Наманган тоқымашылық бойынша мәмлекетимизде жетекши. Ўәлаят санаатының үштен бир бөлеги, экспортының ярымы усы тараўға туўра келеди. Бүгинги күнде 2 мың 500 ге шамалас тоқымашылық кәрханалары жумыс алып бармақта. Олар 250 ге шамалас брендлер астында өним таярлап, жүз мыңнан аслам адамды жоқары дәрамат пенен тәмийинлемекте.
Санааттың раўажланыўына қосымша шараят жаратыў мақсетинде "Наманган" еркин экономикалық зонасы Тўрақўрғон районына кеңейтилген еди. Жигирмаға шамалас жойбарлар қатарында бул жерде "Ифтихор кийим саноат" кластериниң жаңа кәрханасы да қурылды.
13-август күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тоқымашылық кәрханаларының ири брендлер менен бирге ислесиў мәселесине айрықша итибар берген еди. "Ифтихор кийим саноат"да усындай система жолға қойылған. Бул жерде “Bugatti”, “Pierre Cardin”, “Roy Robson”, “Baldessarini”, “Lavard”, “Jake’S”, “Engbers”, “Cinque”, “Walbusch” сыяқлы белгили брендлер буйыртпалары бойынша өним таярланбақта. Наманганда тигилген кийимлер Европа дүканларында сатылмақта.
Буннан тысқары, “Mercedes-Benz”, “BMW”, “Rolls-Royce” сыяқлы автомобиллер ушын отырғыш материаллары да ислеп шығарылмақта. Бул бағдарда ол регионымызда бирден-бир кәрхана есапланады. Улыўма, кәрхана жигирмаға шамалас сырт ел брендлери менен биргеликте жумыс алып бармақта.
Жаңа жойбардың улыўма баҳасы 198 миллион доллар болып, қаржылар тийкарынан қурылыс жумыслары ҳәм алдынғы технологияларды тартыўға қаратылды. Заманагөй имаратлар қурылды, арнаўлы лаборатория шөлкемлестирилди. Германия, Италия, Түркия ҳәм Польша сыяқлы тоқымашылықта жетекши мәмлекетлерден алып келинген энергия үнемлеўши үскенелер жумыс өнимдарлығын арттырды. Кәрханадағы заманагөй лаборатория сапа қадағалаўын тәмийинлеў ҳәм абырайлы брендлердиң исенимине ерисиўде әҳмийетли орын ийелемекте.
Дәслеп әпиўайы тигиўшилик цехы сыпатында жумыс баслаған "Ифтихор кийим саноат" бүгин пахта жетистириўден баслап, таяр өнимди экспортқа бағдарлап атырған ири кластерге айланды. Сапа бойынша қатаң талаплар оны халықаралық базарға алып шықты.
Президент кәрханадағы жумыс процеси менен танысты, хызметкерлер менен сәўбетлести.
Кәрхана толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, жылына 100 миллион долларлық өним ислеп шығарады. Бул арқалы 2 мың жаңа жумыс орны жаратылады, мәмлекетлик бюджетке болса жылына салмақлы салық түсимлери қосылады. Халықаралық брендлер менен бирге ислесиў өнимге кепилликли базар, үлкен валюта түсимлери ҳәм жаңа жумыс орынларын тәмийинлейди.
Бул жерге Наманганда өтип атырған "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" халықаралық форумының сырт елли мийманлары да келди. Миллий ҳәм сырт ел брендлери ушын тигилген таяр кийимлер, сондай-ақ, азық-аўқат, былғары, қурылыс материаллары, фармацевтика тармақларындағы өнимлер көргизбеси қойылды.
Өзбекстанда бизнес ушын жаратылған шараятлар, миллий өнимлеримиздиң түри ҳәм сапасы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысына Наманган ўәлаятында сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, қала қурылысы, тоқымашылық, қурылыс материаллары, электротехника, туризм, аўыл хожалығы ҳәм химия санааты сыяқлы бағдарларда 252 ири жойбар әмелге асырылыўы режелестирилген.
Жуўапкерлерге инвестор ҳәм исбилерменлер ушын барлық қолайлықларды жаратып, жойбарларды жеделлестириў, көбирек жумыс орынларын жаратып, халықтың дәраматын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды.











