Мүбәрек Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында

    30 мамыр 2025 2101

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары.

    Халқымызға тән мийрим-шәпәәт, адамгершилик, шүкиршилик, сақаўат ҳәм кеңпейиллик сыяқлы жақсы пазыйлетлердиң тымсалы болған, әсирлер даўамында руўхый турмысымызда әҳмийетли орын ийелеп киятырған мүбәрек Қурбан ҳайытының әҳмийети Жаңа Өзбекстанда социаллық мәмлекет қурыў процесслери шешиўши басқышқа кирип атырған бүгинги шараятта барған сайын артып атырғанын есапқа алып ҳәм усы қутлы әййямды ҳәр тәреплеме мүнәсип күтип алыў ҳәм өткериў, сондай-ақ, миллий-диний қәдириятларымызды қәстерлеп-сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде қарар етемен:

    1. 2025-жылы мүбәрек Қурбан ҳайытының биринши күни 6-июнь - жума күнине туўра келиўи ҳаққындағы Өзбекстан мусылманлары мәкемесиниң мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилип, мәмлекетимизде 6-июнь Қурбан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгиленсин.

    2. Халықтың Қурбан ҳайыты байрамын мүнәсип өткериўи ушын қолайлы шараят жаратыў мақсетинде 2025-жыл 7-июнь (шемби) күни алты күнлик жумыс ҳәптеси тәртибинде ислейтуғын хызметкерлер ушын қосымша дем алыс күни етип белгиленсин.

    3. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте аймақларда Қурбан ҳайытын халқымыздың миллий дәстүрлери менен үрп-әдетлерине үнлес ҳалда өткериў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын.

    4. Туризм комитети Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын Қурбан ҳайыты күнлеринде қәдирли зыярат орынлары ҳәм тарийхый орынларға зыяратларды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараят ҳәм имканиятлар жаратсын.

    5. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Қурбан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.

    6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.Қ.Давлетовқа жүкленсин.

    Өзбекстан Республикасы Президенти

    Ш.Мирзиёев

    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates