Мәҳәлледе той-мәресимлерди ықшамластырыў мәселелери додаланды

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Руслан Джумамуратов Нөкис қаласындағы “Қутлы қоныс” ҳәм “Ботаника бағы” мәкан пуқаралар жыйынында болып, мәҳәлле жетилиги ҳәм белсендилери менен ушырасты.

    Илажда депутат тәрепинен елимизде нызамшылық тараўында жүз берип атырған өзгерислер ҳәм жаңалықлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

    Ушырасыў даўамында Парламент палаталары Кеңеслериниң “Тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлердиң өткерилиўин тәртипке салыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында”ғы қоспа қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм той-мереке ҳәм басқа да мәресимлерди артықша дәбдебе ҳәм ысырапгершиликсиз өткериў бағдарында мәҳәллелерде алып барылып атырған жумыслар додаланды.

    ондай-ақ, мәҳәлле жетилиги тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар, усыныслар тыңланып, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.

    Ушырасыўдан соң, депутат пуқаралардың қыйтақ жерлеринен пайдаланыў процеси менен танысты.

    Қарақалпақстан хабар агентлшиги.


    No date selected
    May 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates