Марокаш U17 - Өзбекстан U17 - 3:4 (Марокаш, 42П, 88, 90 - Садиржонов, 19, 47, Абдураимов, 34, 50).

Бул ҳаққында ӨФА телеграм каналы хабар бермекте.

19-минутта Сухроб Садиржонов есапты ашты. Соң 34-минутта Лазиз Абдураимов есапты асырды. Биринши бөлимниң ақырында марокашлылар пенальтидан бир гол урып қайтарды.

Екинши бөлимниң басында Садиржонов дубльди әмелге асырған болса, арадан үш минут өтпей Абдураимов төртинши голды урды.

Рабаттағы стадионның ийелери ушырасыўдың соңғы минутларында еки голды есапқа алды. Мәлим болыўынша, Марокаш сайланды командасы усы жастағылар арасында Африка чемпионы есапланады.

Сергей Чигодаев шәкиртлери май айында өткерилетуғын U17 Азия кубогиниң финал басқышына таярлық көрмекте.Топар басқышында оларға КХДР, Австралия ҳәм Ҳиндстан командалары қарсылас болады.

Әлбетте, олар күшли қарсыласын сыртта жеңип шыққаны ушын да бәрекелла деймиз. Бирақ жолдаслық ушырасыўының ақырында да дыққатты жоғалтыў мақсетке муўапық емес.