Тараўға қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде әскерий бөлим ҳәм бөлимлердиң материаллық-техникалық базасы жылдан-жылға жетилистирилип, ең жаңа қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм инженерлик қурылмалары менен тәмийинленбекте. Ең әҳмийетлиси, стратегиялық пикирлейтуғын, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе, бул технологиялардан нәтийжели пайдалана алатуғын тәжирийбели офицер ҳәм сержантлар қурамын таярлаў системалы түрде шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 1-декабрьдеги "Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 34 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күнине бағышланған илажларға таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында"ғы бийлиги талапларына муўапық, сондай-ақ, мәлимлеме агентликлери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин, журналист ҳәм блогерлерди Қураллы Күшлерде әмелге асырылып атырған реформалар, әскерий хызметкерлердиң кәсиплик таярлығын арттырыў ушын жаратылған шараятлар менен таныстырыў мақсетинде Қорғаныў министрлигиниң Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаменти тәрепинен Шыршық гарнизонындағы әскерий бөлим ҳәм мәкемелерге пресс-тур шөлкемлестирилди.

Пресс-тур бағдарламасына муўапық, мәлимлеме агентликлери ҳәм баспа ғалаба хабар қуралларының журналистлери, блогерлер усы жылдың 13-январь күни Президентимиз барған Шыршық авиация оңлаў заводының жумысы ҳәм жаратылған шараятлар, сондай-ақ, Қураллы Күшлер арнаўлы операциялар күшлериниң дала оқыў полигоны, Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Қурғақлықтағы әскерлер институтындағы оқыў процеси менен танысты.

Шыршықта вертолётлар ҳәм ҳүжимшилер модернизацияланбақта

Өзбекстан Республикасы Президенти - Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен "Шыршық авиация оңлаў заводы" мәмлекетлик кәрханасында кең көлемли модернизациялаў жумыслары әмелге асырылды, жаңа жоқары технологиялық бөлимлердиң жумысы жолға қойылды.

Завод негизинде регионда ҳәм ҒМДА аймағында бирден-бир болған Airbus маркалы вертолётларға хызмет көрсетиў орайы шөлкемлестирилди. Орай Францияның Airbus компаниясы тәрепинен рәсмий сертификатланған болып, бул өндирис жумысының жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин, халықаралық стандартлар ҳәм ислеп шығарыўшының талапларына муўапықлығын тастыйықлайды. Бул жерде заманагөй батыс авиация техникасына, соның ишинде, Н-125, Н-215, Н-130 вертолётларына толық сервис ҳәм оңлаў жумыслары жолға қойылған. Бул орай Өзбекстанды Airbusтың әскерий вертолётларына хызмет көрсетиў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша регионаллық әҳмийетли хабқа айландырыў имканиятын берди.

Заводтың жаңаланған цехларындағы Су-25 ҳүжим қуралларын ири оңлаў ҳәм терең модернизациялаў жумыслары да таныстырылды. Алдынғы технологияларды енгизиў нәтийжесинде авиация техникалары заманагөй навигация системалары, түнги көриў үскенелери ҳәм өзин-өзи қорғаўдың борт комплекслери менен тәмийинленди.

Полигон: арнаўлы күшлер рекламаға мүтәж емес

Кейинги жылларда Қорғаныў министрлигиниң барлық дала оқыў орайлары ҳәм әскерий бөлимлери модернизацияланып, халықаралық стандартларға бейимлестирилди. Арнаўлы операциялар күшлери полигоны сырт ел тәжирийбеси ҳәм әскерлерди таярлаўдың заманагөй тенденцияларын есапқа алған ҳалда шөлкемлестирилген болып, бөлимлерди нәтийжели оқытыў имканиятын береди.

Полигон объектлеринде жаўынгерлик шеберликти арттырыў, жеке қурамның нәтийжели таярлығы ҳәм руўхый-ағартыўшылық беккемлигин арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылған. Әскерий хызметкерлер жаўынгерлик ҳәм арнаўлы таярлықтың жаңа методикаларын үйренип, кәсиплик көнликпелерин беккемлемекте.

Киши командирлердиң басқарыў көнликпелери ҳәм заманагөй санлы технологиялардан пайдаланған ҳалда еркин қарар қабыл етиў дәрежесин, жедел өзгерип атырған жаўынгерлик жағдайда алдынғы қурал-жарақ ҳәм техникаларды нәтийжели қолланыў мақсетинде әскерий хызметкерлердиң кәсиплик шеберлигин баҳалаўға айрықша итибар қаратылды.

Пресс-тур қатнасыўшылары дала оқыў полигонында бөлимлердиң оқыў шынығыўларын бақлаў имканиятына ийе болды, онда арнаўлы күшлердиң жаўынгерлик имканиятлары, түрли түрдеги десантлаў усылларындағы муўапықласқан ҳәрекетлер, киши командирлердиң басқарыў шеберлиги ҳәм жеке қурамның жоқары дәрежедеги кәсиплик шеберлиги анық көрсетилди.

Қурғақлықтағы әскерлер институты - танк мектеби базасында;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен Қорғаныў министрлиги системасында әскерий кадрлар таярлаўдың принципиаллық жақтан жаңа системасы жаратылды ҳәм табыслы енгизилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 29-июльдеги қарарына муўапық, Қорғаныў министрлигиниң барлық жоқары әскерий билимлендириў мәкемелери реформаланып, бирден-бир орайласқан системаға бирлестирилди - Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети шөлкемлестирилди.

Университет қурамында Қурғақлықтағы әскерлер институты жумыс алып бармақта, оның тийкарғы мақсети заманагөй жаўынгерлик көнликпелерге, физикалық ҳәм руўхый турақлылыққа, қурғақлықтағы урысты алып барыўда жоқары шеберлик дәрежесине ийе офицерлер таярлаўдан ибарат.

- Ҳәзирги ўақытта институтта 13 кафедрада мыңға шамалас курсант жоқары маманлықтағы оқытыўшылардың басшылығында билим алмақта, - дейди усы институт баслығының тәрбия ҳәм идеологиялық ислер бойынша орынбасары полковник Алишер Ширинов. - Оқыў процеси "теорияның 50 проценти + әмелияттың 50 проценти" принципи тийкарында дуаллық тәризде шөлкемлестирилген болып, жоқары оқыў орнында оқыў ҳәм әскерий әмелият арасында үзликсиз байланысты тәмийинлейди.

Билимлендириў мәкемесинде жумысты жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды, жаўынгерлик ҳәм руўхый потенциалды және де арттырыў ушын инновациялық билимлендириў инфраструктурасы ҳәм шараятлар жаратылды.

Пресс-тур қатнасыўшылары халық қәўипсизлиги, аймақлық пүтинлиги ҳәм тыныш турмысымыздың исенимли кепили болған заманагөй Жаңа Өзбекстан армиясының бай әскерий тарийхын сәўлелендиретуғын "Шон-шараф" майданы менен танысты. Жаңа объектлер - "Санлы полигон", "Идеологиялық полигон", оқыў ханалары үлкен қызығыўшылық оятты.

"Мафкуравий полигон" комплекси исеними беккем, белсенди, руўхый дүньясы жоқары, ўатансүйиўши кадрларды қәлиплестириўге қаратылған. Ол миллий мақтаныш, Ўатанға садықлық, бузғыншы идея ҳәм мәлимлеме ҳүжимлерине қарсы турақлы идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўге қаратылған тарийхый, ўатансүйиўшилик ҳәм мәлимлеме-таллаў сыяқлы бир неше өз-ара байланыслы модуллерди өз ишине алады.

"Санлы полигон" комплекси реал, виртуал ҳәм гибрид жаўынгерлик орталықты бирлестирип, әскерий хызметкерлерди ҳәр қыйлы тактикалық жағдайларға таярлаўда санлы моделлестириў, симуляциялар, лазерли шынығыўлар ҳәм виртуал шынығыўлардан пайдаланыў имканиятын береди.

Бул системалардың өз-ара бирге ислесиўи дүньяның алдынғы армиялары дәрежесинде ҳәрекет ете алатуғын, бәсекиге шыдамлы офицерлер қурамын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Оқыў имаратлары, заманагөй техникалық қураллар менен үскенеленген аудиториялар, курсантлар ушын жаратылған социаллық-турмыслық шараятлар менен танысыў пресс-тур қатнасыўшыларын таң қалдырды. Әскерий қурылыс тараўында алып барылып атырған реформалар мүнәсип баҳаланды.

Атап өтиў орынлы, әскерий билимлендириў мәкемесиниң тийкарғы ўазыйпасы - Ўатанға садық, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе, бөлимлерди басқара алатуғын, қыйын тактикалық шараятларда оператив ҳәм стандарт емес қарарлар қабыллай алатуғын, ғәрезсизлик идеяларына, Ўатаны ҳәм Қураллы Күшлерине садық сәркардаларды таярлаўдан ибарат. Пресс-тур қатнасыўшылары жаратылған шараятлар, оқыў процеси менен танысып, курсантлар менен сәўбетлесиўде буған және бир мәрте исеним билдирди.

Аблай Камалов.

"Правда Востока" хабаршысы.

Қорғаныў министрлиги мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар департаментиниң көмеги менен бирге таярланды.

Рашид Галиев (түсирген сүўрет).