Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасындағы Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясы ҳәм "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы фракциясы "Раўажланыў блоги"н шөлкемлестириў бойынша келисимге қол қойды.
"Раўажланыў блоги" 93 депутатты бирлестирип, парламенттеги көпшиликти қурайды ҳәм жетекши сиясий күшке айланады.
Бул блокты дүзиўден тийкарғы мақсет - Исбилерменлер ҳәрекети - Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ҳәм "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы фракцияларының ҳәрекетлерин бирлестириў арқалы партиялардың бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын нәтийжели әмелге асырыўға ерисиўден ибарат.
Партиялардың парламентте бирден-бир күш сыпатында бирлесиўине бағдарламалық мақсетлер, сиясий идеология ҳәм бағдарлардың уқсаслығы ҳәм идеялық сәйкеслиги, сондай-ақ, көп жыллық жумыс даўамында топланған әмелий тәжирийбе тийкар болып хызмет етеди.
Еки партия бағдарламалық көзқараслар, мақсет ҳәм ўазыйпалар жағынан бир-бирине жақын. Сиясий майданда ҳәр еки партия идеялық жақтан оң қанатта жайласқан болып, ӨзЛиДеП оң-орай, "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы болса оң партия есапланады.
"Раўажланыў блоги" турақлы экономикалық өсиў арқалы халықтың абаданлығын тәмийинлеў, миллий мәплерди қатаң қорғаў, көп әсирлик миллий-тарийхый тәжирийбеге сүйенип жумыс алып барыўды әҳмийетли деп есаплайды. Өзбекстан раўажланыўын фракцияларды бирлестириўши тийкарғы фактор деп биледи.
Партиялар арасындағы бирге ислесиў нәтийжелери бүгинги күнде айқын көзге тасланбақта. Биргеликтеги ҳәрекетлер нәтийжесинде мәмлекетте әҳмийетли реформалар әмелге асырылды.
Партиялардың жәмийет ҳәм мәмлекет ушын әҳмийетли мәселелерди шешиўдеги бирге ислесиў тәжирийбеси бул әмелиятты парламент жумысына енгизиў имканиятын береди.
Мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўын жеделлестириў, миллий мәплерди жүзеге шығарыў ҳәм елимиздиң раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли қарарлар қабыл етиў процесслеринде еки партия бирден-бир күш сыпатында белсене қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылады.
"Раўажланыў блоги"ниң тийкарғы жумыс бағдарлары сыпатында төмендегилер белгиленди:
миллий экономикада мәмлекет қатнасыўын қысқартыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў, монопол тараўларды базар принциплерине өткериў;
ҳәр бир пуқараның жеке мүлк ҳуқықының қол қатылмаслығын тәмийинлеў, пуқаралардың экономикалық жумыс еркинлигин хошаметлеў арқалы халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
сөз еркинлигине қарсы ҳәр қандай урыныўларға қарсы турыў ҳәм ғәрезсиз мәмлекетлик емес баспасөз системасының раўажланыўын қоллап-қуўатлаў және еркинлик ҳәм ашық-айдынлық сиясатын избе-из даўам еттириў;
билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм инсан потенциалын раўажландырыў, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлери арасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў;
денсаўлықты сақлаў системасын санластырыў, медициналық қамсызландырыўды енгизиў, мәмлекетлик емес медициналық шөлкемлерди раўажландырыў;
салық ҳәкимшилиги системасын әпиўайыластырыў, барлық исбилерменлер ушын салықты төлеў бағдарында әдил ҳәм тең шараятлар жаратыў, салық ставкаларының өзгермеўин тәмийинлейтуғын сиясат жүргизиў;
мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин қысқартыў, санластырыў арқалы бюрократияны сапластырыў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў;
пуқараларға жеке таңлаў имканиятын беретуғын жеке меншик қор пенсия системасын жаратыў, бәсекиге шыдамлы ҳәм базар механизмлери арқалы басқарылатуғын заманагөй, ашық-айдын пенсия системасына өтиў;
мәмлекеттиң суверенитети ҳәм қәўипсизлигин кепиллеў.
Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы ҳәм "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы фракциялары бул блок арқалы улыўма мәплерге ерисиў жолында бирге ислесиўди және де нәтийжели жолға қояды.
Бул баслама миллий мәплерге хызмет етип, мәмлекетти және де раўажланған, қүдиретли, әдил ҳәм заманагөй мәмлекетке айландырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болады.
Партиялар электорат исеними ҳәм қоллап-қуўатлаўын ақлаў ушын өз жумысын нәтийжели даўам еттиреди.









