Бул жарысларға Өзбекстан сайланды командасы қурамынан 13 спортшы - 5 қыз ҳәм 8 жигит қатнасады.
Жарыслар алдынан команда оқыў-шынығыў жыйынында жуўмақлаўшы таярлық басқышынан өтпекте. Физикалық форма ҳәм жүзиў техникасын жетилистириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул илажлар болажақ халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисиўге қаратылған, деп хабар бермекте Өзбекстан жүзиў федерациясы баспасөз хызмети.









