Финанслық есап системасына халықаралық стандартлар кеңнен енгизиледи

    Бизнес 16 қыркүйек 2025 2383

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықаралық талаплар ҳәм стандартларға муўапық финанслық есап системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары қабыл етилди.

    Ҳүжжетке муўапық, жәмийетлик ҳәм экономикалық әҳмийетке ийе исбилерменлик субъектлерине Социаллық әҳмийетке ийе шөлкемлердиң ҳуқықый статусы енгизилмекте.

    Финанслық есабаттың халықаралық стандартларын енгизиў бойынша Республикалық комиссия дүзиледи.

    Жәмийетлик әҳмийетке ийе шөлкемлер категориясына өзиниң хызмет түри ҳәм активлериниң көлемине қарай жоқары социаллық ҳәм экономикалық тәсирге, сондай-ақ, мәпдар тәреплердиң кең шеңберине ийе болған исбилерменлик субъектлери киреди.

    Белгиленген нормальрға жуўап беретуғын исбилерменлик субъектлери ҳәр жылы 1-июльге шекем Социаллық әҳмийетке ийе шөлкемлердиң реестрине киргизиледи.

    2026-жыл 1-январьдан баслап реестр Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен электрон түрде жүргизиледи ҳәм ҳәр жылы 1-июльға шекем Ҳүкимет порталының бирден-бир платформасы ҳәм Ашық мағлыўматлар порталында жайластырылады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates