Қаржылардың мақсетли жумсалыўы ҳәм бағдарламалардың нәтийжелилигинде финанслық қадағалаў әҳмийетли. Кейинги жылларда Есап палатасының жумыс усылы өзгертилип, аймақларда бюджет тәртибине жәрдемлесетуғын бирге ислесиўши уйымға айландырылды. Алдынғы тексериў системасы орнына халықаралық стандартлар тийкарында аудит системасы енгизилди. Жәҳән банкиниң "Сыртқы аудит индикатори"нде Өзбекстан "жақсы" дәрежеге көтерилди.
2024-жыл 10-июльде Өзбекстан Президентиниң "Бюджет қаржыларынан пайдаланыў үстинен финанслық қадағалаўды күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди. Онда министрликлер ҳәм мәмлекетлик уйымларда ишки аудит системасын жетилистириў, системаны санластырыў, консолидацияласқан бюджет орынланыўын сыртқы аудиттен өткериў сыяқлы ўазыйпалар белгиленди.
Санлы трансформация процеси әмелге асырылмақта. "Аралықтан аудит" автоматластырылған мәлимлеме системасы енгизилип, оған 34 министрлик ҳәм уйым байланыстырылды.
2024-жылы Есап палатасы жаңа дәреклер есабынан 3,7 триллион сум бюджетке қосымша түсимлерди тәмийинледи. Министрликлер ҳәм уйымлардың 9,2 триллион сумлық нәтийжесиз қәрежетлери оптималластырылды, 2,3 триллион сумлық қаржы кемшиликлериниң алды алынды. Мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы 4,5 триллион сумлық кемшиликлер сапластырылды.
Бундай әмелге асырылып атырған системалы жумысларды усы жылы да избе-из даўам еттириў зәрүр.
Соның ишинде, "Аралықтан аудит" автоматластырылған мәлимлеме системасына 110 министрлик ҳәм уйымның мағлыўматлар базасы интеграцияланады. Бул арқалы усы жылы 480 триллион сумлық бюджет қәрежетлериниң мониторинги толық қамтып алынады.
Бюджетке қосымша дәрамат дәреклерин анықлаў, финанслық ҳәм басқа да қәўип-қәтерлердиң алдын алыў турақлы ўазыйпа болып есапланады. Мәмлекетлик үлеси бар кәрханалардың финанслық жумысын турақлы мониторинг етип барыў да әҳмийетли.
Усы жылы бюджетке 309 триллион сум дәраматлардың түсимин тәмийинлеў илажлары көриледи. Халықаралық қаржы институтларының қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған жойбарларды халықаралық стандартлар тийкарында аудиттен өткериў әмелияты басланады.
Президент барлық мәмлекетлик уйымларда финанслық тәртип ҳәм үнемлиликке қатаң әмел етилиўи зәрүр екенлигин атап өтти.