Бирақ, "билимлендириў бизнеске айланып атыр", дейтуғынлар де жоқ емес. Дурыс, жеке меншик тәлим-тәрбия мәкемелерин исбилерменлер ашады. Олар өз бақша-мектебиниң ең заманагөй билимлендириў дәргайлары қатарында болыўы ушын қаржыны аямайды. Ең потенциаллы оқытыўшылар жәмәәтин қәлиплестиреди. Алдынғы, заманагөй билимлендириў технологияларын енгизеди. Үлкен муғдарда инвестиция киргизилгеннен соң, әлбетте, мәпдарлық күтиледи.
Мәмлекетимизде билимлендириў тараўында мәмлекетлик емес сектордың үлесин арттырыўға айрықша итибар берилмекте. 2017-жылы 30 жеке меншик мектеп жумыс алып барған болса, ҳәзир бул көрсеткиш бир неше есеге артқан. "Өзбекстан - 2030" стратегиясының 2025-жылға мөлшерленген әмелий илажлар режесинде улыўма орта билимлендириўди раўажландырыў ушын жеке меншик секторды кеңнен тартыў ўазыйпасы белгиленген. Жуўапкерлерге усы жылы мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң санын 700 ге жеткериў илажларын көриў ўазыйпасы тапсырылған.
Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң мағлыўматына бола, жуўапкерлер тәрепинен жыл даўамында 14 аймақта билимлендириў тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилди. Оларға мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў бойынша зәрүр усыныслар берилди. Сондай-ақ, исбилерменлерге мәмлекетлик емес улыўма орта билимлендириў хызметлерин көрсетиў ушын Министрлер Кабинетиниң қарары менен тастыйықланған Арнаўлы электрон система арқалы айырым жумыс түрлерин лицензиялаў тәртиби ҳаққындағы бирден-бир режеде белгиленген лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң мазмун-мәниси бойынша түсиниклер берилмекте.
Буннан тысқары, мәмлекетлик емес билимлендириў шөлкемлерине берилген салық жеңилликлериниң әмел етиў мүддети 2030-жыл 1-январьға шекем создырылғаны да және бир имканият екени атап өтилмекте. Не ушын мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин көбейтиўге ҳәрекет етип атырмыз, деген сораўға жуўап ретинде жеке меншик мектеплердиң көбейиўи билимлендириў системасына, бәринен бурын, сапа, қамтып алыў ҳәм инновация алып келетуғынын айтыў керек. Билимлендириў шөлкемлери арасында саламат бәсеки орталығы қәлиплеседи. Бул болса оқыў бағдарламаларының тез жаңаланыўы, заманагөй методикалар ҳәм халықаралық стандартлардың енгизилиўине себеп болады. Сондай-ақ, жеке меншик сектор өз қаржысы есабынан инфраструктура жаратады. Бул мәмлекетлик бюджетке түсетуғын басымды азайтып, қаржыны мәмлекетлик мектеплерди модернизациялаў ҳәм социаллық қорғаўға бағдарлаў имканиятын береди. Билимлендириўге қамтып алыўды арттырып, халықтың санының өсиўине сәйкес түрде талап ҳәм усыныс тең салмақлылығын тәмийинлейди.
Ҳәзир билимлендириў жумысына кирисип атырған исбилерменлер мәмлекеттиң қоллап-қуўатлаўы, имканият ҳәм жеңилликлер кескин артқаны ушын да бул жумысты исенимли баслай алады. Себеби 2017-жылға шекем бундай жумысты баслаў ушын 9-10 ҳүжжет усыныў керек еди. Ҳәзирги ўақытта дизим бираз қысқарған ҳәм арза тапсырыў процеси автоматластырылған. Соның менен бирге, бүгин исбилерменниң ҳүжжетлеринде ҳеш қандай кемшилик анықланбаса, жаңа система арқалы 15 жумыс күнинде инсан факторының араласыўысыз автоматикалық түрде лицензия шығарып бериледи. Булардың барлығы исбилерменлердиң жумысын хошаметлеў, билимлендириў тараўында мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордың қатнасын теңдей тәмийинлеўге хызмет етпекте. Усы жылдың усы дәўирине шекем 132 жеке меншик мектепке лицензия рәсмийлестирилип, ҳәзирги ўақытта олардың улыўма саны 705 ке жетти. Бул мектеплерде оқып атырғанлар болса 150 мыңнан асты.
Жеке меншик мектеплерде оқыўға қызығыўшылықтың артыўында және бир әҳмийетли тәрепи олардың халықаралық баҳалаў системаларын (мәселен, IB) кеңнен қолланыўында. Бул оқыўшыларға сырт елдеги жоқары оқыў орынларына кириўде абзаллық бериўи менен әҳмийетли. IB (International Baccalaureate) - жәҳән стандартларына тийкарланған билимлендириў бағдарламасы болып, көплеген мәмлекетлерде тән алынады ҳәм бир қатар сырт ел университетлери тәрепинен жоқары баҳаланады. Бул бағдарлама оқыўшылардың таллаў, машқалаларды өз бетинше шеше алыў, пикирлесиў, сын көзқарастан пикирлеў сыяқлы көнликпелерин қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейди. IB ҳәм басқа да халықаралық дипломлардың халықаралық дәрежеде тән алыныўы өзбекстанлы питкериўшилердиң жетекши университетлерге оқыўға кириў имканиятын кеңейтпекте.
Мәмлекетлик емес мектеплердиң жумысы мәмлекетлик секторға да унамлы тәсир көрсетеди. Атап айтқанда, олар педагоглар арасында саламат бәсекини күшейтип, мәмлекетлик мектеплер оқытыўшыларының маманлығын арттырыў ҳәм хошаметлеў системасының раўажланыўына үлкен үлес қосады. Маманлық ҳәм бәсекиниң өсиўи нәтийжесинде болса мәмлекетлик сектор да сапалы кадрлар менен байып барады.
Және бир тәрепи сонда, алдынғы инфраструктура ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыў әмелияты мәмлекетлик мектеплердиң де техникалық жақтан модернизацияланыўына түртки болмақта. Буннан тысқары, мәмлекетлик емес мектеплердеги нәтийжели басқарыў, ата-аналар менен ислесиў мәденияты ҳәм есап бериў әмелияты мәмлекетлик мектеплерде де қолланыла баслады. Улыўма алғанда, жеке меншик сектордың тәжирийбеси мәмлекетлик билимлендириў системасының жаңаланыўын жеделлестириўши ҳәм сапасының артыўына хызмет етиўши әҳмийетли фактор сыпатында көринбекте.
Бүгин ең әҳмийетли мәселелерден болып атырған инклюзив билимлендириўди раўажландырыўда да мәмлекетлик емес сектордың орны үлкен. 2025-жыл 1-январьдан баслап мектепке шекемги ҳәм улыўма орта билимлендириў хызметлери жумыс түри бойынша лицензия бериўде объектте қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдаларында белгиленген талапларға муўапық, майыплығы болған шахсларға тосқынлықсыз орталық жаратылғаны бойынша Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында қадағалаў инспекциясының жуўмағын алыў талап етилетуғыны белгилеп қойылған. Яғный талапкерлер белгиленген шәртлерди толық орынлаў арқалы лицензия алыўы мүмкин. Усы тәризде ҳәзирги ўақытта жеке меншик мектеплердеги методикалық ҳәм инновациялық тәжирийбе келешекте инклюзив билимлендириўди раўажландырыўда қолланылыўы ушын потенциал имканиятлар жаратады. Бул, өз гезегинде, мәмлекетлик билимлендириў тараўында да кең көлемли ҳәм сапалы билимлендириўди тәмийинлеўге хызмет етеди.
Мәмлекетлик емес мектеплер Өзбекстан билимлендириў системасында сапа, бәсеки, инновация таңлаў имканиятларын арттырыўшы тийкарғы драйверлерден бирине айлана ала ма, деген сораў туўылады. Әлбетте, мәмлекетлик емес мектеплер жақын келешекте билимлендириўде драйвер сыпатында қәлиплеседи. Олардың заманагөй методикасы, жоқары тәжирийбели педагоглары ҳәм заманагөй инфраструктурасы мәмлекетлик мектеплерди де оқыў процесин жаңалаў, педагог кадрларды раўажландырыў ҳәм ата-аналардың талабын есапқа алған ҳалда хызмет сапасын арттырыўға ийтермелейди.
Соның менен бирге, жеке меншик мектеплерде усынылып атырған халықаралық стандартлар ҳәм қәнигелескен бағдарлар пүткил системадағы таңлаў имканиятларын кеңейтеди ҳәм инновациялық өзгерислерди жеделлестиреди.
Улыўма алғанда, мәмлекетлик емес сектордың белсендилиги мәмлекетлик билимлендириў системасы ушын жаңаланыў, бәсеки ҳәм сапаны күшейтиўдиң әҳмийетли механизмине айланыўы мүмкин.
Муножат МУМИНОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы