Нәтийжеде мәҳәлле тек ғана дәстүрий жәмийетлик институт емес, ал халықтың социаллық-экономикалық машқалаларын шешиўде әҳмийетли таяныш ноқатына айланды.

Соның ишинде, "мәҳәлле жетилиги" шөлкемлестирилгени мәҳәлле жумысында пүткиллей жаңа басқышты баслап берди. Бул система арқалы мәҳәлледеги ҳәр бир шаңарақтың жағдайы үйренилип, жумыссызлар, кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж қатлам ўәкиллери анық мәнзилли дизим тийкарында қоллап-қуўатланбақта. Бәнтлик, исбилерменликти раўажландырыў, кәсип-өнерге оқытыў ҳәм кредитлер ажыратыў сыяқлы мәселелер мәҳәллениң өзинде шешилип атырғаны кәмбағаллықты қысқартыўда сезилерли нәтийже бермекте.

Президентимиз Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында буған айрықша тоқтап өткени, мәҳәлле системасының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм әҳмийети тән алынғаны бәршемизди шексиз қуўантты. 2026-жылды "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы" деп жәриялаў усынысы мәҳәллелердиң жумысын буннан былай да күшейтиў, халықтың абаданлығын арттырыў жолында әҳмийетли қәдем болды, деп есаплайман.

Жаңа жылдың аталыўы да өзиниң мазмун-мәниси менен ҳәр биримиз ушын түсиникли. Себеби мәҳәлле - жәмийеттиң ең киши, бирақ ең әҳмийетли буўыны. Инсан биринши қәдем таслайтуғын, тәрбия алатуғын, қуўаныш ҳәм тәшўишти қоңсылары менен бөлисетуғын мәкан. Мәҳәлледе тынышлық, тәртип ҳәм аўызбиршилик болса, пүткил мәмлекетте турақлылық ҳәм раўажланыў орнайды. Егер мәҳәллемиз абат, жаслары жумыс пенен бәнт, кекселери ҳүрметте болса, бул әлбетте жәмийеттиң раўажланыўына хызмет етеди. "Мәҳәлле абат болса, мәмлекет абат болады", деп бийкарға айтылмаған.

Бүгин мәҳәлледеги ҳәр бир реформа, ҳәр бир абаданластырыў жумыслары адамлардың кейпиятына, исенимине ҳәм келешекке исенимине унамлы тәсир көрсетпекте. Мәҳәлледе жумыссызлық азайса, кәмбағаллық қысқарса, жаслар өз орнын тапса, жынаятшылық та өз-өзинен сапластырылады. Себеби татыў ҳәм абадан мәҳәлледе унамсыз жағдайларға орын қалмайды. Мәҳәлледеги бирде-бир машқала шетте қалмаса, ҳәр бир шаңарақ қоллап-қуўатланса, бул улыўмалық раўажланыўға алып келеди. Мәҳәллениң күши де сонда - ол халыққа ең жақын система.

Жас мәҳәлле баслығы сыпатында айтпақшыман, жаңа жылдың мәҳәлле менен байланыслы аталыўы бизге үлкен жуўапкершилик ҳәм жаңа ўазыйпалар жүклейди. Келеси жылы мәҳәллемизде социаллық белсендиликти арттырыў, исбилерменликти раўажландырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем көрсетиў және абаданластырыў жумысларын және де күшейтиў ушын бар күш ҳәм имканиятымызды жумсаймыз.

Ухум - Фориш районының ең үлкен мәҳәллелеринен бири. 4400 ге шамалас халық жасайтуғын мәҳәллемиздеги Ухум ҳәм Арсаф аўыллары туризмге қәнигелескен. Ҳәр жылы мыңлаған сырт елли ҳәм жергиликли туристлер келеди. 2026-жылы Ухумға турзим аўылы статусы берилиўи күтилмекте. Бул қарар мәҳәллемизди және де абат, халқымыздың турмысын абадан етиўде үлкен әҳмийетке ийе.

Усы мәнисте ҳәр биримиз мәҳәллемиздиң раўажланыўы ушын жуўапкермиз. Биргеликтеги ҳәрекетлер, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик мәҳәллелеримизди және де абат етеди. Абат мәҳәлле болса раўажланған жәмийет, турақлы мәмлекет дегени.

Қобилжон АЛТИЕВ,

Жиззах ўәлаяты Фориш районындағы "Ухум" МПЖ