Биринши миллий бағдарлама билим ҳәм тәжирийбени келешектеги раўажланыўымыздың тийкарғы капиталына айландырыўға қаратылған. Бул бийкарға емес. Себеби, заманагөй дүньяда раўажланыўдың бас дереги инсан ой-пикиринде, ең қымбат баҳалы капитал болса билим, ойлап табыў ҳәм жаңалық жаратыў қәбилетинде көрилмекте.

Усы жерде кейинги он жыл илим ҳәм инновациялар миллий раўажланыў орайына көтерилген дәўир болғанын атап өтиў керек. Ең әҳмийетлиси, бул басқышта жаңа илимий орталық, жаслардың қәбилетине итибар ҳәм мәмлекеттиң келешек модели қәлиплесе баслады.

Кеңейген имканият - раўажланып атырған илимий орталық

Илимниң тийкары - сапалы билимлендириў ҳәм кең көлемли талантлар резерви. Кейинги жыллары мәмлекетимиздеги жоқары билимлендириў шөлкемлериниң саны сезилерли дәрежеде артты. Жасларды жоқары билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 9 проценттен 44 процентке жетти. Бул өзгерислерге әпиўайы статистика сыпатында қараў қәте болады. Бурын пайтахтқа ямаса ири қалаға барыў имканияты болмаған көплеген жаслар ушын өз аймағында жоқары билим алыў, илимий дөгерекке қатнаў, лабораторияда ислеў ҳәм стартап баслаў имканияты пайда болды. Мәмлекетлик емес ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынларының кирип келиўи таңлаўды кеңейтип, бәсеки орталығын күшейтти.

Илимий потенциал да муғдар ҳәм қурам жағынан өсти. Республика бойынша илимий дәрежели педагоглардың үлеси 32,7 проценттен 52 процентке жетти. 2026-жылы докторантураға ажыратылған квоталар 5300 ди қурады. Бул мыңлаған жас изертлеўшилер ушын илимди кәсиплик жумыс сыпатында таңлаў имканияты кеңейгенин аңлатады.

Лабораториядан базарға шекемги жол

Жаңа басқыштың ең әҳмийетли белгиси илимий нәтийжени әмелий қунға айландырыўға талап күшейген. 2025-жылдың өзинде улыўма баҳасы 592,9 миллиард сум болған 824 жойбар қаржыландырылды (соннан 335 и жаңа илимий жойбар). Демек, бир жылда 757 жаңа ҳәм даўамлы жойбар ушын дерлик 795 миллиард сумлық қаржы ресурсы жумсалды. Бул қаржы фундаментал билимлерден баслап, санаат, аўыл хожалығы, медицина, энергетика ҳәм санлы технологиялар ушын әмелий шешимлерге шекемги кең бағдарларды қамтып алды.

Нәтийжелердиң экономикалық нәтийжеси де көзге таслана баслады. 2025-жылы 51,83 миллиард сумлық инновациялық өним ҳәм хызметлер коммерцияластырылып, мәмлекетлик бюджетке 6,2 миллиард сум салық түсти. Ишки ҳәм сыртқы базарларда коммерцияластырылған жаңа қолланбалардың саны 321 ге, илим ҳәм инновациялық жумыс тийкарында жаратылған жаңа қолланба ҳәм технологиялардың саны 252 ге жетти.

Заманагөй үскенесиз жетик изертлеў өткерип болмайды. Сонлықтан, илимий шөлкемлерди лабораториялық үскенелер менен тәмийинлеў ушын 3,48 миллион долларлық 133 әсбап-үскенени жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилди. Бул процесстиң кейинги әҳмийетли басқышы мәмлекеттеги лабораториялардан бир мәкемениң жабық мүлки сыпатында емес, ал изертлеўшилер, университетлер ҳәм кәрханалар пайдаланыўы мүмкин болған улыўма миллий илимий инфраструктура сыпатында нәтийжели пайдаланыў болып табылады.

Мәнзил тек пайтахт емес

Илимниң ҳақыйқый нәтийжеси аймақлар турмысына кирип барғанда сезиледи. Кейинги жыллары технологиялық парклер, венчур фондлары, бизнес-инкубаторлар, акселераторлар ҳәм инновация орайларын қамтып алған аймақлық инновациялық инфраструктуралардың саны 67 ге жетти. Аймақларды инновациялық раўажландырыў ушын 2021-жылдан 28 инновациялық район белгиленип, аймақларда 214 илимий, 102 стартап ҳәм 130 коммерцияластырыў жойбары әмелге асырылмақта. Бул объектлер жасларды оқытыў, идеяларды таңлап алыў, прототип таярлаў, инвестор менен ушырастырыў ҳәм киши өндиристи баслаў ушын жергиликли таяныш орынларына айланбақта.

Арал теңизиниң қурыған ултанында илимий-изертлеў станциясының шөлкемлестирилгени болса илимниң ең қурамалы экологиялық машқалаларға дус келип атырғанын көрсетеди. Мойнақ орайынан 65 километр узақта жайласқан бул аймақта Аралбойы машқалаларының илимий шешимине қаратылған 21 әмелий ҳәм инновациялық жойбар басланды.

Шорланыў, шаң-дуз бораны, өсимлик қапламы, суў ҳәм халықтың саламатлығы менен байланыслы мәселелерди кабинетте турып емес, тиккелей тәбийғый лабораторияның өзинде үйрениў имканияты пайда болды.

Дүнья тән алып атырған пәт

Миллий инновациялық системадағы өзгерислер халықаралық тән алыўларда да сәўлеленбекте. Жәҳән интеллектуаллық мүлк шөлкеминиң 2025-жылғы Глобал инновациялық индексинде Өзбекстан 139 мәмлекет арасында 79-орынды ийелеп, өз тарийхында биринши мәрте жетекши 80 ге кирди. Шөлкем мәмлекетимизди мийнет өнимдарлығының өсиўи бойынша 6-орын, бизнес орталығының қолайлығы бойынша 9-орын, илим ҳәм инженерлик бағдарлары питкериўшилериниң үлеси бойынша 13-орын ҳәм билимлендириў қәрежети бойынша 24-орында атап өтти.

Бул болса мәмлекетимизде инсан капиталы ҳәм исбилерменлик орталығының күшейип атырғанын көрсетпекте. Енди бул үстинликлерди жоқары технологиялық экспорт, илимий патентлер, жеке меншик сектордың изертлеўге инвестициясы ҳәм университет-санаат бирге ислесиўиндеги турақлы нәтийжелерге айландырыў талап етиледи.

Саннан сапаға

Илимий мақала патентке, патент исленбеге, исленбе болса бәсекиге шыдамлы өнимге айланыўы ушын университет, илимий шөлкем, кәрхана ҳәм инвестор арасында үзликсиз шынжыр ислеўи шәрт. 2026-жылы қабыл етилген жаңа илажлар мине усы сапа басқышын нәзерде тутады.

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар системасын "5Т - билимлендириў, тәрбия, изертлеў, коммерцияластырыў ҳәм системалы жетилистириў" принципи тийкарында раўажландырыў белгиленди.

"U 10 – Өзбекстанның глобаллық алдынғы университетлери" бағдарламасы шеңберинде таңлаў тийкарында 10 жоқары билимлендириў шөлкемине миллий изертлеў университети статусы берилиўи, олардың әтирапында жергиликли ҳәм сырт ел университетлери, илимий шөлкемлер және санаат кәрханаларын бирлестиретуғын илимий кластерлер шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.

Бул қатнас университетти тек ғана диплом беретуғын мәкемеден жаңа билим, технология ҳәм жоқары қосымша қун жарататуғын орайға айландырыўға хызмет етеди.

Ағартыўшылық ғәрезсизликке қарай

Ғәрезсизлик - өз тәғдирин өзи белгилеў ҳуқықы. Билимлендириў ҳәм технологиялық ғәрезсизлик болса мәмлекеттиң машқалаларына өз илимпазлары, инженерлери ҳәм исбилерменлери менен шешим табыў имканияты болып табылады.

Кейинги жылларда жаңа Өзбекстан әне усы имканияттың ҳуқықый тийкарын, инфраструктурасын ҳәм инсан капиталын қурды. Алдымызда болса және де жуўапкершиликли ўазыйпа тур: жаратылған имканиятларды жәҳән дәрежесиндеги илимий нәтийжеге, миллий экономика ушын бәсеки үстинлигине ҳәм ҳәр бир инсанның турмысында сезилетуғын абаданлыққа айландырыў.

Ата-бабаларымыз ағартыўшылықты азатлыққа алып баратуғын жол деп билген. Бүгин биз бул жолдың заманагөй даўамын лабораторияда, университет аудиториясында, инженерлик мектебинде ҳәм Жаслар технопарклеринде көрмектемиз.

Себеби, келешек күтилмейди. Ол билим, мәртлик ҳәм дөретиўшилик пенен ҳәр күни қурылады. Жаңа Өзбекстанның ең үлкен инновациясы да, тийкарында, өз күшине исенген ҳәм келешекти өзи қурып атырған жаңа әўлад болып есапланады.

 

Фазлиддин МЎМИНОВ,

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги

басқарма баслығы