Өзбекстан сыртқы ислер министрлиги Гонконгтағы қайғылы өрт себепли кеўил билдирди

    29 қараша 2025 260

    Өзбекстан Сыртқы ислер министрлиги Гонконгтағы турақ жай комплексинде жүз берген қайғылы өрт ақыбетинде, дәслепки мағлыўматларға бола, 128 адам қайтыс болғаны ҳәм 200 ге шамалас адам бийдәрек жоғалған деп есапланып атырғанынан терең өкиниш билдирди.

    Департамент қурбан болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирип, жарақатланғанлардың тезирек саўалып кетиўин тилейтуғынын атап өтти.

    Өзбекстанның Қытайдағы дипломатиялық ўәкилханасы ҳәм консуллық мәкемелери зыянланғанлар арасында Өзбекстан пуқараларының болыўы мүмкинлиги ҳаққындағы мағлыўматларды анықластырыў мақсетинде жергиликли ҳәкимият пенен оператив байланысты жолға қойды.

    Ҳәзирги ўақытта қайтыс болған ҳәм жарақатланғанлар арасында Өзбекстан Республикасы пуқаралары жоқ екенлиги мәлим. Жағдай Сыртқы ислер министрлигиниң турақлы қадағалаўында.

    Зәрүр жағдайларда Өзбекстан пуқаралары төмендеги телефонлар арқалы жәрдем сорап мүрәжат етиўи мүмкин:

    Өзбекстанның Қытай Халық Республикасындағы елшиханасы:

    +86 185 1441 7274

    +86 (10) 6532 6305.

    +86 (10) 6532 6304

    ch.uzembassy@mfa.uz

    Өзбекстанның Шанхай қаласындағы Бас консулханасы:

    +86 132 4800 8171

    Өзбекстанның Гуанчжоу қаласындағы Бас консулханасы:

    +86 132 4970 0996


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates