Себеби мәҳәлле тек ғана ҳәкимшилик буўын емес, ал жаслардың тәғдири, тәрбиясы ҳәм социаллық машқалаларын шешиў орны болып есапланады.

Мәҳәлле әсирлер даўамында өзбек жәмийетиниң таяныш үстинлеринен бири болып келген. Бул жерде инсан өмири нәрестениң бесигинен баслап, ғаррылыққа шекем даўам етеди: бала усы жерде туўылады, ер жетеди, шаңарақ қурады, қуўаныш ҳәм тәшўишлерин қоңсы-қобалары менен бөлиседи. Демек, мәҳәлле тек ғана аймақлық бирлик емес, қәдириятлар, үрп-әдетлер, тәрбия ҳәм аўызбиршиликти әўладтан-әўладқа өткерип киятырған социаллық мектеп болып есапланады.

Бир қарағанда мәҳәлледе бир-биринен кескин парықланатуғын еки көринисти көриў мүмкин. Бир тәрепте қәбилетли, интакер, сырт елде оқып атырған, стартап ашып атырған, илим, спорт ҳәм көркем өнерде табысқа ерисип атырған жаслар. Екинши тәрепте болса бос ўақтын мазмунсыз өткерип атырған, интернет ҳәм социаллық тармақларға ҳәдден тыс байланып қалатуғын, миграция ямаса шаңарақлық машқалалар ақыбетинде социаллық турақсызлықты бастан өткерип атырған жас өспиримлер.

Жаслар машқалалары мәҳәлле кесиминде көп жағдайларда төмендегилерде көринеди:

- бәнтлик ҳәм дәрамат дереклериниң жетиспеўшилиги;

- билим ҳәм кәсип таңлаўдағы анықсызлық, "ким болыўын билмеў" жағдайы;

- бос ўақыттың мазмунлы шөлкемлестирилмегени, спорт ҳәм мәденият мәканларының жетерли емеслиги;

- информациялық ҳүжимлер ҳәм радикал идеяларға қарсы қорғаўсызлық;

- шаңарақлық келиспеўшиликлер, ажырасыўлар, миграция ақыбетинде қадағалаўсыз қалып атырған перзентлер.

Демек, "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" дегенде тек ғана жол қурыў, терек егиў ямаса имаратты оңлаўды түсиниў надурыс. Бул, бәринен бурын, мәҳәлле арқалы жаслардың тәғдирине тиккелей тәсир көрсетиў жылы болыўы керек.

Президентимиз Олий Мажлис ҳәм халқымызға Мүрәжатында мәҳәллени тек ғана өзин-өзи басқарыў системасы емес, ал халықты бирлестиретуғын, жасларды тәрбиялайтуғын, жәмийетте аўызбиршиликти беккемлейтуғын сийрек ушырасатуғын орын сыпатында атап өтти. Миллети ҳәм тилине қарамастан, пүткил халқымызды бирлестиретуғын идея "Ўатан ҳәм халық мәпи" деп тән алынар екен, бул мақсетке қарай барыўда мәҳәлле шешиўши буўын сыпатында көрилмекте. Жыл мүнәсибети менен қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада мәҳәлле инфраструктурасын жақсылаў менен бирге, жаслардың бәнтлиги, руўхый саламатлығы, руўхый дүньясы ҳәм санлы мәдениятын беккемлеў бойынша комплексли илажлар белгиленгени жаслар сиясаты реформалардың ең тийкарғы бағдары екенин және бир мәрте дәлиллейди.

Өзбекстанның демографиялық қурамы жаслардың үлеси жоқарылығы менен характерленеди. Яғный мәмлекетимиздиң дерлик 60 проценти жаслардан ибарат. Сонлықтан, соңғы жыллары жасларға айрықша итибар қаратылып, жаслар сиясаты бағдарында беккем ҳуқықый ҳәм институционаллық база жаратылды. Атап айтқанда, 2017-2025-жылларда 14 нызам, Президентимиздиң 30 дан аслам пәрманы ҳәм 60 тан аслам қарары, сондай-ақ, ҳүкиметтиң 100 ге шамалас қарары қабыл етилип, жаслар ушын 200 ден аслам жеңилликтен пайдаланыў имканияты жаратылды.

Бул институционаллық реформалар ҳәм илажлар өз нәтийжесин бермекте.

Бириншиден, жасларды қамтып алатуғын, дүньяда үлгиси жоқ бир пүтин система жаратылды. Мәҳәлле дәрежесине шекем жаслардың машқалаларын анықлаў ҳәм оларды шешиўге қаратылған "мәҳәлле жетилиги" ҳәм ондағы жаслар жетекшисиниң жумысы жолға қойылды. Бул система арқалы жасларды қоллап-қуўатлаў ушын дерлик 2 триллион сум ажыратылып, 1 миллион 500 мың жастың турмыста өз орнын табыўына жәрдем берилди.

Екиншиден, 600 мың жастың исбилерменлик жойбары ушын 13,5 триллион сум жеңиллетилген кредит қаратылды. Нәтийжеде соңғы сегиз жылда жас исбилерменлердиң саны 3 есеге артып, исбилерменлик субъектлериниң дерлик 40 процентин жаслар қурамақта. Бул илажлар даўам еттирилип, өткен жылдың өзинде жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын қосымша 400 миллион доллар ажыратылды.

Үшиншиден, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған системалы жумыслардың нәтийжесинде, халықтың саны 2016-жылдағыға салыстырғанда 17 процентке артқан болса да, бәнт болмаған жаслардың саны 2 есеге азайды.

Төртиншиден, жаслардың жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 2017-жылдағы 9 проценттен 42 процентке жетти, жоқары билимлендириў мәкемелериниң саны 77 ден 212 ге көбейди. Сондай-ақ, "Жаслар дәптери"не кирген жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери болған 110 мың студенттиң 332 миллиард сум контракт төлемлери мәмлекет тәрепинен төлеп берилди. Ҳаял-қызлардың билим алыў имканиятларын кеңейтиў мақсетинде магистратура басқышындағы билимлендириў контракт төлемлери мәмлекет тәрепинен қаплап берилиўи нәтийжесинде бул басқышта билим алып атырған ҳаял-қызлардың саны 11 есеге артты.

Бесиншиден, өткен 2016-жылға шекем мәмлекет есабынан 800 қәбилетли жас сырт елде абырайлы жоқары оқыў орынларында оқып келген болса, кейинги жети жылда "Эл-юрт умиди" қоры арқалы 3 есе көп (2300) жас сырт елде билим алыў имканиятына ийе болды. Бул нәтийжелер "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" шеңберинде мәҳәллени жаслар сиясатының ең төменги, ең жедел ҳәм ең мәнзилли буўыны сыпатында күшейтиў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Жәмиетти раўажландырыў, дәраматы орташадан жоқары мәмлекетлер қатарына шығыў ҳаққында сөз болғанда, көбинесе ири жойбарлар, үлкен инвестициялар тилге алынады. Негизинде болса бул мақсетлердиң тийкары мәҳәлле ҳәм жаслар буўынында жатады. Мәҳәлле тыныш болса, жас өзин қәўипсиз ҳәм қәдирли сезеди. Жаслар тыныш болса, оның потенциалы толық ашылады, жәмийет болса буннан утады.

"Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" бизге бир неше әпиўайы, бирақ әҳмийетли сораўларды еслетеди: мәҳәллемиздеги жасларды атлары, арзыў-нийетлери ҳәм машқалалары менен таныспыз ба? Оларды тек ғана ескертиў ҳәм қадағалаў арқалы емес, ал исеним ҳәм имканият арқалы қоллап-қуўатлап атырмыз ба? Егер ҳәр бир мәҳәлледе кеминде бир неше жаңа жас исбилермен пайда болса, "жолын таба алмай атырған" перзентлер ушын анық жол карталары ислеп шығылса, жаслар ушын ашық ҳәм жанлы мәдений-ағартыўшылық мәканлар жаратылса, ҳақыйқатында да 2026-жыл мәҳәлле ҳәм жаслар арқалы жәмийетти жетилистириў жылы сыпатында мөрленеди.

Бүгинги жойбарлар, ҳәрекетлер, әмелий жумыслар мине усы ийгиликли мақсетлерге қаратылғаны ҳәм жеделлик пенен жоқары басқышқа шығып атырғаны менен және де әҳмийетли ҳәм актуал болып есапланады.

Чарос МИРХОЛИҚОВА,

Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрларды

таярлаў институты доценти