Илаждың тийкарғы бағдарламасы үш тийкарғы бағдар: халықаралық конференция,
панель сессиялары ҳәм туроператорлар арасындағы еки басқышлы B2B
ушырасыўларын өз ишине алады.
Әне усы ушырасыўлар шеңберинде туризм хызметлерин тиккелей сататуғын ҳәм
сырт ел базарларында үгит-нәсиятлайтуғын компаниялар менен әмелий бирге
ислесиўди жолға қойыў режелестирилген.
Илаждың Өзбекстан ушын стратегиялық әҳмийети жаңа туристлик базарларға
шығыў имканияты болып есапланады. Атап айтқанда, Канада, Уллы Британия ҳәм
Европа мәмлекетлериндеги азиялы мусылман диаспорасы ушын саяхатлар
шөлкемлестириўши компаниялар менен тиккелей байланыслар орнатыў
режелестирилген. Бул премиум ҳәм люкс хызметлерге қызығатуғын төлеў қәбилетине
ийе туристлерди мәмлекетимизге тартыў ушын жаңа имканиятлар ашады.
Қатнасыўшылар
ушын Хорезм, Самарқанд ҳәм Бухара ўәлаятларына саяхатлар, қосымша исбилерменлик
ушырасыўлары да режелестирилген. Сапарлар даўамында сырт елли шериклер Өзбекстанда
раўажланып атырған таў, экологиялық, гастрономиялық ҳәм этнографиялық туризм
бағдарлары менен тиккелей танысыў имканиятына ийе болады.
Туризм комитети
тәрепинен «Trip Group» туристлик шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген
илаж пайтахтымызда дүньяның 20 дан аслам мәмлекетинен 100 ден аслам туризм
тараўының ўәкиллерин бирлестиреди. Бурын бул илаж Түркия, Египет, Въетнам ҳәм
Танзанияда өткерилген болса, быйыл Өзбекстанда биринши мәрте өткерилмекте.
Саммитте АҚШ,
Канада, Жаңа Зеландия, сондай-ақ, Европа ҳәм Азияның жетекши мәмлекетлеринен
ири туроператорлар қатнасады.