Ушырасыўда еки тәреплеме экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Ўәлаят ҳәкими аймақтың инвестициялық потенциалы ҳаққында толық мағлыўмат берди. Атап айтқанда, ўәлаятта республикадағы ең ири химия комплексиниң 100 ден аслам өнимин терең қайта ислеў есабынан жоқары қосымша қунлы санаат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканияты бар екенлиги, ўәлаяттың барлық аймақлары еркин экономикалық зоналар сыпатында белгиленгенлиги, инвесторлар ушын салық ҳәм бажыхана жеңилликлери енгизилгенлиги, ЕЭЗ аймағында барлық инфраструктура (энергетика, газ, суў, транспорт, логистика) толық қәлиплестирилгенлиги, ўәлаятта Кореяның бир қатар компаниялары табыслы жумыс алып барып атырғанлығы, олардың тәжирийбеси жаңа жойбарлар ушын қолайлы тийкар жаратып атырғанлығы, Наўайы ўәлаяты болса кореялы бизнес қатнасыўында ЕЭЗда жаңа қоспа кәрханалар ҳәм жоқары технологиялық жойбарларды әмелге асырыўға толық

Өз гезегинде, мырза Вон До Ён ушырасыў алдынан Наўайы ўәлаятында корейс капиталының қатнасыўында жумыс алып барып атырған еки кәрхананың басшылары менен сәўбетлескенин мәлим етти. Аймақта инвесторлар ушын жаратылған қолайлы орталық, ашық-айдынлық ҳәм әмелий жәрдем ушын терең миннетдаршылық билдирилди.

Елши Наўайы ўәлаятына кореялы инвесторларды тартыўда бизнес-елшиси ўазыйпасын атқарыўға ҳәм бул бағдарда барлық имканият ҳәм байланысларын жумсаўға таяр екенлигин билдирди.

Сондай-ақ, тәреплер Корея компанияларының регионның тәбийғый ресурсларын қайта ислеўдеги қатнасын кеңейтиў ҳәм жоқары технологиялық санаат тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын додалады.

Ушырасыўда Корея Республикасының өзин-өзи басқарыў субъектлеринен бири ҳәм Наўайы ўәлаяты арасында "дос аймақлар" форматында бирге ислесиўди жолға қойыў басламасы билдирилди. Бундай бирге ислесиў исбилерменлик, билимлендириў ҳәм мәдений байланысларды беккемлеўге тиккелей хызмет ететуғыны атап өтилди.

Вон До Ён Нормат Турсуновқа регион делегациясы менен биргеликте Қубла Кореяға исбилерменлик сапарын шөлкемлестириў, онда регионның санаат ҳәм инвестициялық имканиятларын кеңнен таныстырыў, Кореяның жетекши компаниялары менен тиккелей сөйлесиўлер өткериўди усыныс етти.

Ушырасыўда қатнасқан Кореяның Kutre компаниясының бас директоры жаңадан қурылып атырған Наўайы қаласында санлы басқарыў, "ақыллы қала" технологиялары ҳәм заманагөй мәлимлеме инфраструктурасы тараўларында бирге ислесиўге таяр екенин ҳәм бул жойбарларда белсене қатнасыў тилегин билдирди.