баннер
23 Mar 2025
21:17

    Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет шөлкемлестириледи

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Улыўма миллий татыўлық ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларды беккемлеўди жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы илажлар ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-52-санлы, 19.03.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола, Жәмийетте улыўма миллий татыўлық ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен байланысларды беккемлеўдиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип миллетлераралық қатнасықларды үйлестириў, жәмийетте дослық, өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм тилеклесликти беккемлеў арқалы бирден-бир пуқаралық өзликти қәлиплестириў белгиленди.

    Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети негизинде Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети шөлкемлестириледи.

    Комитет миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери тараўында мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўшы, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң усы бағдардағы жумысын муўапықластырыўшы ўәкилликли республикалық атқарыўшы ҳәкимият уйымы болып есапланады.

    Ҳәр жылы "Өзбекстан бирден-бир Ўатан!" сүрени астында елимиздеги барлық миллет ҳәм халық ўәкиллериниң өз-ара теңлигин, аўызбиршилигин, олардың Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына қосып атырған үлесин тән алыўшы әнжуман шөлкемлестириледи.

    Комитет "Ватандошлар" жәмийетлик фонды менен биргеликте ҳәр жылы сырт елдеги ўатанласлардың " Uz Global Think " форумын шөлкемлестиреди.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech