Оған Басқарма басшылары, Нөкис қаласы ҳәм районлық бөлимлердиң баслықлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Әнжуманда Басқарма баслығы С.Турмановтың Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның бөлимлери тәрепинен халық пенен мәмлекет арасындағы «көпир» ўазыйпасын әмелге асырыўшы еркин ҳәм халықшыл структураға айланыўына жәрдемлесиў, улыўма мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша баянаты тыңланды.
Баянатта атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2023-жыл 21-декабрьдеги 209-санлы пәрманы ҳәм 402-санлы қарары тийкарында Өзбекстан мәҳәллелери ассосациясы шөлкемлестирилип, мәҳәллелерди басқарыўда пүткиллей жаңаша система-«Мәҳәлле жетилиги»ниң жумысы жолға қойылды. Әҳмийетлиси, бүгинги күни гүллән халқымыз «Мәҳәлле жетилиги»ниң жәмийетимиз турмысындағы тутқан орнын айқын сезинбекте.
-Өткен 2024-жылы республикамыз бойынша 36 өзин-өзи басқарыў уйымларының имаратлары жаңадан қурылып, 4 мәҳәлле кеңсесине ағымдағы, 3 мәҳәллениң имараты капитал оңлаў жумыслары жүргизилип пайдаланыўға тапсырылды. Усы жерде Нөкис районындағы «Дийқан арна» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылған кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумысларын да айрықша атап өтиўимиз керек, –деди Басқарма баслығы С.Турманов.-Итибарлы тәрепи сонда республикамыз бойынша дерлик барлық пуқаралар жыйынлары кеңселери жоқары тезликтеги интернет тармағына жалғанған болып, 2024-жылы барлық жыйын баслықлары 452 планшет, соның ишинде, 274 мәҳәлле компьютер, 234и болса, мебел үскенелери менен тәмийинленди. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-августтағы ПҚ-357-санлы қарары тийкарында, бүгинги күни барлық өзин-өзи басқарыў уйымлары Мәҳәллениң бирден-бир платформасы-«Санлы мәҳәлле» системасына бириктирилди.
Сондай-ақ, илажда елимиз Президентиниң арнаўлы қарарлары тийкарында әмелге асырылған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары, 2025-жылы ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша кең түрде мағлыўматлар берилди.
Әнжуманда журналистлер тәрепинен бүгинги күни кең жәмийетшиликти қызықтырып жүрген мәселелер бойынша сораўлар берилип, оларға жуўаплар алынды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.