Халықты гүриш пенен үзликсиз тәмийинлеў ушын:
Қубла Кореяның KOPIA орайы менен бирге ислесиў жойбары шеңберинде салы жетистириў тараўындағы халықаралық қәнигелерди тартыў режелестирилген;
салы жетистириўде қолланылатуғын заманагөй ресурс үнемлейтуғын аўыл хожалығы техникалары ҳәм агрегатларын алып келиў ҳәм Салыгершилик илимий-изертлеў институтында сынақтан өткериў тәмийинленеди;
2025-2028-жыллары Жәҳән банки қаржылары есабынан Салыгершилик илимий-изертлеў институты ҳәм Филиппиндеги Халықаралық салыгершилик илимий-изертлеў институты (IRRI) арасындағы әмелий бирге ислесиў жойбары шеңберинде маркерли селекция усылы менен салының жаңа суўды аз талап ететуғын ҳәм жоқары өнимдарлы сортлары менен гибридлерин жаратыў бойынша илимий-изертлеў жумыслары алып барылады;
2025-2027-жыллары Египет пенен биргеликте суўды аз талап ететуғын, жоқары температураға шыдамлы, сондай-ақ, Непал менен биргеликте төмен температураға шыдамлы, жоқары өнимдарлы салы сортлары жаратылады.
Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 03.07.2025-жылдан күшке кирди.









