Кем тәмийинленген шаңарақлардың жаслары қосымша жеңилликлерге ийе болады

    Социаллық турмыс 24 қараша 2025 754

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20.11.2025-жылдағы "Жаслар дәптери" қоры арқалы социаллық жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында"ғы ПП-222-санлы Пәрманы қабыл етилди.

    Ҳүжжетте төмендеги ўазыйпалар белгиленген:

    "Жаслар дәптери"не киргизилген 16 мың жасты турақлы дәрамат дәреги менен тәмийинлесин;

    "Жаслар дәптери"не киргизилген 30 мың жастың билимлендириў процесине бейимлесиўинде унамлы көрсеткишлерге ерисиў;

    "Мутоола" жойбары шеңберинде илимий-ғалабалық ҳәм көркем әдебиятларды турақлы оқып баратуғын жаслардың үлесин 10 процентке арттырыў;

    "Жаслар дәптери"не киргизилген 100 мың жастың социаллық белсендилигин арттырыў;

    "Ибрат перзентлери" жойбары шеңберинде шет тиллерин өзлестирген жаслардың үлесин 30 процентке арттырыў;

    2026-жыл 1-февральдан "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген жаслар мәмлекет пенен қосымша материаллық жәрдем ҳәм жеңилликлер алыў бойынша социаллық шәртнама дүзиўи мүмкин болады.

    Бунда олар бирнеше шәртлерге жуўап бериўи керек:

    оқыўды даўам еттириў (дәлилли себеплер болған жағдайлар буннан тысқары);

    оқыўда унамлы өзлестириў көрсеткишлерине ийе болыў;

    волонтёрлық жумысын әмелге асырыў;

    "Бес баслама олимпиадасы" шеңберинде өткерилетуғын жойбарларда қатнасыў;

    илимий, илимий-ғалабалық ҳәм көркем әдебиятларды турақлы оқыў;

    исбилерменлик ямаса өзин-өзи бәнт еткен жумысты шөлкемлестириў;

    шет тилин билиў дәрежесин кеминде В1ге жеткериў;

    Социаллық шәртнама дүзилген күннен баслап алты ай даўамында оны әмелге асырған пуқаралар хошаметленеди. Атап айтқанда, оларға төмендеги жеңилликлер берилмекте:

    дүзилген социаллық контракт шәртлериниң орынланыў дәрежесинен келип шығып, профессионал ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлеринде билим алып атырған студентлер ушын контракт суммасының 50 процентине шекемги бөлеги төленеди, бунда бир оқыў жылы ушын төлемниң улыўма муғдары БЕМның 50 есесинен артпаўы керек;

    автомототранспорт қуралларының айдаўшыларына айдаўшылық гүўалығын алыў бойынша оқытыў курсларының қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия төленеди.

    Буннан тысқары, мобилизациялық шақырыў резервинде әскерий хызметти бийпул өтеў тәртиби енгизилип, усы мақсетлер ушын субсидия ажыратыў тәртиби бийкар етилмекте.

    Социаллық жәрдемниң ҳәр қыйлы түрлеринен бир шахс бир жыл ишинде көби менен 2 мәрте пайдаланыўы мүмкин.

    Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 21.11.2025-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates