Биринши мысал

"Мен ҳәр күни орташа 6 саат интернетте отыраман. Ҳәр түрли вайнларды тамаша етип ўақыт өткеремен. Әдетте күнниң қалай өткенин сезбей де қаламан". Бул - биз өткерген семинарда 10-класс оқыўшысының айтқан гәпи.

- Яқшы, сонша ўақтыңды телефонда өткеретуғын болсаң, айт-шы, қаншасы пайдалы? Мәселен, шет тиллерин үйрететуғын қосымшалар бар, бийпул Ай-Ти сабақлары бар, - деп сорайман жигиттен.

- Ҳәй, пайдалы нәрсе жоқ, изли-изинен шыққан қысқа видеоларды тамашалап отыраман.

Екинши оқыўшының да қанша ўақыты интернетке жумсалыўы менен қызықсындық.

- Орташа 5-6 саат интернетке жумсайман. Бирақ соннан бир саатқа жетер-жетпес ўақтым пайдалы контентлер көриўге кететуғын шығар.

Жойбар шеңберинде жаслардың пикирин үйренгенимизде көпшилик ўақтын бийкарға өткерип атырғанының гүўасы болдық. Ҳақыйқатында да киши жастағы балалардан баслап кексе әўлад ўәкиллерине шекем интернет тармағында саатлап ўақыт жумсайтуғыны бүгин әйне ҳақыйқат. Жойбар даўамында китап оқыў ушын қанша ўақыт сарыпланатуғыны менен қызықсындық. Тилекке қарсы, жүдә аз ўақыт ажыратылады ямаса көпшилик улыўма китап оқымайды. Газета ҳәм журналларды айтпаса да болады.

Екинши мысал

- Жумыс орным менен үйим арасында - 60 километр. Аралық узақ болғанлықтан жумысқа ерте атланаман, кеште кешлеў қайтыўға туўра келеди. Үйге келгеннен кейин, перзентлерим менен мектепте қандай темалар өтилгени, күни қандай өткени ҳаққында сөйлесемен. Үйге берилген тапсырмаларды, тапсырмаларды орынлап болған-болмағаны ҳаққында сорайман. Шаршасам да китап оқыўға ўақыт ажыратаман, бираз оқып, соң күнди жуўмақлайман. Себеби балалар ата-анасынан үлги алады, оларға уқсаўға умтылады.

Үшинши мысал

Фарида жылап атырған кишкене баласына үлкениниң қолындағы телефонды алып берди. Бала демде жылаўын тоқтатты, кишкене бармақлары менен телефонды шуқлап кирисип кетти. Енди үлкен баласы өжетлене баслады. Фарида оны да тынышландырыў ушын қолына планшет услатты. Еки бала да тынышланғаннан кейин, ана ишки бөлмеге кирип, өзи де телефонға "сүңгип кетти".

Төртинши мысал

- Хызмет сапары менен Японияға бардық. Азанда метродан шығыўым менен узыннан-узақ нәўбетте турғанларға көзим түсти. "Жақсы зат сатылып атырған шығар. Мен де үйге алып кетейин", деген ойда гезекте турдым. Нәўбетим келип, қарасам киоскада газетаның жаңа саны сатылып атыр екен. Япониялылар қайсы кәсипте ислеўине қарамастан, азанда газеталардың жаңа санын оқыўды дәстүрге айландырған.

Жуўмақ шығарыўға асығайық

Мәмлекетимиз халқының дерлик 60 проценти - жаслар. Сонлықтан, жаслар мәселеси мәмлекетимиз сиясатында стратегиялық әҳмийетке ийе. Елимизде соңғы 8 жылда жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған 120 ға шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Раўажланыўымыздың ҳәзирги басқышында жаслардың сиясий-ҳуқықый мәденияты ҳәм социаллық санасының өсип барыўы, жәмийетти демократияластырыў ҳәм либералластырыў процесиниң жедел раўажланыўы, жас әўладтың илим, спорт тараўында ерисип атырған жетискенликлери бул тараўдағы реформаларды жаңа басқышқа көтериў ушын зәрүр шараятты жүзеге келтирмекте. Себеби, саламат, билимли ҳәм мәдениятлы жаслар ғана мәмлекеттиң раўажланыўы ҳәм келешегин белгилеп береди.

Биз перзентлеримиздиң санасында миллий мақтаныш пенен бирге улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин камалға келтириў мақсетинде оларды заманагөй билим ҳәм дүньяқарас, дәраматлы кәсип ийелери етип тәрбиялаў, илим, мәлимлеме технологиялары, руўхыйлық, көркем өнер ҳәм әдебият, спортқа жақынластырыў ушын бар күш ҳәм имканиятларды жумсамақтамыз.

Бүгин интернет әлеминде еки полюс бар. Бири - жақсылық. Ол инсан камалға келиўи ушын хызмет етип, аўырын жеңиллестиреди. Екиншиси болса оған қарама-қарсы, яғный ҳәр қандай руўхый тәрбияны езип, жоқ етиўге таяр турған полюс. Адамзат мине усы еки полюс арасында турыпты.

Көпшилик, әсиресе, жаслар өзлери билип-билмей адасып, түрли жолларға кирип қалмақта. Буған тийкарғы себеп те интернет тармақларындағы болар-болмас, алжасық мағлыўматлар болып табылады. Биз балаларымыздың телефонын тексерип турыўымыз керек, әлбетте. Олардың исеним ҳәм көзқарасларын жақсылық нуры менен қорғай алыўымыз зәрүр. Жоқарыдағы мысалларда келтирилгениндей ул-қызлар арасында китап оқыйтуғынлар оқыўшылар аз. Себеби мәҳәлледе, көшеде, жәмийетлик орынларда, мектеплерде, жоқары оқыў орнында, үйде, қулласы, ҳәмме-ҳәмме жерде телефон менен әўере болып отырғанларды ҳәр қәдемде ушыратамыз. Жатқанда да, турғанда да телефон қасында. Бүгин интернет әлемине кирип кеткен жаслар нелер көрип атырғаны менен бәршемиз қызығыўымыз, оларды дурыс жолға бағдарлаўымыз керек. Ертең кеш болады.

Медиа әлеминде орынсыз, қәўип-қәтерге толы, жаўызлық ҳәм әдепсизликти үгит-нәсиятлайтуғын сүўретлер, роликлер, миллий телеэкран арқалы болса эфирге оғада уятсыз, тәрбиялық әҳмийети жоқ сериаллар узатылмақта. Бул жағдайға халықтың руўхый раўажланыўы ушын үлкен қәўип сыпатында қараў керек. Тамашагөйдиң қәлб көзин соқыр ететуғын бундай медиа ҳәм экран өнимлерине бийпәрўа қараўдың өзи де миллет келешегине қыянет емес пе? Миллий қәдириятлар ҳәм әдеп-икрамлылық түсиниги көп нәрседен үстин.

Пикиримиздиң дәлили сыпатында дүнья жүзи бойынша алынған статистикаға итибарыңызды қаратамыз. Бүгин жер жүзиндеги 5,17 миллиард адам социаллық тармақлардан пайдаланады. Бул дүнья мәмлекетлери халқының 62,6 процентин қурайды. Бул көрсеткиш ҳәр жылы 3,4 процентке артып бармақта екен.

Китап оқыў бойынша болса жағдай аўыр. Бүгинги әўлад газета оқыў заўқын түсинбейди. Жақында қәнигелестирилген мектеп оқыўшылары менен ушырасып, сәўбетлесиўге туўра келди. Биз көбирек китап оқыў, газета оқыў ҳаққында олардың пикирин еситтик. Оқыўшылар арасында китап оқыўшылардың көплигин көрип кеўлимиз көтерилди. Бирақ газетаға нәўбет келгенде бирде-бири жақын ярым жылда газета оқымағаны мәлим болды. Тек бир қыз мақаласы басылғаны ушын газета оқыған.

Әтирапымызға нәзер тасласақ, китапқумар мәмлекетлер бир талай. Бизиң олардан қай жеримиз кем? Бизлер де китап оқысақ жаман ба? Билимли болыў ушын да китап оқыўымыз керек.

Раўажланыўға қәдем атар екенбиз, көбирек китап оқыў, илим үйрениў, ең тийкарғысы, мәмлекетимиз тәрепинен жаслар ушын берилген имканиятлардан үнемли пайдаланыў керек.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы