Халықтың саламатлығын қорғаў, атап айтқанда, байрам ҳәм дем алыс
күнлеринде медицина мәкемелериниң жумысын муўапықластырыў мақсетинде
Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында арнаўлы штаб шөлкемлестирилди.
29-августтан 1-сентябрьге шекем барлық район (қала), ўәлаят ҳәм
республика дәрежесиндеги емлеўханалар, қәнигелестирилген медицина орайлары,
медициналық жоқары оқыў орынларының клиникаларында, сондай-ақ, 39
районлараралық биргеликтеги травматология ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери
орайларында медицина хызметкерлери нызамшылықта белгиленген тәртипте халыққа
медициналық жәрдемди нәўбетшилик тийкарында көрсетеди.
Дем алыс ҳәм
байрам күнлери Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы, оның 13
аймақлық филиалы, сондай-ақ, 200 ге шамалас елатлы пунктлерде жайласқан
қыстаўлы медициналық жәрдем бөлимлери күни-түни жумыс алып барады. Нәўбетшиликте
шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер болады.
29-августтан
1-сентябрьге шекем "103" хызмети де әдеттегидей жумыс алып барады.
Атап айтқанда, мәмлекетимиз бойынша 14 аймақлық филиал, 189 станция, 40
подстанция ҳәм 1 мың 492 таяныш пункттеги 2 мың 900 ден аслам тез медициналық
жәрдем бригадасы халық ҳәм мәмлекетимиз мийманларының шақырыўларын қабыллаўға
бәрқулла таяр болады.
Сондай-ақ, байрам
күнлери мәмлекетимиздеги барлық туўыў үйлери ҳәм балалар медицина мәкемелери
үзликсиз режимде жумыс алып барады.
Денсаўлықты
сақлаў министрлиги дем алыс ҳәм байрам күнлеринде мийнет ететуғын барлық
медицина хызметкерлерине миннетдаршылық билдиреди.
Басқарма
пуқараларды бул қутлы байрамды көтериңки кейпиятта күтип алыўға ҳәм өз
денсаўлығына итибарлы болыўға шақырады.