Быйылғы мүбәрек Рамазан айын мүнәсип өткериў бойынша көрилип атырған илажлар нәтийжесинде елимизде жергиликли ҳәкимликлер ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, кекселер ҳәм майыплығы болған инсанларға ғамқорлық көрсетиў, ифтарлық ҳәм қайырқомлық илажларын ықшам ҳәм шөлкемлескенлик пенен шөлкемлестириўге қаратылған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Булардың барлығы халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, Жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў, жәмийетте тынышлық, дослық, өз-ара ҳүрмет, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтиў керек.

Мине усындай ийгиликли ҳәм саўаплы ислерди избе-из даўам еттириў, муқаддес Рамазан ҳайытын ҳәр тәреплеме мүнәсип күтип алыў, оның ийгиликли мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде Қарар етемен:

1. Өзбекстан мусылманлары басқармасының усы жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 20-март - жума күнине туўра келиўи, 2026-жыл 20-март елимизде Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында кеңнен белгилениўи ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2. Төмендегилер:

а) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, Социаллық қорғаў миллий агентлиги ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте аймақларда Рамазан ҳайытын халқымыздың миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлери, Наўрыз улыўмахалықлық байрамы менен үнлес, көтериңки руўхта өткериў, байрам күнлеринде халық арасында мийрим-шәпәәт, кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик орталығын және де беккемлеўге қаратылған мәдений-ағартыўшылық ҳәм қайырқомлық илажларын шөлкемлестириў бойынша тийисли илажларды әмелге асырсын;

б) Туризм комитети Транспорт министрлиги менен биргеликте ўатанласларымыз ушын Рамазан ҳайыты күнлеринде муқаддес зыярат етиў орынлары ҳәм тарийхый орынларды зыярат етиўди шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараят ҳәм имканиятларды жаратсын.

3.Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеўге байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.

4.Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев