"Наўайы" бажыхана постында "Электрон нәўбет" системасы енгизиледи

    Бажыхана комитетиниң Баслығы А.Мавлонов Қазақстан Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик дәраматлар комитетиниң баслығы Ж.Дуйсембиев пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерди.

    Бул ҳаққында Бажыхана комитетиниң мәлимлеме хызмети мәлим етти.

    Атап өтилиўинше, сөйлесиў ўақтында июнь айынан Өзбекстандағы шегара-бажыхана постларында басқышпа-басқыш "Электрон нәўбет" системасы енгизилетуғыны, бул система биринши мәрте Қазақстан менен шегарада жайласқан "Наўайы" бажыхана постында иске қосылатуғыны айтып өтилди.

    Сөйлесиўде еки мәмлекет арасындағы "Ақ алтын" - "Селиннй" ҳәм "Малик" - "Сырдәрья" шегара бажыхана постлары арқалы бос жүк автотранспорт қураллары ҳәм ири көлемдеги емес жүклердиң ҳәрекетин жолға қойыў мәселеси де көрип шығылды.

    Бул бәринен бурын Өзбекстанның "Яллама", "Нажимов" ҳәм "Сырдәрья" шегара бажыхана постлары ҳәм оған тутас Қазақстанның шегара бажыхана постларындағы жүклеме ҳәм тығылысларды сезилерли дәрежеде қысқартыўға алып келеди.

    Ушырасыўда еки мәмлекетте бажыхана хызмети ўәкиллерин шөлкемлестириў бойынша келисим де додаланды.

    Сондай-ақ, тәреплер өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа Режесин көрип шықты. Режеде өткериў пунктлерин қайта қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларын жедел түрде даўам еттириў нәзерде тутылған. Соның ишинде, "Ғишткўприк" ҳәм "Даўыт ата" шегара бажыхана постларындағы қурылыс процесслерин жуўмақлаў менен бир қатарда "Сырдәрья" шегара бажыхана постын қайта қурыў нәзерде тутылған.

    Сондай-ақ, өз-ара саўдаға байланыслы бажыхана статистикасы бойынша бирге ислесиўди жетилистириў, онда түрли келиспеўшиликлердиң толық алдын алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Тәреплер бажыхана лабораториялары арасында ҳәм кадрлардың маманлығын арттырыў бойынша бирге ислесиўди нәзерде тутатуғын келисимлерди көрип шықты.

    Ушырасыў жуўмағында еки мәмлекет бажыхана хызметлери арасындағы өз-ара бирге ислесиўге жаңаша руўх бағышлайтуғын 3 ҳүжжетке қол қойылды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates