Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Ҳилола Умарованың мәлим етиўинше, Наманган қаласындағы 1-қәнигелестирилген мектеп-интернатынан Зиёдуллобек Қўзибоев, Сайдулло Супижанов ҳәм Янгиқўрғон районындағы 58-санлы улыўма билим бериў мектебиниң питкериўшиси Шерхон Ҳасанов Пешек лигасының (Ivy Leaguye) қурамына киретуғын, дүнья рейтингинде 15-орында туратуғын Пенсилвания университетиниң студенти болды.
Үшеўи быйыл жоқары билимлендириўди АҚШта даўам еттиреди. Жигитлер мектепте жақсы баҳаларға оқыған, белсенди, IELTS ҳәм SAT дан жоқары балларды алып, халықаралық сертификатларға ийе, - деп жазады Ҳилола Умарова өзиниң Телеграм каналында.








