"Барлық тәреплерди сабырлылық көрсетиўге ҳәм тек ғана әскерий-сиясий емес, ал гуманитарлық характерде де ақыбетлерин алдыннан айтыў қыйын болған қәўипли кескинлесиўге алып келиўи мүмкин болған кейинги қәдемлерден тыйылыўға шақырамыз.
Кризисти халықаралық ҳуқық тийкарында, сиясий-дипломатиялық қураллар ҳәм өз-ара мақул болған сөйлесиў арқалы шешиў мақсетке муўапық екенин атап өтемиз.
Өзбекстан Республикасы регионаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликти беккемлеўдиң избе-из тәрепдары болып есапланады ҳәм жағдайдың тез арада турақласыўына үмит етеди", делинеди министрликтиң билдириўинде.