Денсаўлықты сақлаў министрлиги электрон рецептлерди енгизиў тәртибин түсиндирди

    Саламатлық 13 желтоқсан 2025 325

    Кейинги күнлерде жәмийетте электрон рецепт системасын енгизиў мәселеси қызғын додаланбақта. Усы мүнәсибет пенен Денсаўлықты сақлаў министрлиги қосымша түсиник ҳәм анықлықлар киргизиў зәрүр, деп есаплайды.

    "Электрон рецепт" системасын енгизиўден тийкарғы мақсет емлеў қәўипсизлигин арттырыў ҳәм наўқаслардың денсаўлығын қорғаў, дәри қуралларын тайынлаўда шыпакерлердиң жуўапкершилигин күшейтиў, бул процессти тәртипке салыў, денсаўлықты сақлаў системасында санлы есапқа өтиў, сондай-ақ, контрафакт ямаса надурыс қолланылып атырған дәри қуралларының айланысы менен байланыслы қәўип-қәтерлерди азайтыўдан ибарат.

    Ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласы ҳәм нормативлик ҳүжжетлерде белгиленген 15 районда "Электрон рецепт" системасы енгизилмекте. Системаны республика бойынша кеңейтиў 2026-жылдың ақырына шекем басқышпа-басқыш режелестирилген болып, анықланған шөлкемлестириўшилик ҳәм техникалық мәселелерди есапқа алған ҳалда, таллаў нәтийжелери тийкарында әмелге асырылады. Пилотаж басқышының мақсети - кемшиликлерди анықлаў ҳәм механизмлерди толық енгизгенге шекем жетилистириў.

    Денсаўлықты сақлаў министрлиги пуқаралардың тәшўишлерин толық түсинеди ҳәм атап өтеди: айрықша жағдайларда, сондай-ақ, балалар, кекселер ҳәм созылмалы кеселликлери бар наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиўде ҳеш ким зәрүр дәри-дәрмақларсыз қалмайды. Бул категориядағы наўқаслар айрықша қадағалаўға алынады.

    Жаңа системаны енгизиў дәўиринде министрдиң басшылығында Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында турақлы жумыс алып баратуғын Жумысшы топар дүзилди. Оның қурамына шыпакерлер, дәрихана шөлкемлериниң ўәкиллери ҳәм МКТ қәнигелери киреди. Жумысшы топар тәрепинен системаның әмелиятта қолланылыўы турақлы түрде мониторинг етилип, пуқаралар ҳәм медицина хызметкерлериниң мүрәжатлары тыңланбақта, поликлиникалардағы жүклеме, санлы хызметлердиң турақлылығы ҳәм дәри-дәрмақ қуралларын бериў тәртиби талланбақта. Зәрүр жағдайларда тезлик пенен тийисли өзгерислер киргизиледи.

    Шыпакердиң рецептисиз берилетуғын тийкарғы турмыслық әҳмийетке ийе дәри қуралларының базалық дизими қәлиплестирилди. Оның мақсети - халықтың күнделикли ҳәм қыстаўлы жағдайларда өз ўақтында жәрдем алыў имканиятын тәмийинлеўден ибарат. Дизим халықаралық әмелият, шыпакерлердиң усыныслары ҳәм турмыслық шараятларды есапқа алған ҳалда ислеп шығылған ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң рәсмий мәлимлеме ресурсларында жәрияланған. Онда әмелий қолланыў жуўмақлары бойынша ҳәм келип түсип атырған усынысларды есапқа алған ҳалда анықластырылыўы ҳәм толықтырылыўы мүмкин.

    Ташкент қаласы ҳәм 15 тәжирийбе аймағындағы дәриханаларда "Электрон рецепт" системасын енгизиў шеңберинде келип шығатуғын мүрәжатларды қабыллаў ушын @ssv_pilotbot телеграм боты жаратылды. Оның жәрдеминде дәри-дәрмақ қуралларын бериў системасы ҳәм тәртиби менен байланыслы барлық мүрәжатлар биринши гезекте көрип шығылады.

    Денсаўлықты сақлаў министрлиги "Электрон рецепт" системасының енгизилиўи бойынша жәмийетшиликти турақлы түрде хабардар етип барады.

    Министрликтиң тийкарғы ўазыйпасы емлеўдиң қәўипсизлиги ҳәм зәрүр дәри-дәрмақлардың арзанлығы арасында тең салмақлылықты тәмийинлеў, барлық қарарларды тек ғана наўқастың мәпинен келип шығып қабыл етиўден ибарат.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates