2017-жылдан жолға қойылған бул дәстүр өткен жылдың нәтийжелерин қалыс баҳалаў, мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли стратегиялық бағдарларын және келешектеги ўазыйпаларды анық белгилеўде нәтийжели сиясий механизм сыпатында көринбекте.

Мүрәжат - бәринен бурын, мәмлекет басшысының халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўи, жәмийет алдындағы жуўапкершилиги ҳәм есап бериўдиң әмелий көриниси болып есапланады. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң мүрәжатларына тән әҳмийетли тәрепи сонда, онда турмыстағы машқалалар жасырылмай, ашық-айдын айтылмақта, оларды сапластырыў бойынша анық илажлар, қаржы дәреклери ҳәм жуўапкер атқарыўшылар белгиленбекте. Бир сөз бенен айтқанда, бул мүрәжатнамалар "мәмлекет - халық ушын", деген ийгиликли принциптиң турмыстағы айқын көриниси болып, бәршемизди жаңа Өзбекстанды қурыў жолында бирлестирмекте.

Президентимиздиң 2025-жыл 26-декабрь күни Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған гезектеги Мүрәжаты мәмлекетти раўажландырыўдың 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларын белгилеп бергени, халқымыздың арзыў-нийетлерин ҳәм умтылысларын билдиргени менен айрықша әҳмийетке ийе болды. Мәмлекетимиз басшысы 2026-жылды елимизде "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти раўажландырыў жылы" деп жәриялаўды усыныс етти ҳәм бул баслама мәжилис қатнасыўшылары, сондай-ақ, халқымыз тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланды.

Бундай ат таңланыўы тосыннан емес. Оның тийкарында жыллар даўамында топланған тәжирийбе, пуқта ойланған сиясат ҳәм беккем ҳуқықый тийкар жәмленген. Мүрәжатта мәҳәлле системасының орны ҳәм әҳмийетине айрықша тоқтап өтилгени де буның айқын дәлили болып есапланады. Президентимиздиң "Мәҳәлле ҳәм жақсы қоңсышылық өз-ара үнлес қәдириятлар болып есапланады. Олар жәмийетте инсан ҳәм социаллық капиталды және де байытыўға шексиз үлес қосады", деген сөзлери соңғы жыллары мәҳәлле бағдарында әмелге асырылған реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

Ҳақыйқатында да, мәҳәлле системасы жаңа Өзбекстан реформаларының орайында тур. Ҳәрекетлер стратегиясынан баслап, "Абат аўыл", "Абат мәҳәлле" бағдарламалары, "Темир дәптер", "Жаслар дәптери", "Ҳаял-қызлар дәптери" сыяқлы механизмлердиң енгизилгени мәҳәлледеги социаллық машқалаларды орнында шешиў имканиятын жаратты. Мәҳәлле системасы хызметкерлериниң күни белгиленгени, дәслеп "үшлик", кейин "беслик", бүгин болса "жетилик" системасының жолға қойылғаны бул реформалардың үзликсиз даўамы болып есапланады.

Бүгин Өзбекстан 38 миллионнан аслам халыққа ийе үлкен мәмлекет болып табылады. Ҳәр жылы халықтың саны орташа 2 процентке өсип, 1 миллионнан аслам жаслар үлкен өмирге қәдем қоймақта. Бул санлар жаңа әўладтың үлкен дөретиўшилик потенциалын көрсетеди. Соның менен бирге, қыйын глобал шараятта жасларды ўатансүйиўши, пидайы ҳәм жуўапкершиликли инсанлар етип тәрбиялаўда, жәмийетти бирлестириўде мәҳәллениң орны шексиз. Социаллық сораўлар нәтийжесинде халықтың 90 проценттен асламы өзин мәҳәлле жәмийетшилигиниң ажыралмас ағзасы деп есаплайтуғыны да бул пикирди тастыйықлайды.

"Бирлескен - озады, бирикпеген - тозады", деген данышпанлардың ҳикмети бүгин де өз әҳмийетин жоғалтпаған. Тарийхта халқымыз ең аўыр сынақларды мәҳәлле бирлиги арқалы жеңип өткен. Бүгин де ҳәр қыйлы пикир ҳәм көзқараслардың болыўы тәбийғый, бирақ миллетти бирлестиретуғын уллы идея биреў - Ўатан ҳәм халық мәпи. Мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийет те турақлы болады. Усы философия тийкарында 2026-жылға тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мүрәжаттағы алты әҳмийетли тийкарғы бағдардан бириншиси - мәҳәлле инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаўға қаратылды. Журт абаданлығы мәҳәлледен басланады. Жол, суў, электр, мектеп, бақша ҳәм медицина мәкемелери - реформалардың нәтийжеси, бәринен бурын, мине усы тараўлар арқалы сезиледи. Сол себепли, 2026-жылдан ҳәр бир ўәлаятта 2-3 район таңлап алынып, олардағы барлық мәҳәллелерде машқалалар комплексли түрде шешиледи. Бул тәжирийбе Самарқанд ўәлаятының Ургут районынан басланды.

2026-жылы инфраструктура жойбарлары ушын 20 триллион сумға шамалас қаржы қаратылып, бақша, мектеп, поликлиника, жол ҳәм инженерлик тармақлары жаңаланады. Депутатлардың ўәкилликлери ҳәм финанслық имканиятлары кеңейтилип, ҳәр бир округте анық нәтийжеге ерисиў мақсет етилди. Район бюджетлериниң беккемлениўи болса жергиликли басламаларды әмелге асырыўда жаңа имканиятлар ашады.

Кәмбағаллықты қысқартыў да улыўма миллий ҳәрекетке айланды. "Мәҳәлледе санаат ҳәм хызмет" жойбарлары, микрожойбарлар, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў арқалы жүз мыңлаған жумыс орынлары жаратылады. Нәтийжеде 2026-жылы кәмбағаллық дәрежеси сезилерли қысқарып, мыңлаған шаңарақлар абадан турмысқа қәдем қояды.

Мәжилисте тиккелей Мүрәжатты тыңлап, сондай исенимли жуўмаққа келдим: халық - мәҳәлле - ўатан түсиниклери Президентимиз Шавкат Мирзиёев әмелий жумысының муқаддес идеясына, турмыслық формулаға айланған. Бул шеңбердиң негизинде ўатанның киши бир бөлеги болған мәҳәлледе жасап атырған ўатанласларымыздың тәғдирине қайғырыў, әпиўайы инсанлардың турмысын тезирек жақсылаў, олардың мүтәжликлерин терең аңлаў, мүнәсип турмыс кешириўи ушын зәрүр шараят жаратыў мақсети жатады. Айтыў мүмкин, өз ели ҳәм ўатанласларына болған бундай шексиз меҳир-муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери кемнен-кем сиясатшыға несип ететуғын ең жоқары инсаныйлық пазыйлетлерден есапланады.

Буның тастыйығы сыпатында Президентимиздиң Мүрәжатында билдирген төмендеги пикирлерин келтириў орынлы, деп ойлайман: "Ферғана ойпатынан Аралбойына шекем, Зарафшан ойпатынан Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрьяға шекем, Ташкенттен Жиззақ ҳәм Сырдәрьяға шекем - елимиздиң қайсы аймағында жасамасын, ҳәр бир пуқарамыз реформалардың нәтийжесин күнделикли турмысында және де көбирек сезиў керек...

Журт абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады. Әйне мәҳәлледеги жол, суў, электр ҳәм транспорт тәмийнаты, бақша, мектеп ҳәм шаңарақлық поликлиникадағы шараятларға қарап, адамлар реформаларымызға баҳа береди. Сонлықтан, мәҳәлле системасын раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып келген ҳәм сондай болып қалады.

Мәҳәлле инфраструктурасын түп-тийкарынан жақсылаў арқалы биз мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оның келбетин және де гөззал ҳәм абат етиў бағдарындағы жумысларды даўам еттиремиз".

Мәҳәлле раўажланса - жәмийет жоқары болады. Миллий тилеклесликтиң ең беккем қорғаны да әйне усы жерде - мәҳәлледе қарар табады.

Қаҳрамон ҚУРОНБОЕВ,

Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы баслығы,

сиясий илимлер докторы, профессор