Баҳаларды тийкарсыз арттырыў жуўапкершиликке себеп болады

    21 қаңтар 2025 1399

    Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 13-февральдағы қарары менен тастыйықланған "Өзбекстан Республикасында усақлап сатыў саўдасы қағыйдалары"на бола, Улыўма аўқатланыў өнимлерин сатыў қағыйдаларына бола, төмендеги саўда қағыйдаларын бузыў Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине Муўапық Жынаят кодексине муўапық жуўапкершиликке себеп болады.

    Сондай-ақ;

    - баҳаларды тийкарсыз түрде көтериў;

    - товарлар, өнимлерди надурыс өлшеў, надурыс салыў ямаса хизметлер көрсетпеў;

    - товарлар, өнимлерди шек бермей сатыў;

    - сатып алыўшыға товардың, өнимниң муғдарын, салмағын тексериў имканиятын жаратыўдан бас тартыў;

    - насаз ямаса тамғаланбаған тартыў ҳәм өлшеў әсбапларынан пайдаланыў;

    - жарамлылық мүддети өткен товарларды сатыў;

    - полимер плёнкалы пакетлерди бийпул бериў, олардың баҳасын Өзбекстан Республикасы аймағында сатылатуғын товарлардың баҳасына қосыў, сондай-ақ, оларды өз өзине түсер баҳасынан төмен баҳаларда сатыў (услағышы жоқ ҳәм товарлардың ажыралмас бөлеги есапланған пакетлер буған кирмейди).

    Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 164-статьясында саўда ямаса хызмет көрсетиў қағыйдаларын бузғанлыққа байланыслы жуўапкершилик белгиленген. Оған бола, товарлар ҳәм көрсетилип атырған хызметлер ушын нақ пул қаржылары менен ямаса пластик карталар бойынша есап-санақ түрине қарап, олардың баҳаларын жасалма түрде арттырыў ямаса төменлетиў, - базалық есаплаў муғдарының отыз есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.