Өзбекстанда инсан өмири, еркинлиги, абырайы ҳәм басқа да қол қатылмас ҳуқықлары жоқары қәдирият есапланады. Мәмлекетимизде ҳәр бир инсан тыныш-татыў жасаўға ҳақылы. Ол ҳәр қыйлы жынайый басқыншылықлардан қорғалыўы керек. Бул ҳуқықлардың тәмийинлениўинде ишки ислер уйымлары әҳмийетли орын ийелейди.
Нызам үстин болған жерде раўажланыў болады, инсан қәдирленеди. Президентимиздиң атап өткениндей: "Егер мәмлекет сүйенетуғын тийкарғы үстин нызам болса, оның күшин әмелде көрсететуғын ең нәтийжели система, бул - ишки ислер тараўы, десек әйне ҳақыйқат болады". Бул жуўапкершиликли ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў, ишки ислер уйымларын халықшыл структураға айландырыў ушын системада кейинги жылларда кең көлемли реформалар өткерилмекте.
Бул процесс усы жылы жаңа басқышқа көтерилди. Бәринен бурын, жынаячтшылыққа қарсы гүресиў, мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарындағы көзқарас түп-тийкарынан өзгертилди. Ишки ислер уйымларында криминоген жағдайды таллаў ҳәм жынаятшылық динамикасын прогнозлаўдың пүткиллей жаңа механизми жаратылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң "2025-жылы республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша илажлар ҳаққында"ғы қарары ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында қолланба болып хызмет етпекте.
Бул ҳүжжетте ҳәр бир мәҳәлледе ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў барлық басшы ушын тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди. Өткен жылғы таллаўларға бола, криминоген жағдай аўыр деп табылған 1235 мәҳәлле район-қала басшыларына атпа-ат бириктирилди.
Қарар шеңберинде Ферғана, Әндижан, Наманган, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында 419 мәҳәллени қамтып алған 84 "мәҳәлле ҳуқық-қорғаў орайы"ның жумысы жолға қойылды. Буннан гөзленген мақсет усы орынлардың хызметкерлериниң хызмет нәтийжелилигин арттырыў, оперативлигин тәмийинлеп, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў системасын жетилистириўден ибарат еди. Сондай-ақ, профилактика инспекторы жәрдемшилериниң орнына профилактика киши инспекторы лаўазымы, миграциялық профилактика бөлимлери, районлараралық "ҳәкимшилик конвой топарлары", "ҳәкимшилик әмелият топарлары" шөлкемлестирилди.
Системадағы реформалардың логикалық даўамы сыпатында 2025-жыл 18-августта мәмлекетимиз басшысының "Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына мәҳәллелерде жынаятшылықтың ерте алдын алыў системасының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди. Бул ҳүжжет мәҳәллелерде қәўипсиз орталық жаратыў бойынша шөлкемлестириўшилик-профилактикалық илажлардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, социаллық профилактика илажларын әмелге асырыўшы субъектлердиң жеке жуўапкершилигин күшейтиў, криминоген жағдайы қурамалы мәҳәллелерде айрықша қатнас тийкарында мәнзилли ислесиў механизмлерин енгизиўди нәзерде тутады. Бул қарар менен соңғы бес жылда криминоген жағдайы қурамалы болып қалып атырған мәҳәллелерде жынаятларды жылаўлаў бойынша мәнзилли илажлар концепциясы тастыйықланды.
Концепция тийкарында криминоген жағдайы қурамалы болған ҳәр бир мәҳәлледе өз алдына ҳәр айлық "жол картасы" ислеп шығылды. Тиккелей мәҳәллениң өзинде район-қала ИИБ баслығы ҳәм прокурорының хызмет бөлмеси шөлкемлестирилди. Бүгин мәҳәллелерге ўәлаят дәрежесинде бириктирилген ИИБ баслығы ҳәм прокурордың орынбасарлары, тараўлық хызметлердиң басшылары ҳәптеде үш күн толық усы жерде жумыс алып бармақта. Мәҳәллелерде күни-түни күш ҳәм қураллардың жедел ҳәрекетлениўин тәмийинлеў мақсетинде 2 профилактика инспекторы штаты киргизилди, 2 патруль-пост хызмети нарядының жумысы жолға қойылды ҳәм 1 оператив хызметкер бириктирилди. Бас прокурор ҳәм ишки ислер министриниң биргеликтеги қарары қабыл етилди. Оған бола, республикамыздың криминоген жағдайы қурамалы мәҳәллелери ҳәм оларға бириктирилген жуўапкерлердиң дизими тастыйықланды.
Көрилип атырған әмелий илажлар өз нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, бәҳәр ҳәм жазда жынаятшылықтың алдын алыў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жәмийетлик тәртип ҳәм халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған еки басқышлы "Қәўипсиз ҳәм саламат ел" оператив-профилактикалық айлығы өткерилди. Нәтийжеде алдын алыў зәрүр болған жынаятлар 39 процентке азайды, хызметкерлердиң басламасы менен жынаятларды анықлаў 50 процентке жақсыланды.
Жәмийетшиликти қатаң тәшўишке салып атырған, ҳәттеки қәўетерге салып атырған машқалалардан бири нәшебентлик кеселлиги болып есапланады. Оған қарсы гүресиў бәрқулла дыққатымыз орайында. Республикалық арнаўлы тергеў-оператив ҳәм аймақлық оператив топарлардың жумысы жолға қойылып, наркожынаятшылыққа қарсы гүресиў мақсетинде жаңаша жумыс ислеў механизми әмелиятқа енгизилди.
Соның ишинде, нәшебентлик қуралларының нызамсыз айланысын сапластырыў бағдарында күни-түни жумыс алып баратуғын “Call-markaz” шөлкемлестирилген.
Бул орайға келип түскен 637 мағлыўматтың 467 си бойынша пуқараларға ҳуқықый жәрдем көрсетилди, 118 и бойынша оператив-излеў илажлары өткерилди.
Мүрәжатларға итибар - инсанға итибар дегени. Себеби, ҳәр бир мүрәжат тийкарында кимниңдур тәғдири, дәрти ҳәм тәшўиши, арзыў-нийетлери жатады. Министрлик системасында пуқараларды қабыллаў бойынша жаңаша система жолға қойылған. Усы тәртипке муўапық, ҳәр айда бир мәрте ишки ислер министри, ҳәр ҳәптеде бир мәрте министр орынбасарларының қабыллаўы шөлкемлестирилмекте. Министр орынбасарлары ҳәр ҳәптениң сийшемби күни сорастырыў ҳәм тергеў, сәршемби күни кадрлар менен ислесиў, пийшемби күни ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша жеке қабыллаўлар өткерип келмекте.
Ишки ислер уйымларына усы жылдың 9 айы даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханалары арқалы 85 мың 983 мүрәжат келип түсти. Олардың 76 проценти қанаатландырылған. Аймақлық ишки ислер уйымларының биринши басшылары тәрепинен халық пенен турақлы түрде күнлик жеке ҳәм ғалабалық көшпели қабыллаўлар өткерилип барылады.
Атап айтқанда, өткен 9 айда аймақлық ишки ислер уйымларының биринши басшылары тәрепинен өткерилген жеке ҳәм көшпели қабыллаўлар процесинде 31 мың 624 пуқара менен ашықтан-ашық сөйлесилип, анықланған машқалаларды шешиў илажлары көрилди.
Жаслар - келешегимиз ийелери, жаңа Өзбекстан дөретиўшилери. Ўатанымыздың келешеги оларға байланыслы. Халқымыздың жас әўладтан үмити үлкен. Биз болса, өз гезегинде, олар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў илажларын көрмектемиз. Республика бойынша тәрбиясы аўыр 25 мың жас ишки ислер уйымлары басшыларына бириктирилди. Олардың 7560ында машқалалар бар екенлиги анықланып, шешилди.
Соның ишинде, "мәҳәлле жетилиги" ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте бул жаслардың 1194 и профилактикалық есаптан ҳәм 488 и пробация қадағалаўынан шығарылды, 410ының шаңарақлық келиспеўшиликлери шешилип, ажырасыў жағасындағы 283 шаңарақ тикленди, 883 жигит-қыз жумысқа жайластырылды, 330 ы кәсип-өнерге ҳәм 102 си илим ҳәм шет тиллерине оқытылмақта.
Республикамыздағы мектеплерде оқыўшылардың сабақта толық қатнасыўын тәмийинлеў, олар арасында кеўилсиз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде, 2000 инспектор-психолог, профилактика инспекторлары ҳәм қорғаў хызметиниң хызметкерлери мектеплерге атпа-ат бириктирилди. Пайтахтымыздың Алмазар ҳәм Яккасарай районларындағы 45 мектепте қатнасыўды онлайн қадағалаў системасы енгизилди. Бул жаңалық басқышпа-басқыш барлық мектепке енгизилмекте. Қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде 10 мың 472 мектепке қәўетер түймелери орнатылды.
Мәмлекетимиз басшысының тапсырмалары тийкарында быйыл биринши мәрте Ишки ислер министрлигиниң 14 аймақтағы академиялық лицейлерине ҳәм қәнигелестирилген мектеп-интернатына аўыр категориядағы 400 жас қабыл етилип, ишки ислер уйымлары тәрепинен аталыққа алынды.
Ҳәзир оларды оқытыў, жоқары ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, келешекте бәркамал инсанлар сыпатында камалға келиўлерине жәрдемлесиў бағдарында системалы процесслер әмелге асырылмақта.
Бүгин қайсы тараўда болмасын, жумыс нәтийжелилиги көп тәреплеме мәлимлеме технологияларынан қай дәрежеде пайдаланыўға байланыслы. Усы мақсетте барлық аймақта "Қәўипсиз қала" системасының жасалма интеллект тийкарында басқарылатуғын "Қалқон" атлы программалық платформасы иске қосылды. Оған 60 мың 308 видеобақлаў камерасы және министрликлер ҳәм уйымлардың 40 қа шамалас мағлыўматлар базасы интеграцияланған. "Қәўипсиз қала" орайы тәрепинен "қызыл" категориядағы 1373 мәҳәллеге 23 мың 755 камера орнатылды.
Ҳәр қандай системаны жоқары маман кадрлар раўажландырады. Ишки ислер уйымлары да буннан шетте қалмайды. 2025-жылы тараў ушын профессионал кадрлар таярлаў системасын жетилистириў бағдарында бир қатар жумыслар исленди. Соның ишинде, ИИМ академиясы күндизги билимлендириў түри қабыллаў квотасы 900 ге арттырылды, кейинги оқыў жылынан 1100 ге жетеди.
Кибержынаятшылық заманагөй қәўип-қәтерлерден бирине айланып үлгерди. Сол себепли ИИМ академиясында санлы технологиялар жасалма интеллект жәрдеминде жүз берген жынаятларға қарсы гүресиў жумысы бағдары бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылып, 100 абитуриент қосымша оқыўға қабыл етилди. "Бир миллион программист" жойбары бағдарламасын табыслы тамамлаған талабанларды академияның усы билимлендириў бағдарында оқыўға қабыллаў тәртиби белгиленди. Министрликтиң академиялық лицейлеринде санлы технологиялар бағдары шөлкемлестирилип, оған 289 оқыўшы қабыл етилди.
Академияда терроризмге қарсы гүресиў жумысы қәнигелиги бойынша билимлендириў бағдары ашылды, дуал билимлендириў системасы жолға қойылды. Ишки ислер уйымларында 3 жыллық жумыс стажына ийе хызметкерлер ушын аралықтан билимлендириў формасы енгизилди.
Быйылғы жыл даўамында министрлигимиздиң қурамында бир қатар шөлкемлестириўшилик-структуралық өзгерислер жүз берди. Президентимиздиң 2025-жыл 4-марттағы пәрманына тийкарланып, Қорғаў департаменти Ишки ислер министрлигиниң қурамына өткерилип, бул тараў хызметиниң алдына анық ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар қойылды. Буннан соң көрилген илажлар нәтийжесинде усы жылдың биринши ярымында қорғаў бөлимлери қорғаўындағы объектлердиң саны 30 процентке артты.
Сондай-ақ, Персоналластырыў агентлиги Ишки ислер министрлиги системасына өткерилип, миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бас басқармасы ИИМ жанындағы миграция ҳәм персоналластырыў департаменти етип қайта шөлкемлестирилди. Бул департамент тәрепинен "Бирден-бир мигрант" базасы иске қосылып, узақ мүддет сырт елде болған 2 миллион 200 мыңнан аслам ўатанласымыз бенен сәўбет өткерилди.
Министрлик қурамындағы мәлимлеме технологиялары, байланыс ҳәм мәлимлемени қорғаў басқармасы және ҳуқықый статистика бас орайы негизинде санлы технологиялар ҳәм ҳуқықый статистика департаменти шөлкемлестирилди. Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўди күшейтиў мақсетинде аймақларда мәлимлеме технологиялары тараўында жынаятларға қарсы гүресиў басқармалары шөлкемлестирилип, киберқәўипсизлик орайы ҳәм аймақлық басқармалардың штат бирликлери көбейтилди.
Усы жыл 9-июль күни Президентимиздиң басшылығында жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол инфраструктурасын жақсылаў ҳәм тығылысларды азайтыў илажларын додалаў бойынша өткерилген мәжилисте тараўдағы әҳмийетли мәселелер, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша сын пикирлер билдирилди.
Видеоселекторда көрсетип өтилген машқалалы мәселелерди шешиў мақсетинде ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети баслығы басшылығында жумысшы топар дүзилди. Жумысшы топар ағзалары тәрепинен қала ҳәм районларда машқалалы мәселелер орнына шыққан ҳалда үйренилип, ҳәр бир аймақ ушын "жол картасы" ислеп шығылды ҳәм комплексли илажлар көрилмекте.
Халықтың наразылықларына себеп болып атырған мәҳәлле ҳәм шөлкемлер әтирапындағы жолларда тығылысты келтирип шығарып атырған 228 нызамсыз тосық ҳәм 739 жол белгиси алып тасланды. Жол бойында транспорт қуралын тәртипсиз қалдырып кетиў жағдайларының алдын алыў мақсетинде 112 фото ҳәм видеокамера, Ташкент қаласында 7 ҳәм Әндижан ўәлаятындағы 4 объектте айдаўшының шахсын автоматикалық түрде анықлаў имканиятына ийе фото-видео қурылма (face ID) орнатылды. Узақ мүддеттен берли техникалық көриктен өтпеген 313 мың 110 транспорт қуралы инвентарьизациядан өткерилди. Мәс айдаўшыларды анықлаў бойынша электрон платформа иске қосылып, 1346 заманагөй алкотестер қурылмасын онлайн қадағалаў системасы жолға қойылды.
Түрли тараў хызметкерлери тәрепинен көрилген илажлар нәтийжесинде усы жылдың 9 айында алдын алыў зәрүр болған жынаятлардың саны өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 31 мың 813 тен 28 мың 849 ға ямаса 9 процентке азайды. Адам өлтириўшилик, урлық, тонаўшылық, басқыншылық, алдаўшылық, бийзарылық жынаятлары, жол-транспорт ҳәдийселери сезилерли дәрежеде қысқарды. Криминоген жағдай аўыр болған мәҳәллелердиң 44 процентинде бирде-бир жынаят ислеўге жол қойылмады.
Улыўма алғанда, республикамыздағы 9 мыңнан аслам мәҳәллениң 4924 инде ямаса 55 процентинде жынаят жүз бермеген.
Бул санлар, әлбетте, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен халықтың абаданлығын арттырыў бағдарында барлық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, соның ишинде, ишки ислер уйымлары системасына қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжеси болып есапланады.
Президентимиз бизиң алдымызға "Ишки ислер хызметкерлери сондай ислеўи керек, халық мәмлекеттен разы болсын", деген жоқары талапты қойған.
Ишки ислер уйымларына көрсетилип атырған жоқары итибар ҳәм ғамқорлық ҳәр бир хызметкерден күни-түни өз үстинде ислеп, халқымыздың исенимин ақлаў ушын пидәкерлик пенен хызмет етиўди талап етеди.
Хызметкерлеримиз усы талаптан келип шыққан ҳалда ана Ўатанымыз, жанажан халқымыздың тынышлығын ҳәм татыўлығын тәмийинлеў, ўатанласларымызды разы етиў жолында мойнындағы жуўапкершиликли, соның менен бирге, мақтанышлы ўазыйпаларын мәртлик ҳәм садықлық пенен атқармақта.
Ең әҳмийетлиси, ўатанласларымыз турмыстан, мәмлекетимизден разы болып, ишки ислер уйымларының ҳәр бир хызметкери тымсалында өзиниң қорғаўшысын көриўине ерисиўимиз шәрт.
Зокиржон АЛМАТОВ,
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң кеңесгөйи,
генерал-полковник