Бул қәўипсизликтиң алдын алыў сыпатында әмелге асырылмақта.

Пикир тез ерийтуғын сүтли ҳәм ашытылған сүттиң қурғақ араласпалары, сондай-ақ, аминокислоталар тийкарындағы арнаўлы емлеў қурғақ араласпаларының айырым партияларына тийисли.

Атап айтқанда, төмендеги өнимлер шақырып алынады:

NAN 1 OPTIPRO  - айырым партиялар;

NAN 2 OPTIPRO  - айырым партиялар;

NAN Kislomolochniy (0-12 ай) - 1 партия;

NAN Supreme  (0-12 ай) - 1 партия;

ALFARÉ Amino - бөлек партиялар.

Атап өтилиўинше, Nestle компаниясы сыртқы жеткерип бериўшиден алынған шийки зат (арахидон кислотасы) қурамында цереулид токсининиң болыўы мүмкинлиги менен байланыслы қәўипти анықлаған. Усы мүнәсибет пенен компания глобал көлемде айырым партияларды ықтыярлы түрде шақырып алыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Бул ингредиенттиң муғдары оғада аз ҳәм Өзбекстанда азық-аўқат өнимлеринде цереулид токсининиң муғдары бойынша нормативлик талаплар жоқ. Соған қарамастан, мүмкин болған қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мақсетинде компания 2026-жыл 5-январьдан усы илажды әмелге асырыўға кириспекте.

Nestle Food  бул ҳаққында тийисли тәртипке салыўшы уйымларды хабардар етип, тутыныўшыларға барлық зәрүр мағлыўматларды бериўге таяр екенин билдирди.

Көрсетилген партиялардағы өнимлерди сатып алған тутыныўшылар кәрхана тәрепинен белгиленген тәртипте қайтарыўы мүмкин. Қосымша мағлыўмат алыў ушын тутыныўшыларды қоллап-қуўатлаў хызметиниң +998 78 120 20 55 телефон номерине мүрәжат етиў усыныс етилген.

Атап өтилиўинше, қайтарып алыў тәртиби тек ғана жоқарыда атап өтилген шекленген партияларға тийисли болып, Өзбекстанда сатылып атырған Nestle компаниясының басқа партиялары ҳәм басқа да балалар азық-аўқат өнимлерине тийисли емес.