Төрткүл районындағы Зиёкор мәҳәллесинде усындай бирге ислесиўдиң нәтийжеси сыпатында “Мәҳәлле сервис компаниясы” жумыс баслады.
Бул жойбар Президентимиздиң 2024-жыл 25-июньдеги “Мәҳәллелерди абаданластырыў, көклемзарластырыў ҳәм келбетин түп-тийкарынан жақсылаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары тийкарында республикамыздың ҳәр бир районында эксперимент сыпатында әмелге асырылмақта.
2025-жылы мәмлекет тәрепинен бул компания ушын өз алдына жер майданы ҳәм 350 миллион сум қаржы ажыратылған еди. Жақында “Stroy Gold” ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен заманагөй талапларға муўапық қурылған компанияның жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Мәмлекет тәрепинен “Зиёкор МСК” сервис компаниясы жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде жүк тасыўшы электромотоцикллер, мотокультиватор, дәри себиўши, кепсерлеў ҳәм басқа да 11 түрдеги зәрүр әсбап-үскенелер менен техникалар бийпул берилди.
Компания мәҳәллени абаданластырыў, көклемзарластырыў, көше ҳәм турақ жайлардың жағдайын жақсылаў, сондай-ақ, коммуналлық хызметлер менен халық арасында нәтийжели бирге ислесиўди тәмийинлеўди өз алдына мақсет еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.