Бирақ ҳәзир дәраматлы кәсипти баслаў ямаса бай исбилермен болыў ушын мәҳәллеңизден шығып кетиўиңиз шәрт емес. Себеби, елимизде халық ўәкиллерин кәмбағаллықтан шығарыў, бәнтлигин тәмийинлеў бойынша сондай система жолға қойылған, исбилерменлик етиўди қәлейсиз бе, дийқаншылық қолыңыздан келе ме ямаса хызмет көрсетиў тараўына қызығыўшылығыңыз бар ма - қәлеген бағдарда жумыс баслаўыңыз ушын "мәҳәлле жетилиги" жаныңызға дәрман болады. Атап айтқанда, бәнтлик, халықты исбилерменликке тартыў мәселелеринде мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси, салық хызметкери, жаслар жетекшиси, социаллық хызметкер халқымыздың ўәкиллерине зәрүр жәрдемди көрсетпекте.
Қайсы тараўда жумыс баслаўды нийет етсеңиз, биринши орында қаржы, басланғыш инвестиция мәселеси ортаға шығады. Бул бағдарда жақында жумысы жолға қойылған мәҳәлле банкирлери аўырыңызды жеңил етеди.
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы "2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады", деп мине усы жетик система жаратылғанына сүйенип сөз еткен еди.
Усы жылдың 3-февраль күни халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инвестицияларды тартыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Президентимиз тәрепинен өткерилген мәжилисте келтирилген санлардан жоқарыдағы пикир жылдың биринши айынан-ақ өзиниң әмелий дәлилин таўып атырғанына исенемиз.
Мағлыўматларға бола, январь айында 277 мың пуқара жумыслы болған. Соннан 91 мыңы турақлы жумысқа жайластырылған, 153 мыңы исбилерменликке тартылған. Жумыслы болған пуқараларымыздың көпшилик бөлеги исбилерменликке тартылғаны да жаңа системаның табыслы жолға қойылып атырғанынан дәрек береди.
Сондай-ақ, 2025-жылы 5 миллион 200 мыңнан аслам халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў режелестирилген.
Бул мақсетке ерисиў жолында Президентимиздиң усы жыл 17-январь күни қол қойылған "2025-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў илажлары ҳаққында"ғы қарары нызамлы тийкар болып хызмет етеди. Бул қарарда 5 миллион 200 мың адамның қандай, қай жерде, қайсы шөлкем қадағалаўында бәнтлиги тәмийинлениўи анық белгилеп қойылған.
Ҳүжжетке тийкарланып, 3 миллион 600 мың адам банклер жәрдеминде жумыслы болыўы нәзерде тутылған. Соннан 2 миллион 100 мың халықты исбилерменликке тартыў, 1 миллион 470 мыңын болса турақлы жумысқа жайластырыў арқалы бәнтлиги тәмийинленеди.
Усы мақсетте жылдың басында 208 район ҳәм қала ҳәкимлери және банк басшылары тәрепинен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматын арттырыў бойынша бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылып, ҳәр бир мәҳәлле бойынша мақсетли көрсеткишлер белгилеп алынды. Оған бола, исбилерменлик пенен шуғылланыў тилегинде болған халықты район ҳәкимлиги орын ҳәм зәрүр инфраструктура менен тәмийинлейди. Банклер болса олардың жумысларын баслаўы ушын қаржы ажыратады.
Жаңа системаға бола, “оnline-mahalla.uz”, “bank-kredit.uz” ҳәм “soliq.uz” мәлимлеме системалары интеграцияланып, жуўапкерлерге жүкленген ўазыйпалардың орынланыўы күнлик талланып барылады ҳәм жумысы қанаатландырарсыз болған басшыларға қатаң шара көриледи. Бул болса ҳеш бир жуўапкердиң көзабаға ислеўине жол қойылмайтуғынын, орынланған жумыс ҳәм оның нәтийжеси қатаң қадағалаўға алынатуғынын билдиреди. Сондай-ақ, еки жуўапкер шөлкемниң өз-ара келисим арқалы ислеўи, халықтың еки уйым арасында сергиздан болыўының алдын алады.
Жоқарыдағы ҳүжжетке муўапық және бир жаңа механизм - "Мәҳәлле жойбары" бағдарламасы жолға қойылады. Оған бола, исбилерменликте исенимге ерискен шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларында табысқа ерискен халыққа көбирек мүддетке көбирек көлемде қаржы ажыратылатуғыны белгиленди. Қалаберди, ҳәр бир мәҳәлледе кеминде 10 шаңарақ ушын "жойбар пакети" жеткерип бериледи. Таллаўларға бола, бул пакетлер арқалы шаңарақлар 60-70 миллион сумнан кем болмаған жыллық дәраматқа ийе болады. Бул имканият шаңарақлық исбилерменлердиң кейинги басқышқа көтерилиўине трамплин ўазыйпасын атқарады.
Әлбетте, бул процессте мәҳәлле банкирлери халық ўәкиллери менен банкти байланыстырып туратуғын тийкарғы буўынға айланады. Мәҳәлледеги исбилерменлер жумысында банк мәселелери бойынша дус келетуғын машқалаларды шешип, стартап жойбарларды әмелиятқа енгизиўде тийкарғы жуўапкершиликти өз мойнына алады.
Ҳәзирги ўақытта ҳәр төрт мәҳәллеге биреўден мәҳәлле банкири бириктирилип, орынларда 2 мың 500 ге шамаласы жумысын баслады. Сондай-ақ, оларға жәрдемши сыпатында ҳәр бир мәҳәлледе "жәрдемши агентлер" тайынланды.
Мәҳәлле банкирлери банк системасының ең төменги буўыны болып, "шаңарақбай" ислейди. Ҳәр бир шаңараққа кирип, шаңарақтың социаллық жағдайын үйренеди ҳәм оларды исбилерменликке тартады.
Мәҳәлле банкирлериниң ўазыйпасы тек ғана халыққа исбилерменлик ушын кредит алыўына жәрдемлесиўден ибарат емес. Себеби, басланғыш инвестиция дурыс бағдарланбаса, стартап жойбарлар тез арада банкрот болыўы ҳеш гәп емес. Бизнес жүргизиў де өзине жараса экономикалық билим ҳәм көнликпелерди талап етеди. Банкирлер болса әйне усы бағдарда қәниге болып есапланады.
Сонлықтан, мәҳәлле банкирлерине исбилерменликти басламақшы болғанлардың идеяларын үйренип, мәҳәлле инфраструктурасы, бизнес имканиятларын таллаған ҳалда пайдалы исбилерменлик жойбарларына айландырыў, оларды дурыс бағдарлаў ўазыйпалары да жүкленди.
Олар халыққа финанслық тәртиплерди, өним ҳәм хызметлерди сатыў ҳәм сатып алыўды үйретиўи, халық ўәкиллериниң өз жумысларын дурыс жолға қойып алғанша финанслық мәсләҳәтшиси, керекли усыныслар бериўши шериги, олардың түрли экономикалық машқалаларын шешип бериўши инсанына айланыўы талап етилмекте.
"Өзин-өзи бәнт еткен шахс - жеке тәртиптеги исбилермен - киши бизнес - орта бизнес" шынжыры тийкарында исбилерменликтиң ҳәр бир басқышында финанслық хызметлер көрсетип барылады.
Мәҳәлле банкирлери халық ҳәм исбилерменлерди турақлы түрде "Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў", "Шаңарақлық исбилерменлик" ҳәм "Бизнеске биринши қәдем" бағдарламалары менен таныстырып, оларда халыққа берилип атырған жеңиллик ҳәм имканиятларды түсиндирип барыўы зәрүр.
Сондай-ақ, мәҳәлле банкирлерине процентсиз, гиреўсиз кредитлерге мүтәж шаңарақлардың дизимин қәлиплестирип, оларға ноутбук, киши өндирис үскенелери, көшпели дүканлар, мотороллер, скутер ҳәм басқа да "пул табар" үскенелер менен тәмийинлеў ўазыйпасы да жүклетилген.
Бир сөз бенен айтқанда, мәҳәлле банкирлери банктиң орынлардағы көз-қулағы, шаққан қол-аяғы ўазыйпасын атқарады. Ол жердеги кәмбағал шаңарақлардың қутқарыўшысына, өз бахтын излеп жүрген инсанлардың арзыў-нийетлерин банк ҳәм мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асыратуғын қаҳарманларға айланыўы талап етилмекте.
Санжар ЭШМУРОДОВ
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы