25 Apr 2025
00:50

    Мәҳәллелерде исбилерменлик жумыслары және де кеңеймекте

    Аймақларда мәҳәлле жетилигиниң хызметин муўапықластырыў, халықтың машқалаларын шешиў, исбилерменликти раўажландырыў менен бирге пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар орынларда үлкен жуўапкершилик пенен даўам етпекте.

    Беруний районы Гүлистан мәҳәлле пуқаралар жыйынында өткен 2024-жылы даўамында шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде ҳәким жәрдемшисиниң усыныслары тийкарында 52 пуқараға 1 млрд 128,2 млн сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды. Ҳәзирги ўақытта бул имканиятлардан орынлы пайдаланған пуқаралар өзлериниң исбилерменлик жумысларын даўам етип, өзлери менен бирге басқа да жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге ериспекте.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech