Усы мәнисте Президентимиздиң "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" шеңберинде тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламалары және "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы бул процесстиң гезектеги, сапа жағынан жаңа басқышын сәўлелендиреди.

Ҳүжжеттиң мазмунын терең таллар екенбиз, оны әпиўайы реже ямаса илажлар комплекси сыпатында қабыл етиў пүткиллей надурыс болар еди. Гәп, бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыў философиясындағы өзгерис - "ҳүжжет ислеп шығыў"дан "реал нәтийжеге ерисиў" принципине системалы өтиў ҳаққында бармақта. Бундай көзқарас болса мәмлекеттиң жәмийет алдындағы жуўапкершилиги, атқарыў тәртиби ҳәм есап бериў мәдениятын пүткиллей жаңа басқышқа алып шығады.

2026-жылға мөлшерленген реформалар бағдарламалары Президентимиздиң халқымыз ҳәм парламентке жоллаған Мүрәжатында алға қойылған идеялар менен тығыз байланыслы. Бул жерде әҳмийетли тәрепи сонда, Мүрәжат сиясий ерк-ықрардың көриниси сыпатында қалып атырған емес, ал анық механизмлер, жуўапкер атқарыўшылар, қаржы дәреклери ҳәм өлшенетуғын нәтийжелер менен беккемленип атыр. Мәмлекетлик сиясаттағы бундай үзликсизлик парламентлик қадағалаў ҳәм ҳуқықый таллаў көзқарасынан да айрықша әҳмийетке ийе. Бул жерде стратегиялық мақсетлер менен күнделикли мәмлекетлик басқарыў арасында үзилис жоқ, керисинше, олар өз-ара бир-бирин толықтырып, бирден-бир логикалық шынжырды қурамақта.

2026-жылғы реформаларда экономиканы технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў мәселеси орайлық орынды ийелейди. Бул жерде тийкарғы итибар тек ғана өндирис көлемин арттырыў емес, ал қосымша қун, мийнет өнимдарлығы ҳәм бәсекиге шыдамлылыққа қаратылып атырғанын айрықша атап өтиў керек. Бүгинги глобал бәсеки шараятында арзан жумысшы күши ямаса шийки зат ресурсларына сүйениў модели өз имканиятларын дерлик таўысты.

Технологиялық өсиў дегенде тек ғана заманагөй үскенелер ямаса санластырыў емес, ал пүткил өндирис шынжырын қайта көрип шығыў, қосымша қунды арттырыў, илимий қолланбаларды экономикаға енгизиў нәзерде тутылады. Бул процессте бизнес-инкубаторлар, инновациялық кластерлер ҳәм стартап экосистемасын раўажландырыў айрықша әҳмийетке ийе.

Ишки базарда талапты хошаметлеўге қаратылған илажлар болса экономикалық өсиўди халықтың дәраматы менен байланыстырыў имканиятын береди. Ипотека, электромобиль сатып алыў ушын кредит механизмлерин жетилистириў тек ғана экономикалық белсендиликти арттырыў емес, ал экологиялық ҳәм социаллық мақсетлерге де хызмет етеди.

Ишки базарда талапты хошаметлеў, ипотека ҳәм электромобиль сатып алыў ушын кредит механизмлерин жетилистириў сыяқлы басламалар экономикалық өсиўдиң әпиўайы санлардан адамлар турмысына тиккелей тәсир ететуғын факторға айланыўын тәмийинлейди. Бундай қатнас социаллық әдиллик ҳәм экономикалық нәтийжелилик арасындағы теңсалмақлылықты сақлаўда оғада әҳмийетли.

2026-жыл реформаларында мийнет базарына қатнас сапа жағынан өзгермекте. Енди гәп тек ғана жумыс орынларын ашыў ҳаққында емес, ал олардың мийнет базарындағы реал талапқа сәйкеслиги, турақлылығы ҳәм инсан потенциалын раўажландырыўға хызмет етиўи ҳаққында бармақта.

Кәсиплерди раўажландырыў, санаат зоналары жанында кәсиплик қайта таярлаў орайларын шөлкемлестириў, жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў - булардың барлығы инсан капиталына қаратылған реформалар болып есапланады. Мәмлекетлик сиясатта мийнет базарын тек ғана жумыс орынларының саны менен емес, ал олардың сапасы, турақлылығы ҳәм келешекке бағдарланғаны менен баҳалаў принципи беккемленбекте.

Бул процессте билимлендириў, өндирис ҳәм мәмлекетлик институтлар арасындағы бирге ислесиў шешиўши әҳмийетке ийе. Әне усы байланыслылық экономикалық өсиўди узақ мүддетли ҳәм турақлы етеди.

Санаат зоналары жанында кәсиплик қайта таярлаў орайларын шөлкемлестириў бул бағдарда әҳмийетли институционаллық шешим болып есапланады. Бул арқалы билимлендириў системасы менен өндирис арасындағы үзилис қысқарады, кәсип-өнер билимлендириўи базар талапларына бейимлеседи.

Бундай қатнас мийнет миграциясы, жаслардың бәнтлиги ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелеринде де унамлы нәтийже бериўи күтилмекте. Себеби инсан капиталына киргизилген инвестиция - ең турақлы инвестиция.

Экология тараўында белгиленген мақсетлер қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин арттырыў, энергия нәтийжелилиги бойынша KPI енгизиў, утилизациялаў ҳәм қайта ислеў шынжырын қәлиплестириў мәмлекетлик сиясатта экологиялық жуўапкершиликтиң институционалластырылыўынан дәрек береди.

Экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин 30 процентке жеткериў сыяқлы мақсетлер бүгинги күнниң талабынан келип шығып белгиленбекте. Бул бағдардағы KPI көрсеткишлериниң енгизилиўи экологиялық сиясатты декларациядан әмелий нәтийже дәрежесине көтериўге хызмет етеди.

Бул жерде әҳмийетли тәрепи сонда, экологиялық сиясат тек ғана шеклеў ҳәм қадаған етиўлер емес, ал экономикалық хошамет ҳәм нәтийжелилик көрсеткишлери арқалы әмелге асырылмақта. Энергия үнемлейтуғын технологиялар, жасыл экономика элементлерин енгизиў бизнес ушын да жаңа имканиятлар жаратады.

Терек кескени ушын жуўапкершиликти қатаңластырыў, утилизация ҳәм қайта ислеў шынжырын жолға қойыў сыяқлы басламалар болса экологиялық мәдениятты қәлиплестириў менен бир қатарда ҳуқықый механизмлерди де беккемлейди.

Реформалар бағдарламаларында ҳәр бир баслама ушын анық KPI белгилениўи, жеке жуўапкер басшылар ҳәм муўапықластырыўшы шөлкемлер көрсетилгени мәмлекетлик басқарыўда пүткиллей жаңа стандартлар енгизилетуғынын көрсетпекте. Бул қатнас орынлаў тәртибин күшейтеди, бюрократиялық немқурайдылықты сапластырады ҳәм парламент және жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырады.

Бағдарламалардың тиккелей әмел етиў механизмине ийе екени, айырым басламалар ушын қосымша ҳүжжет талап етилмейтуғыны мәмлекетлик аппаратта қарар қабыл етиў тезлигин арттырыўға хызмет етеди.

2026-жылға мөлшерленген реформалар бағдарламаларының ең әҳмийетли өзгешелиги сонда, олар айырым тараўларды бөлекленген ҳалда емес, ал мәмлекет, экономика ҳәм жәмийет арасындағы өз-ара байланыслы система сыпатында көреди. Бул қатнас реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе. Себеби бүгинги қыйын социаллық-экономикалық шараятта бир тараўдағы өзгерис екиншисисиз турақлы нәтийже бермейди.

Усы мәнисте, реформалар бағдарламалары тараўлық қамтып алыўы, институционаллық тереңлиги ҳәм орынлаў механизмлери менен бурынғы әмелияттан түп-тийкарынан парық қылады.

Реформалар бағдарламаларында мәҳәллеге айрықша итибар қаратылып атырғаны тосыннан емес. Мәҳәлле бүгин тек ғана социаллық институт емес, ал мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы ең әҳмийетли қарым-қатнас майданына айланбақта. Инфраструктураны жетилистириў, ишки жоллар, пиядалар ҳәм велосипед жоллары, жәмийетлик орынлар, хызметлердиң сапасы - булардың барлығы жаңа Өзбекстанның келбетин, бәринен бурын, мәҳәлледе қәлиплестиреди. Олардың сапалы ҳәм турақлы қурылысы мәҳәлледеги турмыс мәдениятын өзгертеди, халықтың белсендилигин арттырады, жәмийетшилик жуўапкершиликти күшейтеди.

Усы көзқарастан қарағанда, мәҳәллелердиң қаржысының ашық-айдын жумсалыўы, есап бериў механизмлериниң күшейтилиўи мәмлекетлик қаржы үстинен парламентлик қадағалаўды орнатыўда да әҳмийетли инструмент болып есапланады. Бул процесслерде пуқаралардың тиккелей қатнасыўының тәмийинлениўи болса социаллық исенимди беккемлейди.

Мәҳәллелер инфраструктурасын жетилистириў мәселеси реформалар бағдарламаларында тек ғана қурылыс ямаса абаданластырыў ўазыйпасы сыпатында қойылмаған. Бул жерде гәп, бәринен бурын, мәҳәллениң социаллық ҳәм басқарыў институты сыпатындағы ролин күшейтиў ҳаққында бармақта.

Соның менен бирге, мәҳәлле қаржысы жумсалыўында ашық есап бериўди енгизиў институционаллық жақтан оғада әҳмийетли қәдем. Бул арқалы пуқаралар мәмлекетлик қарарлардың пассив тутыныўшысы емес, ал белсенди қатнасыўшысына айланады. Парламентлик қадағалаў көзқарасынан болса бул механизмлер жергиликли дәрежеде финанслық тәртипти тәмийинлеўге хызмет етеди.

Реформалар бағдарламаларында мәмлекетлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасын жетилистириў мәселесине өз алдына блок сыпатында қаралған. Бул жерде тийкарғы итибар институционаллық нәтийжелилик, есап бериў ҳәм ашық-айдынлыққа қаратылмақта.

Жынаят ислери бойынша судларда халық ўәкиллери коллегиясының қатнасыўын енгизиў басламасы суд ҳәкимиятына исенимди арттырыўда әҳмийетли қәдем болып табылады. Бул механизм суд қарарларының жәмийетшиликке жақынласыўын тәмийинлейди, әдиллик сезимин күшейтеди.

Коррупцияға қарсы гүресиўди жаңа басқышқа алып шығыў болса тек ғана жынайый жуўапкершиликти күшейтиў менен шекленип қалмайды. Бул жерде профилактика, институционаллық ашық-айдынлық ҳәм санластырыў айрықша орын ийелейди.

Реформа бағдарламаларында ҳәр бир баслама ушын KPI белгилениўи ҳәм жеке жуўапкер басшылардың анық көрсетилиўи мәмлекетлик басқарыўда жүдә әҳмийетли өзгерис. Бул арқалы орынлаў нәтийжеси жеке жуўапкершилик пенен байланысады, жәмәәтлик жуўапкершилик артында жасырыныў имканияты азаяды.

Улыўма алғанда, реформалар бағдарламалары тараўлар бойынша емес, ал институционаллық логика тийкарында қурылған. Мәҳәлледен баслап орайлық мәмлекетлик уйымларға шекемги пүткил басқарыў системасында нәтийже, есап бериў ҳәм ашық-айдынлық принциплери үстинлик етпекте. Бул болса мәмлекетлик сиясатты қағазда қалатуғын режелерден адамлар турмысында сезилерли өзгерислер дәрежесине алып шығыў имканиятын береди.

"Өзбекстан - 2030" стратегиясын 2026-жылы әмелге асырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарлама мазмуны жағынан да, түри жағынан да мәмлекетте мәмлекетлик режелестириў мәдениятының жаңа басқышын аңлатады. Егер стратегия узақ мүддетли мақсет ҳәм бағдарларды белгилеп берсе, мәмлекетлик бағдарлама әйне усы мақсетлерди турмысқа енгизиўдиң анық, өлшенетуғын ҳәм есап берилетуғын механизмлерин қамтып алады. Усы көзқарастан, мәмлекетлик бағдарламаны мәмлекетлик сиясаттың "әмелий конституциясы" сыпатында баҳалаў мүмкин.

Мәмлекетлик бағдарламада 337 анық илаж белгилеп берилгени бир қарағанда көлеми жағынан үлкен көриниўи мүмкин. Бирақ мазмунға тереңирек нәзер тасласақ, бул сан артында реформаларды тараўлар бойынша бөлиў емес, ал оларды анық ўазыйпалар, мүддетлер ҳәм орынлаўшыларға байланыстырыў логикасы тур.

Соның менен бирге, 2026-жылы 59 тараўлық ҳәм 12 ең әҳмийетли стратегиялық реформаларды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң ислеп шығылыўы режелестирилгени нызамшылық процесиниң де режели ҳәм системалы түс алып атырғанынан дәрек береди. Бул жерде нызам дөретиўшилигине реформалардың артынан "қуўып жетиў" қуралы емес, ал оларды алдыннан тәмийинлеўши институционаллық тийкар сыпатында қаралмақта.

Мәмлекетлик бағдарлама жойбарының кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилиўи реформалардың ең әҳмийетли институционаллық тәреплеринен бири болып есапланады. Интернет ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы 5 миллионнан аслам пайдаланыўшы жойбар менен танысқаны, 22 мыңнан аслам усыныс ҳәм пикир билдирилгени бул санлар тек ғана статистика емес, ал жәмийеттиң мәмлекетлик қарарларға бийпәрўа емеслиги, керисинше, белсене қатнасыўға таяр екенин көрсетеди.

Бул процессте додалаў формал "түсиник қалдырыў" басқышынан шығып, ҳақыйқый сиясий қарым-қатнас формасына айланды. Жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм мәмлекетлик уйымларда өткерилген 50 ден аслам додалаўда 10 мыңға шамалас студент, профессор-оқытыўшылар ҳәм мәмлекетлик хызметкерлердиң қатнасқаны болса илимий-экспертлик потенциалының қарар қабыл етиў процесине тартылғанын аңлатады.

Додалаўлар нәтийжесинде 1000 ға шамалас усыныстың мәмлекетлик бағдарлама жойбарына киргизилгени жәмийетшиликтиң қатнасыўы декларация дәрежесинде қалмағанын көрсетеди. Әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған зорлық ушын жазаны күшейтиў, педофиллик ушын өмирлик еркинен айырыў сыяқлы басламалар жәмийетте әдиллик ҳәм қәўипсизликке болған талаптың жоқарылығын сәўлелендиреди.

Ипотека ҳәм электромобиль сатып алыў ушын кредит механизмлерин жетилистириў, қайта тиклениўши энергия дәреклериниң үлесин арттырыў, коррупцияға қарсы гүресиўди жаңа басқышқа алып шығыў сыяқлы усыныслар болса экономикалық ҳәм институционаллық реформалар арасындағы байланысты күшейтеди.

Жынаят ислери бойынша судларда халық ўәкиллери коллегиясының қатнасыўын енгизиў басламасы суд ҳәкимиятын жәмийетшиликке жақынластырыў, әдилликти тек ғана ҳуқықый емес, ал социаллық қәдирият сыпатында беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаўларда мәҳәлле қаржысы жумсалыўы бойынша ашық есап бериўди жолға қойыў, ишки жоллар, пиядалар ҳәм велосипед жолларын тартыў, бизнес-инкубаторлар қурыў сыяқлы усыныслардың қызықлы деп табылғаны жәмийетте төменги дәрежедеги реформаларға талап үлкен екенин көрсетеди.

Бул усыныслар мәмлекеттиң раўажланыўы тек ғана орайлық қарарлар менен емес, ал жергиликли басламалар арқалы да тәмийинлениўи мүмкин екенлигин аңлатады. Мәҳәлле мине усы мәнисте мәмлекетлик сиясат ушын "лакмус қағазы" ўазыйпасын атқарады.

Мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў процесинде сырт елдеги ўатанласлар менен өткерилген сөйлесиўлер айрықша әҳмийетке ийе. АҚШ, Германия, Түркия, Франция, Канада, Қубла Корея, Япония, Швеция, Португалия ҳәм Қазақстанда шөлкемлестирилген додалаўларда 60 қа шамалас қосымша усыныс алынғаны Өзбекстандағы реформалардың глобаллық тәжирийбе менен үнлес болып атырғанын көрсетеди.

Бул усыныслар арасында мәмлекетлик емес мектеплердиң жумысы ушын ашық-айдын лицензиялаў механизмлерин енгизиў, билимлендириў әмелиятында кәрхана қәнигелерин хошаметлеў системасын ислеп шығыў, денсаўлықты сақлаўда бирден-бир санлы скрининг системасын енгизиў сыяқлы басламалар айрықша итибарға ылайық.

Сырт елдеги ўатанласлар алға қойған "нәтийжеге байланыслы жеңиллик" (performance-based subsidy) модели ҳәм “Export-as-a-service” концепциясы экономикалық сиясатта сапа өзгериўин аңлатады. Бул жерде мәмлекет қоллап-қуўатлаўы рәсмий жеңиллик емес, ал анық экономикалық нәтийжелер менен байланысады.

Экспорт етиўши кәрханалар ушын логистика, бажыхана, сертификатлаў, маркетинг ҳәм төлем мәселелерин бирден-бир оператор арқалы комплексли хызмет сыпатында усыныў сыртқы базарларға шығыўдағы институционаллық тосқынлықларды азайтады. Бул қатнас киши ҳәм орта бизнес ушын да жаңа имканиятлар ашады.

Улыўма алғанда, мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны ислеп шығыў процеси мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилип атырғанын көрсетеди. Мәмлекет қарар қабыл етиўши бирден-бир субъект емес, ал жәмийетшилик, экспертлер ҳәм сырт елдеги ўатанласлар менен биргеликте ҳәрекет ететуғын институтқа айланбақта.

Бул болса реформалардың легитимлигин, социаллық қабыл етилиўин ҳәм турақлылығын тәмийинлейди. Мәмлекетлик бағдарлама мине усы тәрепи менен 2026-жылғы реформалардың ең әҳмийетли институционаллық бағанасы сыпатында көринеди.

2026-жылға мөлшерленген реформалар бағдарламалары ҳәм мәмлекетлик бағдарламаның мазмунын терең талқылай отырып, олардың орайында улыўма идея турғанын көремиз - бул инсан қәдири. Бул түсиник соңғы жылларда мәмлекетлик сиясаттың бас өлшемине айланғаны тосыннан емес. Себеби турақлы раўажланыў, күшли экономика ямаса нәтийжели мәмлекетлик басқарыў, бәринен бурын, инсанның абадан турмысы, социаллық қорғалыўы ҳәм әдилликке исеними менен тығыз байланыслы.

Бас нызамымызда мәмлекетимиз "социаллық мәмлекет" сыпатында белгилеп қойылғаны бийкарға емес. Социаллық мәмлекет тек ғана напақа ямаса материаллық жәрдем бериў системасы емес, ал мәмлекеттиң пуқара алдындағы руўхый ҳәм ҳуқықый жуўапкершилигин аңлатады. 2026-жылғы реформалар мине усы жуўапкершиликти анық механизмлер арқалы тәмийинлеўге қаратылған.

2026-жылға мөлшерленген реформалар бағдарламалары ҳәм мәмлекетлик бағдарламаның улыўма логикасын талқылай отырып, мәмлекет, жәмийет ҳәм шахс арасында жаңа тең салмақлылық қәлиплесип атырғанын көремиз. Мәмлекет өзин тек қадағалаўшы ямаса тәртип орнатыўшы институт сыпатында емес, ал шерик, қорғаўшы ҳәм имканият жаратыўшы субъект сыпатында көрсетпекте.

Бул теңсалмақлылықта мәҳәлле, пуқаралық жәмийети институтлары, экспертлер ҳәм сырт елдеги ўатанласлар да белсене қатнаспақта. Нәтийжеде реформалар "жоқарыдан төменге" түсирилетуғын қарарлар емес, ал жәмийет пенен биргеликте қәлиплесетуғын процесске айланбақта.

Бағдарламалардың орынланыўын қаржыландырыў ушын ажыратылып атырған 250,5 триллион сум ҳәм тартылып атырған 50,4 миллиард доллардың нәтийжели жумсалыўы мәмлекетлик сиясатқа исенимди белгилейтуғын әҳмийетли фактор. Сол себепли, Әдиллик министрлиги ҳәм Есап палатасы тәрепинен турақлы мониторинг жүргизилиўи, Министрлер Кабинетинде ҳәр шеректе орынлаўды додалаў, парламентке есабат усыныў механизмлери қолланылмақта. Бул система орынлаў процесинде ашық-айдынлық ҳәм есап бериўди тәмийинлеп, реформалардың қағазда қалып кетиў қәўпин азайтады.

2026-жылға мөлшерленген реформалар бағдарламалары ҳәм "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" мәмлекетлик бағдарламасы елимизде мәмлекетлик сиясат сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилип атырғанын көрсетеди. Бул басқышта тийкарғы өлшем инсан өмиринде сезилип атырған анық нәтийжелер болып табылады.

Жаңа жумыс орынлары, халықтың дәраматының өсиўи, социаллық қорғаўдың күшейиўи, әдиллик ҳәм исеним орталығының беккемлениўи, реформалардың ҳақыйқый нәтийжеси әне усы жерде көринеди. Мәмлекетимиз басшысы белгилеп берген ҳәр бир қарар, ҳәр бир бағдарлама, бәринен бурын, адамлардың разылығында өз көринисин табыўы шәрт. Мине, усы принцип 2026-жылғы реформалардың да, "Өзбекстан - 2030" стратегиясының да баслы өлшеми болып қалады.

Акром ТАШПУЛАТОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы

Парламент изертлеўлери институты директоры,

юридикалық илимлер докторы