21-мартта республика аймағының үлкен бөлегинде Наўрыз байрамы қолайлы ҳаўа-райы шараятында өтеди, тек ғана республика арқасында айырым жерлерде жаўын жаўады. Күндизги ҳаўа температурасы +27...+30 дәреже жыллы әтирапында болады.
Шемби ҳәм екшемби күнлери республиканың батыс аймақларына ығал ҳәм салқын ҳаўа массалары кирип келиўи басланады. 22-23-март күнлери Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында айырым жерлерде жаўын жаўады. Айырым таўлы аймақларда айырым жерлерде жаўын жаўады, бийик таўларда қарға айланады.
Республиканың қалған аймақларында қурғақ ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Бул күнлерде ҳаўа температурасы әсте-ақырын төменлейди ҳәм +22...+27 дәреже жыллыны қурайды.
Самалдың бағыты шығыстан өзгерип, батыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 13-18 м/с қа шекем күшейеди.
Ташкентте: 20-23-март күнлери жаўын-шашын күтилмейди.
Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 21-23-мартта 10-12 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Температура тийкарынан түнде 12-14 градус жыллы, күндиз 26-28 градус жыллы болады.