon” таңлаўы жаңа Өзбекстан жаслары алдынғы ояныў дәўирине тийкар салған ата-бабаларға мүнәсип әўлад екенин көрсетти. Таңлаўда медицина тараўындағы алдынғы мәлимлеме технологиялары бағдарламалары усынылды. Онда 36 команда, 300 ден аслам қатнасыўшы жүзлеген жаңа басламаны алға қойды. Олардың арасынан ең жақсылары таңлап алынып, сыйлықланды. Әҳмийетлиси, таңлаў жас шыпакерлер ҳәм технология тараўы қәнигелери келешек медицинасы ушын шешим излеп, бирден-бир мақсет жолында бирлескенин көрсетти.

Денсаўлықты сақлаў системасы инсан өмири менен тиккелей байланыслы. Сол себепли, онда илим ҳәм тәжирийбениң өзи жетерли емес. Буның ушын тараўға байланыслы ҳәр бир инсанда инсаный меҳир, жақсылық сағынышы болыўы керек. Мине, усы меҳир таңлаўда қатнасқан жаслардың көзинде жайнап турды. Себеби оларды усы тараўға жетелеп келген себеплер бар. Яғный, көпшилик “Hackathon”ға сыйлық күтип емес, ал жақынларының дәртин сезинип, олар сыяқлы инсанларға жәрдем бериў нийетинде келген. Бул меҳир дәрьясы, жақсылық сағынышының илим менен үнлеслиги болып табылады. Сонлықтан, олар усынған жумыслардың нәтийжеси нәтийжели ҳәм пайдалы болды. Жуўапкерлер буны терең сезинип, бундай жойбарларды буннан былай да раўажландырыўға жәрдем берип, инвесторларды тартыўға келисип алды.

- Илаждың дәслепки күнинде қатнасқан 36 топардан 30 ы таңлап алынды, - дейди Санлы технологиялар министрлигиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының бас қәнигеси Атабек Сейитбаев. - Экспертлер сынағынан табыслы өткен жойбарлар әмелиятта қолланылады. Қолланбаларды баҳалаўда медицинада қаншелли нәтийже беретуғыны, қолланыўға қолайлығы сыяқлы тәреплери есапқа алынды. Әҳмийетлиси, усынылған оғада көп қолланбаларды қәнигелер жоқары баҳалады. Медицинаны санластырыў арқалы кеселликлерди ерте анықлаў, созылмалы кеселликлерди прогнозлаў мүмкин. Тараўдағы жетискенликлер себепли ҳәттеки инсан саламатлығын реал ўақытта бақлаў имканияты жаратылады. Және бир итибарлы тәрепи, бул таңлаўда қатнасыўшылардың 40 проценти өз идеяларын исенимли қорғап атырған, сийрек ушырасатуғын өнимлер жаратып атырған ҳәм қыйын технологияларда аңсат бағдар алатуғын қызлардан ибарат.

Әлбетте, ең жақсы идеялар грантлар, акселерация ҳәм инкубация бағдарламалары арқалы қоллап-қуўатланады. Сондай-ақ, жеңимпазлар венчур фондларынан инвестиция тартыў имканиятына ийе болады. Әҳмийетлиси, жойбар даўам етеди. 2026-жылдың ақырына шекем онда мыңлаған жас қәниге қатнасады. Болажақ новаторлар, илимпазлар ҳәм жетекшилерди жәмлейтуғын бул таңлаўдың кейинги басқышы Самарқандта өткериледи. Аўа, бул рет те халқымыз турмысында түпкиликли өзгерис жасайтуғын реформалардан бири Қарақалпақстанда басланып, елимиз бойлап кеңнен ен жаятуғын болды.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы