Бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да табыслы түрде қатнасып атыр. Атап айтқанда, қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде Самира Шокирова қола медалын қолға киргизген болса, ерлер арасында Муса Аймуратов ҳәм Сардор Абдукаримбековлер финалға шекем жетип келди. Финал белесиўинде болса, Муса Сардорды жеңип шығып, жәҳән кубогиниң жеңимпазына айланды.
Ал, усы жарысқа қатнасқан және бир жерлесимиз Алпамыс Орақбаев қола медалы ийесине айланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.