Китапқа, илимге, оқыўға ҳәўес барлық заманларда да ағартыўшылардың тийкарғы мақсети болған. Тарийхшылар Александр Македонский Орта Азияны басып алғанында, әскерлерине биринши болып жақсылық ҳәм жаўызлықтың мазмун-мәнисин түсиндирип ҳәм турмысқа енгизиўши энциклопедиялық китап - "Авесто"ны жергиликли халықтан тартып алыў ҳәм пүткиллей жоқ етип жибериўди буйырғанын жазып қалдырған.

Оныншы әсирдиң екинши ярымында жасаған ўәзир Ибн Аббас китапты жүдә қәдирлеген, китапханасындағы илаҳиятқа байланыслы китапларының өзи 400 түйеге жүк болған. Соның менен бирге, Аббас техника, медицина, астрономия, музыка, логика ҳәм математика менен толық шуғылланған.

Оның китапханасында жәми 117 мыңға шамалас китап болған ҳәм сапарлары ўақтында өзи менен алып жүрген. Китап жүкленген кәрўан өзине тән каталог ўазыйпасын атқарған, яғный түйелер әлипбе тәртибинде жүрген ҳәм китапханашылар қәлеген китапты дәрҳал таўып бериў имканиятына ийе болган.

Инсаният тарийхының үш мың жыллық дизбегинде Орхун-Енисей тас жазыўлары, "Девону луғотит турк", "Қутадғу билиг", "Алпамыс", "Хамса" бизиң балаларымыз үйренип, кейинги әўладқа жеткеретуғын дүрданалар есапланады.

Шығыста китап муқаддес саналған, қәдирленген. Уллы бабамыз Әмир Темур заманында жүдә үлкен китапханалар болған. Саҳыпқыран мәмлекеттен китап алып шығыўды қадаған еткен. Уллы Темурдың китапқа мүнәсибети ҳаққында және бир мысал. Ол ақлығы Мырза Улуғбекти елшилерге баслық етип Румга (Туркияга) жибереди. Улуғбек қайтып киятырғанда атасына Жалалиддин Румийдиң "Маснавийи мәнаўий" шығармасын саўға етип алып келгенинде, бул саўғаны көрген салтанат ийеси оғада қуўанышлы болған.

Улыўма, темурийлер салтанатында Улығбек, Байсунқур Мырза, Әлийшер Наўайы, Бадиуззаман китапханалары мәдений тарийхымыздың баҳалы бетлерин қурайды. Китапқумарлық мәдениятының және бир әҳмийетли тәрепи, инсанды билимге, сәўбетлесиў, тапқырлыққа жетелейди.

Грузин халқы мәденият ҳәм руўхыйлық белгиси сыпатында ҳәр бир келин себине Шота Руставелидиң "Жолбарыс терисин жамылған палўан" китабын қосып береди екен. Халқымызда да усындай классикалық тәрбиялық шығармалар көп. Тек ғана оларды үгит-нәсиятлаўымыз, оқыўшылар қәлбине тереңирек сиңдириўимиз керек. Данышпанлар тәрийпинше, китап билим дереги, инсаният топлаған ҳикметлер ғәзийнеси, жәмийетлик сананың жемиси.

Жадид бабамыз Абдулла Авлоний: "Ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенлигин көрсете алатуғын айнасы - бул оның миллий әдебияты ҳәм тили болып есапланады", дейди. Түркий тилди назымға жарамсыз деп билгенлердиң шегин уллы Наўайы XV әсирде көрсетип қойғаны, XX әсир басында өзбек тилинде прозалық шығарма жазыўдың қаншелли аўыр екенлигин себеп еткенлерди Қадирий ҳәм Шолпанның прозадағы бийтәкирар сөз поэзиясы таң қалдырғаны ҳәм бул қутлы дүркин кейинги әўлад ўәкиллериниң таң қаларлық дөретиўшилигинде даўам етип атырғаны тарийхтың өшпес зерлери болып есапланады.

Ойпатлықтың алтын маржаны Әндижанда шөлкемлестирилген "Жас китапқумар" таңлаўының республикалық басқышында қатнасып атырып, қыялымнан усы пикирлер өтти....

Балаға китап бериң

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы Марҳамат районындағы жаслар китапханасына барғанында әндижанлы китапқумар, билимли жаслар менен сәўбетлеседи ҳәм олар мәмлекет жетекшисине "Жас китапқумар" республикалық таңлаўының сайлап алыў басқышлары мине усы саўлатлы китапханада өткерилиўи ҳаққында усыныс айтады. Президентимиз бул усынысқа келисим береди ҳәм ўәдеге муўапық, аймақлар жеңимпазы болған 10-14 жастағы 14, 15-19 жастағы 14, 20-30 жастағы 14, жәми 42 жеңимпазды алып, биз төрешилер қурамы ағзалары Жаслар ислери агентлиги жуўапкерлериниң басшылығында Марҳаматқа жол алдық.

Режеге муўапық, таңлаў бес басқышта шөлкемлестирилди. Биринши басқышта арзалар қабыл етилди ҳәм илаж мәҳәллелерде өткерилди. Таңлаўдың екинши басқышы секторларда, үшинши басқышы район ҳәм қалаларда, төртинши басқышы болса Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында шөлкемлестирилди. Бесинши - республикалық басқышта "Көркем шығармалар билимданы", "Қыстаўлы сораў-жуўап", "Уллы ойшыл ҳәм жазыўшы", "Поэзия", "Квест" шәртлери тийкарында беллесиўлер болып өтти.

Таңлаў қатнасыўшылары Имам Бухарий, Аҳмад Яссаўий, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Муҳаммад Бабур, Мырза Улығбек, Насыруддин Рабғузий сыяқлы уллы ойшыллардың өмири ҳәм дөретиўшилигинен, Жек Лондон, Мақтымқулы Фироғий, Жон Стайнбек, Хелли Харпер Ли, Александр Пушкин, Лев Толстой, Фёдор Достоевский, Мухтар Шаханов, Ибрайым Юсупов сыяқлы сырт ел ҳәм туўысқан әдебият ўәкиллери, Шолпан, Абдулла Арипов, Эркин Воҳидов, Саид Аҳмад, Пиримқул Қодиров, Одил Ёқубов, Рауф Парфи, Ҳалима Худойбердиева, Усмон Азим, Эркин Аъзам, Хуршид Дўстмуҳаммад, Сирожиддин Саид сыяқлы өзбек әдебияты дарғаларының шығармаларын таллап, шығарма қаҳарманларының ибратлы ислери ҳаққында толып-тасып сөйледи.

Бул таңлаў жас китапқумарларды еркин пикирлеў, сахнада өз пикирин исенимли қорғай алыўға үйретиўи менен бирге мыңлаған шаңарақларға қут-берекет алып келгени нур үстине нур болмақта. Себеби, китап билимли балаларымыз жүрегине жақсылық, әдиллик, күш-ғайрат сезимлерин жайлап атырғанын олардың пуқта жуўаплары ҳәм жанып турған көзлеринен көрдик.

Президент саўғалары өз ийелерин тапты

Быйылғы республикалық таңлаўда Ташкент қаласынан Дилбар Ҳайдарова 10-14 жаслар арасында, Ўғилжайрон Холтурдиева 15-19 жаслар арасында ҳәм хорезмли Мафтуна Очилова 20-30 жаслар арасында жеңимпаз болды ҳәм Президент саўғасы - “Chazor” электромобили менен сыйлықланды. Екинши орын ийелерине 75 миллион сумнан, үшинши орын ийелерине 50 миллион сумнан, қалған барлық қатнасыўшыларға 10 миллион сумнан ақшалай сыйлықлар тапсырылды.

- Ташкент қаласындағы анық пәнлерге қәнигелестирилген Муҳаммад ал-Хорезмий мектебиниң 8-класс оқыўшысыман, - дейди Президент саўғасы - автомобиль менен сыйлықланған Дилбар Ҳайдарова. - Балалығымнан өзбек ҳәм туўысқан халықлардың аўызеки дөретиўшилигин үйрениўге бел байладым, "Кунтуғмиш", "Гөруғлы", "Алпамыс", "Авазхан" дәстанларын оқыдым, ертек ҳәм тымсалларды ядладым, ең әҳмийетлиси, ата-анам, досларым, устазларым алдында жүзим жарқын болды, Президент саўғасы - бул мен ушын исеним, жуўапкершилик. Келешекте илимпаз болмақшыман, оқыў, излениўлериме илҳам берди бул сыйлық!

Ўғилжайрон Халдурдиева да Президент саўғасы - “Chazor” электромобилин қабыл етип алар екен, қуўанышы ишине сыймай былай дейди:

"Бул автомобиль ата-анама саўға болды. Өзбекстан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетин питкерип, дилмаш болмақшыман. "Жас китапқумар" таңлаўында арттырған досларымның әдебиятқа меҳри, китапқа ҳүрметин көрип, келешекте мине усы үйренген шығармаларымды илажы барынша инглис тилине аўдарыў нийетим бар. Наби Жалалиддийдин "Умар Хайям" шығармасын талқыладым, Аҳмад Аъзам дөретиўшилик хызметин анализледим, Наўайы, Фитрат дөретиўшилигин толқынланып сөйлеп бердим. Перзентлери китап оқыса, машина менен сыйлықлайтуғын мәмлекет басшысының итибарынан басым аспанда!

Өзим түркмен қызбан, Берди Кербабаев, Ата Говшудов шығармалары қаҳарманлары, Мақтымқулының тәрийпин былай келтиргим келеди:

Мақтымқулы - руўхы-жаны түркменниң,

Тамырында ағар қаны түркменниң.

Мақтымқулы - сулыў жүзи түркменниң,

Дүньяларды көрер көзи түркменниң.

Мақтымқулы -жан ҳәм тәни түркменниң,

Ай, шексиз кең Ўатаны түркменниң".

Ҳәр қыйлы жылларда бул таңлаў жеңимпазлары болған - қарақалпақстанлы Шаҳзода Каримбаева, самарқандлы Моҳинисо Шомуродова Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықты да қолға киргизген. Самарқандлы еки билимли жас - Маҳлиё Ўроқова, Шоҳсанам Холбоева "Келажак бунёдкори" медалы менен, әндижанлы жас китапқумар Фотимахон Мамталиева "Шуҳрат" медалы менен сыйлықланған. Булар китапқумар жаслардың талантлары ҳәм зийрекликлери қызғын қоллап-қуўатланып атырғанынан дәрек береди.

Шынында да, инсанияттың уллы ойлап табылыўы - китаптың мәнис-мазмуны, әҳмийети ҳаққында қызғын пикир таласлар, китапқумарлық илажлары елимизде ағартыўшылық байрамларына айланып бармақта!

Илимди қәдирлең, илимге умтылың

Төрешилер қурамы ағзасы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Эшқобил Шукур таңлаў қатнасыўшыларына ақ жол тилеп:

"Мен сизиң жасыңызда, яғный 9-10-класта әдебият пәнинен республикалық таңлаўды жеңип алдым ҳәм тек ғана бир "Ҳүрмет жарлығы" менен сыйлықландым, ҳеш қандай саўға ямаса гүл қосып бермеди. Ол ўақытлары усы еки бет қағазға да жүдә сүйсинген екенбиз. Сизлерге берилген жеңилликлер, Президент саўғалары, ақшалай сыйлықлар жаңа Өзбекстан перзентлерине көрсетилген үлкен итибар. Еле оқып атырған, ислеп атырған оқыў орынларыңызда да сизди қанша сыйлықлар күтип тур. Ең үлкен сыйлық болса ата-анаңыз, устазларыңыздың исенимин ақлағаныңыз болады. Бириңиз илимпаз, бириңиз жазыўшы, бириңиз басшы, бириңиз устаз болып ҳүрмет көресиз, тек излениўден тоқтамаң, оқыўдан тоқтамаң, әзиз балалар!

Мәмлекетимиз басшысы бийкарға: "Өз тәжирийбемнен келип шығып, сизлерге айтатуғын мәсләҳәтим усы: илимди қәдирлең, илимге умтылың! Бир секунд ўақытыңыз да бийкар өтпесин! Жаслық - өмирдиң ең бийбаҳа дәўири. Илим ҳәм билим - отта жанбайтуғын, суўда батпайтуғын, ҳеш ким сизден тартып ала алмайтуғын байлық екенин ҳасла умытпаң!" демеген".

Белгили шайырдың жақсы нийетлеринен руўхланған шоманайлы Темурбек Сәрсенбаев қарақалпақ шайыры Ибрайым Юсуповтан заўықланып қосық оқыды:

Әмиў! Жоқ, бул сөзди басқа сөзлердей,

Жай парахат тыңлап, айталмас халқым!

Әмиў болмағанда бул жерди биз де

"Қарақалпақстан" демес ек бәлким!

***

Ағартыўшы миллеттиң данышпанлық кәрўанлары, пикирлеў кәрўанлары нурлы мәнзиллерге қарай қәдем таслай береди. Шынында да, бул кәрўанлардың бәндиргилерин меҳир шырақлары менен жақтыртып турған кәрўан басылары бар.

Китап адамзат тарийхында прогресс ҳәм раўажланыўдың ең әҳмийетли ҳәрекетлендириўши күши болып келген ҳәм сондай болып қалады.

Сайёра ТЎЙЧИЕВА,

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы