Өзбекстан Бажыхана комитетиниң мәлим етиўинше, 2025-жыл 31-декабрьге шекем физикалық шахслар, жеңил автомобиллер, автобуслар ҳәм рухсат етилген салмағы 3,5 тоннадан аспаған жүк транспортының ҳәрекетлениўине шеклеўлер сақланып қалынады.
Шеклеўлер қурылыс ҳәм реконструкция жумысларының екинши басқышы - ҳәкимшилик имаратларды капитал оңлаў ҳәм жол қапламасын бетонлаў менен байланыслы.
Бул өткериў пункти арқалы массасы 3,5 тоннадан жоқары болған жүк автомашиналарының ҳәрекетлениўине рухсат берилген.
Пуқараларға қолайлылық жаратыў мақсетинде "Қарақалпақстан" темир жол өткериў пункти арқалы "Нөкис - Бейнеў" жөнелиси бойынша қосымша жолаўшы поездларының қатнаўы жолға қойылды.









