Мәмлекетлик сатып алыўлар бойынша электрон саўдалардың өткерилиўи нәтийжесинде бюджет ҳәм корпоратив буйыртпашылардың улыўма үнемленген қаржылары 136,9 миллиард сумды қурады.
Көрип шығылып атырған дәўирде онлайн аукцион арқалы 271 телефон номери сатылған.
Биржа саўдалары
Есап бериў дәўиринде ашық биржа саўдаларында 11 246 келисим дүзилген.
цемент
Биржа саўдаларына 423 094,0 тонна цемент қойылып, соннан 112 491,0 тоннасы ямаса 26,6 проценти сатылды. Орташа күнлик сатыў көлеми 22 498,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде цементтиң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 637,2 мың сумнан 599,2 мың сумға шекем арзанлады. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 69 қарыйдар қатнасты.
карбамид
Өткен ҳәптеде 14 166,0 тонна карбамид саўдаға шығарылып, соннан 4 654,0 тоннасы ямаса 32,9 проценти сатылды. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 135 қарыйдар қатнасты.
Көрип шығылып атырған дәўирде барлық маркадағы карбамидтиң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 3 886,2 мың сумнан 3 853,0 мың сумға шекем төменледи.
полиэтилен
Өткен ҳәпте даўамында биржа саўдаларына 3 315,0 тонна полиэтилен қойылып, соннан 2 819,0 тоннасы ямаса 85,0 проценти сатылды. Орташа күнлик сатыў көлеми 564,0 тоннаны қураған.
Көрип шығылып атырған дәўирде полиэтиленниң күнлик орташа баҳасы бир тоннасы ушын 16 801,5 мың сумнан 16 367,5 мың сумға түсти. Биржа саўдаларында ҳәр күни орташа 68 қарыйдар қатнасты.




