баннер
17 Mar 2025
03:36

    "Наманган" арнаўлы экспорт зонасы шөлкемлестириледи

    Санаат зоналары жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен басқарылады ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен олардың жумысы муўапықластырылады.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналары жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы пәрманына бола, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги арнаўлы экономикалық зоналарды басқарыў бойынша ўәкилликли уйым есапланады ҳәм жеке меншик басқарыўға берилген арнаўлы экономикалық зоналардың жумысын муўапықластырады.

    Санаат зоналары жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары тәрепинен басқарылады ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен олардың жумысы муўапықластырылады.

    Наманган ўәлаятында "Наманган" арнаўлы экспорт зонасы шөлкемлестириледи.

    2025-жыл 1-июньнан арнаўлы экономикалық зоналардың қатнасыўшылары тәрепинен өнимлерди ислеп шығарыў ҳәм экспортқа реализациялаў ушын пайдаланылатуғын импорт шийки зат, материал ҳәм комплектлеўши бөлеклерди бажыхана төлемлерин төлемеген ҳалда "товарларды бажыхана аймағында қайта ислеў" бажыхана режимине жайластырыў арқалы оларды бажыхана рәсмийлестириўинен өткериў әмелияты жолға қойылады.

    2028-жыл 1-январьға шекем арнаўлы экономикалық ҳәм санаат зоналарының дирекциялары жер салығы бойынша есапланған сумманың бир проценти муғдарында олар тәрепинен ижараға берилген жер майданлары ушын төлемди әмелге асыратуғыны белгиленди.



    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech