"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 1-март күни Қарақалпақстанда, Хорезм ўәлаятында жаўын, арқада айырым жерлерде қар жаўыўы күтиледи. Бухара, Наўайы ўәлаятларының айырым жерлеринде күнниң екинши ярымында бираз жаўын жаўыўы мүмкин. Республиканың қалған аймақларында жаўын-шашынсыз ҳаўа райы сақланып турады.
Ҳаўаның температурасы республиканың көпшилик ўәлаятларында 10-15 дәреже ыссы, 1-март, екшемби күни айырым жерлерде 17 дәрежеге шекем, қублада 20-25 дәрежеге шекем ыссы болады. Ҳаўаның температурасы түнде 1-6° жыллы.
Республика арқасында түнде 2-7гр суўық, күндиз 0-5гр жыллы болыўы күтиледи.
Самалдың тезлиги 7-12 м/с, арқада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейеди.
Ташкентте жаўын-шашын болмайды. Бүгин күндиз 12-14гр жыллы, 28-февраль күни 10-12гр жыллы, екшемби күни 14-16гр жыллы. Ҳаўаның температурасы түнде 2-4 градус жыллы.
Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.