Сөйлесиўлерде тийкарғы итибар Миллий комитеттиң ўазыйпалары шеңберине киретуғын бағдарлар, атап айтқанда, урбанизация, қала ҳәм аўыллар инфраструктурасын модернизациялаў мәселелери бойынша бирге ислесиўге қаратылды.
Тәреплер урбанизация, кадастр ҳәм турақ жай қурылысы тараўларында бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, қәнигелер алмасыўы ҳәм перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша усынысларды көрип шықты.
Буннан тысқары, ушырасыў қатнасыўшылары усы жылдың май айында Баку қаласында өткерилетуғын Улыўмажәҳән урбанизация форумына таярлық көриў мәселелерин додалады.
Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер белгиленген бағдарларда әмелий бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.