Илажда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасып, халқымызды уллы байрам менен қызғын қутлықлады.

Мәмлекетимиз басшысы ең уллы байрамымыз Жаңа Ташкентте өткерилип атырғаны байрамға өзгеше руўх бағышлап атырғанын атап өтти. Келешекте илим, билимлендириў ҳәм мәденият орайына айланатуғын бул аймақта "Жаңа Өзбекстан" университети, Низамий Ганжаўий атындағы Өзбекстан Миллий педагогика университети ҳәм Өзбекстан Миллий китапханасының саўлатлы имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.

Бул жерде жайласқан фонтан дүньядағы ең жоқары ағысқа ийе музыкалы фонтан сыпатында Гиннестиң рекордлар китабына киргизилгени де айрықша байрам кейпиятын бағышлайды. Жаңа Ташкент пайтахтымызға және де көрик бағышлап, Жаңа Өзбекстанның күш-қүдиретин өзинде жәмлеген ҳақыйқый раўажланыў орайына айланатуғынына исеним билдирилди.

Президентимиз елимиз 1991-жылы халқымыздың беккем ерк-ықрары ҳәм исеними менен мәмлекетлик ғәрезсизликке ерискенин атап өтти. Уллы ғәрезсизлигимиздиң тамырлары тарийхқа, миллий мәмлекетшилик дәстүрлерине, үш мың жылдан аслам әййемги цивилизациямызға барып тақалатуғыны атап өтилди.

Биринши ҳәм Екинши Ренессанс дәўиринде Мухаммед Хорезмий, Ахмед Ферғаний, Абу Райхан Беруний, Абу Али ибн Сино, Мырза Улуғбек, Мир Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы ойшыллар инсаният ой-пикир гәзийнесин байытты. Саҳыпқыран Әмир Темур қурған мәмлекет әдиллик ҳәм дөретиўшилик тымсалы сыпатында тарийхқа кирген болса, жадид бабаларымыздың азатлық ҳаққындағы әрманлары бүгин Жаңа Өзбекстанда әмелге аспақта.

Ғәрезсизлик халқымыздың ар-намысы, муқаддес дини, ана тили, умытылып баратырған миллий қәдириятларын тикледи. Мәресимде ҳәзирги еркин турмыс ушын жанын пидә еткен уллы ата-бабаларымыз, жадид бабаларымыздың естелигине ҳүрмет көрсетилди. Ғәрезсизлигимизди беккемлеўге үлес қосқан барлық ўатанласларымыздың мийнети ҳәм мәртлиги атап өтилди.

Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың жарқын естелиги терең ҳүрмет пенен еске алынған.

Мәмлекетимиз басшысы ғәрезсизликтиң уллы әҳмийети, бәринен бурын, инсанның қәдир-қымбаты ҳәм еркин турмысында көринетуғынын атап өтти.

Реформалардың дәслепки күнлеринен халық даўысына қулақ салыў, халықтың машқалаларын шешиўге жәрдемлесиў тийкарғы мақсет етип белгиленип, "Инсан қәдири ушын!" идеясы мәмлекетлик сиясаттың орайына қойылды. Бәринен бурын, адамларды жыллар даўамында қыйнап киятырған "пахта буўыны", "мәжбүрий ҳәм балалар мийнети", "конвертация шеклеўлери", "прописка" сыяқлы машқалаларға шек қойылды.

Ең әҳмийетлиси, адамлардың қәлбинен қорқыныш ҳәм қәўетер емес, ал исеним ҳәм қәтержамлық беккем орын алды. Қатаң сиясий ерк-ықрар себепли Өзбекстан дүньяға кеңнен ашылды, шегара машқалалары шешилди, қоңсылар менен дослық байланыслары ҳәм бирге ислесиў беккемленди.

Валюта, салық, бажыхана ҳәм инвестиция сиясатындағы түпкиликли реформалар нәтийжесинде мәмлекетимиз "Экономикалық еркинлик индекси"нде 80 текшеге көтерилди. Бурын миллий экономикаға жылына 2-3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы тартылған болса, ҳәзирги ўақытта 40-50 миллиард доллар тартылмақта. Мәмлекетимизге инвестиция менен бирге алдынғы технологиялар, заманагөй билим ҳәм жаңа экономикалық имканиятлар кирип келмекте.

Атап өтилгениндей, буннан үш жыл алдын 2030-жылға шекем жалпы ишки өним көлемин 160 миллиард долларға жеткериў режелестирилген еди. Глобаллық логистикадағы үзилислер ҳәм дүньядағы тыныш емес жағдайға қарамастан, бул шек усы жылдың өзинде-ақ арттырылады ҳәм Өзбекстан дәраматы орташа көрсеткиштен жоқары болған мәмлекетлер қатарына киреди.

Бундай нәтийжелерге пидәкерлик мийнети, халқымыздың интеллектуаллық потенциалы, улыўма миллий аўызбиршилик себепли ерисилип атырғаны атап өтилди.

Жаңа дәўирде 650 мыңнан аслам шаңарақ жаңа ҳәм заманагөй турақ жайларға ийе болды, мыңлаған мәҳәллелерге Жаңа Өзбекстан көриниси кирип келмекте. Мәмлекетимизде кәмбағаллық бар екенлиги ашық тән алынып, дәраматларды арттырыў, кәсип-өнер ийелеў, денсаўлықты беккемлеў, балаларды оқытыў, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турмыс шараятын жақсылаў бойынша мәҳәлле кесиминде ислеў системасы жолға қойылды.

Избе-из ҳәрекетлер себепли кәмбағаллық дәрежеси 2017-жылдағы 35 проценттен 4 процентке азайғаны атап өтилди. Бул санлардың артында шаңарағында берекет пайда болған, турмыс сапасы жақсыланған 10 миллион халықтың қуўанышы, шүкиршилиги бар. Усы тәризде социаллық сиясаттың тийкарғы өлшеми цифрлар емес, ал инсан ҳәм шаңарақ турмысындағы анық өзгерислер болып есапланады, деген принцип беккем орнады.

Президентимиздиң атап өткениндей, дүнья жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеў ушын бизге еркин пикирлейтуғын, терең билимли, келешек кәсиплерин жетик ийелеген әўлад керек. Соның ушын билимлендириў тараўындағы оқыў процеси жаңа сапа ҳәм мазмун менен байымақта. Муғаллимлердиң абырайы артып, дәраматы көбеймекте.

Соңғы 10 жылда халқымыз 8 миллионға көбейип, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 78 процентке жеткерилди, мектеплерде қосымша 1,5 миллион оқыўшы орны жаратылды. Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң шөлкемлестирилгени, шет тиллерин үйрениў ҳәм кәсип-өнер ийелеў имканиятларының жаратылғаны билимлендириў системасына жаңа мазмун бағышлады.

Студентлер саны 1 миллион 600 мыңға жетти. Ата-аналар ушын перзентлериниң жоқары мағлыўмат алыўы енди әпиўайы әрман емес, ал ерисилетуғын мақсетке айланды. Студентлердиң ярымынан көбин ҳаял-қызлар қурайтуғыны, бул болса Үшинши Ренессанстың өзине тән көриниси екени атап өтилди. Билимли қызлар - бул билимли шаңарақ, билимли әўлад ҳәм ағартыўшы жәмийет, - деп атап өтти Президент.

Билимлендириў менен бир қатарда илим, заманагөй технологиялар ҳәм инновациялар раўажланыўдың әҳмийетли факторы сыпатында белгиленди. IТ, жасалма интеллект ҳәм креатив экономиканы раўажландырыўға жаңа пәт берилди. Санлы индустрия ҳәм келешек кәсиплерине 10 миллион жасты тартыў мақсет етип қойылды.

Ғәрезсизлик байрамы алдынан қытайлы шериклер менен биргеликте космосқа "Самарқанд-2028" жолдасы ушырылғаны айрықша мақтаныш пенен атап өтилди.

Президентимиз Өзбекстан технология тараўындағы алдыңғы басламалар орайына айланыўы керек екенлигин атап өтти. Өзбек тили болса санлы мәканда билим ҳәм технологиялар жаратылатуғын тил.

Соңғы жыллары медицина тараўын раўажландырыўға жумсалған қәрежетлер 8 еседен зыятқа көбейген. Пайтахт ҳәм аймақларда сапалы медициналық жәрдем алыў имканиятлары кеңейди, 652 жаңа медицина мәкемеси шөлкемлестирилди, жеке меншик секторға кеңнен имканиятлар берилди.

Нәтийжеде көрсетилип атырған медициналық хызметлер көлеми 3 есеге артты, алдын тек ғана сырт елде әмелге асырылған 100 ден аслам қурамалы диагностика ҳәм емлеў усыллары елимизде де табыслы өзлестирилди. Халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығы 1991-2025-жыллар даўамында 66,4 жастан 75,4 жасқа артқан. Нәресте ҳәм аналар өлими 4 есеге азайды.

Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий ҳәм Бурханиддин Марғиноний естелик комплекслери сыяқлы халқымыздың бийбаҳа руўхый мийрасына мүнәсип тәкирарланбас илимий-ағартыўшылық орайлар қурылды. Бул орынлар елимизде, ислам дүньясында ҳәм пүткил дүньяда кеңнен тән алынып атырғаны атап өтилди. Уллы бабаларымыздың илимий-ағартыўшылық мийрасын үйрениў ҳәм дүнья жүзинде кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған дөретиўшилик жумыслар избе-из даўам еттириледи.

Мәмлекетимиз басшысы Жаңа Өзбекстан жасларын мәмлекеттиң ең үлкен байлығы, ертеңги күнниң шешиўши күши, деп атады. Мақсетли ҳәм мийнеткеш жигит-қызларды қоллап-қуўатлаў ушын ҳәр жылы 20-25 триллион сум ажыратылып атырғаны, бизнес ўәкиллериниң 35 процентин жас исбилерменлер қурайтуғыны атап өтилди.

Токио ҳәм Парижде болып өткен Олимпиада ҳәм Паралимпиада ойынларындағы тарийхый жетискенликлер, футболшыларымыздың тарийхта биринши мәрте жәҳән чемпионатында қатнасыўы, жасларымыздың халықаралық пән олимпиадалары, таңлаў ҳәм фестивальлардағы жеңислери халқымызға үлкен мақтаныш бағышлайды. Самарқандта өткерилетуғын Жәҳән шахмат олимпиадасы ҳәм гроссмейстер Жавоҳир Синдаровтың жәҳән шахмат тажы ушын гүреслери алдынан жасларымызға үлкен жеңислер тиледи. Жигит-қызларды ҳеш қашан жетискенликлерде тоқтап қалмаўға, бәрқулла алға умтылып, бәрқулла излениўде болыўға шақырды.

Президентимиз мәмлекетимиз раўажланыўдың пүткиллей жаңа басқышына қәдем қойып атырғанын атап өтти. Келеси он жыллық биз ушын миллий раўажланыў дәўири болады, деди мәмлекетимиз басшысы, бул мақсет халқымыздың интеллектуаллық потенциалы, мийнети ҳәм аўызбиршилиги менен әмелге асырылатуғынын атап өтип.

Усы мақсетте жақын жылларда инсанның қәдир-қымбатын және де жоқарылатыўға қаратылған 7 миллий бағдарлама әмелге асырылады. Олар билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаўдан баслап, жоқары технологиялы экономика, экология, әдилликти тәмийинлеў, мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм сыртқы сиясатқа шекемги тийкарғы бағдарларды бирден-бир мақсет әтирапында бирлестиреди.

Биринши миллий бағдарлама билим ҳәм көнликпелерди раўажланыўымыздың тийкарғы капиталына айландырыўға қаратылған.

Оған муўапық, қысқа мүддетте алты жасар балаларды таярлаў топарларына қамтып алыў 100 процентке жеткериледи, жеке меншик бақшаларды шөлкемлестириў ушын әмелдеги жеңилликлер сақлап қалынады. Барлық мектеплер халықаралық баҳалаў бағдарламалары менен толық қамтып алынады.

Техникумларда халықаралық билимлендириў стандартлары енгизилип, жасларды жоқары дәраматлы кәсип-өнерлерге оқытыў көлеми 1 миллионға жеткериледи. Жаңа Өзбекстанда бирде-бир жигит-қызды кәсипсиз қалдырмаў, жақын жылларда мәмлекетимиздеги кеминде 10 жоқары оқыў орнын дүньяның ең жақсы 1000 университетиниң қатарына киргизиў ўазыйпасы қойылды.

Екинши миллий бағдарлама халқымыздың денсаўлығы ҳәм узақ жасаўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Халықтың саламатлығына байланыслы мәмлекетлик қәрежетлер келеси бес жылда жалпы ишки өнимниң 5 процентине жеткериледи. Профилактиканы күшейтиў есабынан денсаўлықты сақлаў системасы саламатлықты сақлаў моделине өтеди.

Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў мәмлекеттиң барлық шаңарақларын қамтып алады. Қәнигелескен медицина тараўында бәсекини күшейтиў ушын дүньяның кеминде бес ең абырайлы клиникалары тартылады, Өзбекстан болса заманагөй медицина, фармацевтика, биотехнологиялар ҳәм медициналық билимлендириўди раўажландырыў орайына айланады.

Үшинши миллий бағдарлама экономиканы жоқары технология ҳәм мийнет өнимдарлығына тийкарланған модельге өткериўге қаратылған.

Усы мақсетте келеси он жылда экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин сақлап қалған ҳалда, 450 миллиард доллар сырт ел инвестициялары тартылады.

2030-жылға барып жалпы ишки өним көлеми 300 миллиард долларға жеткериледи, санаатта 2 миллион жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылады. Стартаплар, венчур капитал ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў тийкарғы бағдарға айланады, киши бизнестиң орта бизнеске, орта кәрханалардың болса ири компания ҳәм корпорацияларға айланыўы ушын бир пүтин экосистема жаратылады.

Бул илажлар есабынан жақын он жылда халықтың жан басына жалпы ишки өним көлеми 10 мың доллардан артады. Бул экономикалық раўажланыў халықтың дәраматлары ҳәм турмыс сапасында анық сәўлелениўин тәмийинлеў имканиятын береди.

Төртинши миллий бағдарламада суў ҳәм тәбиятқа болған қатнасты түп-тийкарынан өзгертиў нәзерде тутылған.

Келеси бес жылда егислик майданларында суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўы 100 процентке жеткерилиўи улыўма миллий мақсет болады.

"Жасыл мәкан" улыўма миллий ҳәрекети сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығылады. Мектеп, бақша, емлеўхана ҳәм көп қабатлы турақ жайлардың әтирапындағы жасыл аймақлар жәмийеттиң қол қатылмас мүлки сыпатында қорғалады, жақын жылларда район ҳәм қала орайларының көклемзарластырыў дәрежеси 30 процентке жеткериледи. Тәбиятқа мүнәсибет - бул халықтың мәденияты, мәмлекеттиң жуўапкершилиги ҳәм раўажланыўдың сапа көрсеткиши екени атап өтилди.

Бесинши миллий бағдарлама суд системасының ғәрезсизлигин беккемлеў, нызам үстинлигин улыўма қәдириятқа айландырыўға қаратылған.

Ҳуқықый тәрбия мектептен баслап анық система тийкарында жолға қойылады, пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң нызамлы кепилликлерин күшейтиў бойынша реформалар исенимли даўам еттириледи.

Кибержынаятшылық, нәшебентлик ҳәм адам саўдасының алдын алыў илажлары және де күшейтиледи. "Жасырын экономика", шөлкемлескен жынаятшылық, ҳаял-қызлар ҳәм балалар ҳуқықларының бузылыўына қарсы гүресиў жаңа басқышқа алып шығылады.

Алтыншы миллий бағдарлама мәҳәллени жәмийетлик раўажланыўдың тийкарғы буйыртпашысына айландырыўға қаратылған.

Адамлардың кейпияты, шаңарақлардың абаданлығы, жаслардың арзыў-нийетлери, исбилерменлердиң интакерлиги бәринен бурын мәҳәлледе көринетуғыны атап өтилди. Буннан былай район бюджети, инвестициялық бағдарламалар ҳәм инфраструктура жойбарлары мәҳәллениң буйыртпасы тийкарында ислеп шығылады, пуқаралардың талап ҳәм мүтәжликлери, мәҳәллениң абаданлығы тийкарғы өлшем болады.

Жетинши миллий бағдарлама Өзбекстанның тынышлық ҳәм дослық, кеңпейиллик ели сыпатындағы абырайын ҳәр тәреплеме арттырыўға қаратылған.

Елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 диний конфессия ўәкиллери татыў ҳәм аўызбиршиликте жасап атырғаны, миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик халқымыздың алтын фонды екени атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң ашық, прагматикалық ҳәм тынышлық сүйер сиясаты узақ мүддетли раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди. Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм дослық байланысларын кеңейтиўде тарийхый жетискенликлерге ерисилди, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Европа Аўқамы, Америка, Азия-Тыныш океаны регионы ҳәм араб-мусылман дүньясы мәмлекетлери менен қатнасықлар беккемленди.

Шығыс Европа, Африка ҳәм Латын Америкасы мәмлекетлери менен бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары ашылды. Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан мәмлекетлердиң саны дерлик 170 ке жетти. Көп қырлы, ақылға уғрас ҳәм тең салмақлы сыртқы сиясат ҳәм экономикалық дипломатия избе-из даўам еттириледи.

2027-2029-жылларда мәмлекетимиз биринши мәрте Қосылмаў ҳәрекетине басшылық етеди ҳәм 120 дан аслам мәмлекетти бирлестирген бул глобаллық структураның нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған басламаларды алға қояды. Өзбекстанның Аўғанстан бойынша конструктивлик сиясаты исенимли даўам еттирилетуғыны атап өтилди.

Президентимиз салтанатлы илажда қатнасып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллерине, сырт ел ғалаба хабар қуралларының хызметкерлерине, сондай-ақ, АҚШ, Түркия ҳәм Сингапурдан келген жоқары мәртебели мийманларға нәтийжели бирге ислесиў ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында исеним менен халыққа мүрәжат етти: "Биз бүгин кешегиден де күшлимиз. Қуда қәлесе, ертең және де күшли боламыз. Президентимиз атап өткениндей, отыз бес жыллық ғәрезсиз раўажланыў жолы бир ҳақыйқатты көрсетти: егер халық ҳәм мәмлекет бир мақсет жолында бирлесип, пүткил жанкүйерлик пенен ҳәрекет еце, асып болмайтуғын шың қалмайды.

Президентимиз барлық ўатанласларымызды жаңа турмыс ҳәм уллы келешекти бир жағадан бас шығарып қурыўға шақырды. Ўатанымыздың алтын дәўири, оның жаңа уллы тарийхы халқымыздың мәртлиги, мийнети ҳәм аўызбиршилиги менен жаратылатуғынына исеним билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысы барлық ўатанласларымызды Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен және бир мәрте қутлықлап, елимизге тынышлық, шаңарақларға абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Ғәрезсизликтиң дөретиўшиси ҳәм ҳақыйқый қурыўшысы болған халыққа мақтаныш билдирип, мәмлекетимиз басшысы өзиниң мүрәжатын: "Жасасын Өзбекстан Республикасы! Жасасын Өзбекстан халқы!