Өзбекстан ҳәм Бангладеш министрлери жоқары билимлендириў ҳәм илим тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерин додалады

    Билимлендириў 7 қараша 2025 923

    Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Коңыратбай Шарипов Бангладеш Халық Республикасы билимлендириў министри Чоудхури Рафикул Абрар менен ушырасты.

    Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер еки мәмлекет арасында жоқары билимлендириў, илимий изертлеўлер ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеў перспективаларын додалады. Биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын, илимий жойбарларды әмелге асырыў, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер алмасыўы мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университети Бангладеш университетлери менен турақлы шериклик байланысларын жолға қойғаны, бул өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратып атырғаны атап өтилди.

    Ушырасыўда илим ҳәм инновациялар тараўындағы шерикликти раўажландырыў, соның ишинде, қоспа конференциялар, семинарлар шөлкемлестириў, стартаплар ҳәм технопарклерди қоллап-қуўатлаў жоллары да додаланды.

    Буннан тысқары, тәреплер сырт елли студентлер ушын қолайлы шараятлар жаратыў, атап айтқанда, Самарқанд мәмлекетлик университетинде тәбийғый пәнлер, мәлимлеме технологиялары, социаллық-гуманитарлық пәнлер, экономика, менеджмент ҳәм туризм бағдарларында билим алыў имканиятларын кеңейтиў мәселелерин көрип шықты.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди жедел раўажландырыў, Өзбекстан ҳәм Бангладеш арасындағы илимий-билимлендириў байланысларын беккемлеўге қаратылған биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates